← Назад
Решение #2877868 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1934-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 17-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер **ның
жуўапкер «**» ЖШЖнен 2 094 547,44 сом ижәра төлемин, 675 755,76 сом пеня,
төленген суд қәрежетин өндириў, 2024-жыл 24-декабрь күни дүзилген
1016338/123-24-санлы ижәра шәртнамасын бийкарлаў, бес күн ишинде ижара
объектин тапсырыў миннетлемесин жүклеў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм
қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер ** жуўапкер «**» ЖШЖнен 2 094 547,44 сом ижәра төлемин,
675 755,76 сом пеня, төленген суд қәрежетин өндириўди, 2024-жыл 24-декабрь
күни дүзилген 1016338/123-24-санлы ижәра шәртнамасын бийкарлаўды, бес күн
ишинде ижара объектин тапсырыў миннетлемесин жүклеўди сораған.
Судтың 2025-жыл 07-октябрь күнги уйғарыўы тийкарында ** даўа
предметине өз алдына ғарезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс
сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисине даўагер ўәкили келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд
мәжилисинде даўаның талаплары тийкарлы болыўы себепли оны
қанаатландырыўды сораған.
Жуўапкер ҳәм үшинши шахс ўәкиллери суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд палата
ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд,
ис
ҳүжжетлерин
үйренип,
даўа
арзаны
қысман
қанаатландырыўды мақул табады.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери ижәра шәртнамасынан келип
шыққан.
ПК 535-статьясына муўапық, мүлк ижәра шәртнамасы бойынша ижәраға
бериўши ижәраға алыўшыға ҳақы есесине мал-мүлкти ўақтынша ийелик етиў
ҳәм пайдаланыў яки пайдаланыў ушын тапсырыў миннетлемесин алады.
ПК 544-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлерине муўапық, ижәраға
алыўшы мал-мүлктен пайдаланғанлық ушын ҳақыны өз ўақтында төлеп турыўы
шәрт.
Мал-мүлктен пайдаланғанлық ушын ҳақы төлеў тәртиби, шәртлери ҳәм
мүддетлери мүлк ижәрасы шәртнамасы менен белгиленеди.
2
Ис материалларына қосылған ҳүжжетлерге қарағанда даўагер ҳәм
жуўапкер орталарында 2024-жыл 24-декабрь күни мәмлекет мүлкин ижәраға
бериў ҳаққындағы 1016338/124-санлы шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға көре,
истеги үшинши шахс-баланста сақлаўшыға тийисли имаратының 16 кв.м. болған
орны жуўапкерге ижәраға берилген.
Тәреплер ҳәм баланста сақлаўшы орталарында қосымша дүзилген
келисимлерде ҳақы төлеў ҳәм мүддетлери шешилген.
Жуўапкер тәрепинен шәртнама миннетлемелери лазым дәреже
орынламағанлығы себепли даўагер ижәра шәртнамасын бийкарлаў, бес күн
ишинде ижәра объектин тапсырыў миннетлемесин жүклеў ҳәм 2 094 547,44 сом
ижәра төлемин, 675 755,76 сом пеня өндириў ҳаққындағы талаплары менен судқа
мүрәжат еткен.
Иске қосылған ҳүжжетлерде даўаның 2 094 547,44 сом өндириў талабы
тийкарлы табылады. Себеби қарызды төлеў ҳаққындағы даўагер талапнамасы
жуўапсыз қалған. Бул жағдайлар истеги шәртнама, есабат ҳәм басқа да
ҳүжжетлер менен тастыйықланады.
ПК 539-статьясы екинши бөлимине көре, көшпес мүлк ижәрасы
шәртнамасы мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи лазым.
ПК 112-статьясы биринши бөлимине көре, питимниң нотариал формасына
яки оны мәмлекетлик дизимнен өткериў талабына әмел етпеў питимниң
ҳақыйқый емеслигине себеп болады. Бундай питим өз-өзинен ҳақыйқый
болмайды.
Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2011-жыл
01-декабрь күнги «Мүлк ижарасы шәртнамасына байланыслы пуқаралық нызам
ҳүжжетлери нормаларын экономикалық судлар тәрепинен қолланыўдың айырым
мәселелери ҳаққында»ғы 234-санлы Қарарының 10-бәнтинде, ижәра шәртнамасы
ҳақыйқый емес деп табылғанда, Пуқаралық кодексиниң 114-статьясында нәзерде
тутылған ақыбетлер қолланылады ҳәм тәреплердиң ҳәр бири басқасына
шәртнама бойынша алған барлығын қайтарып бериўге мәжбүр. Ижәрашының
алған заты мүлктен пайдаланыўда көрсетилгенлиги ушын ол пайдаланыў қунын
пул менен қайтарыўы шәрт. Бунда пайдаланыў баҳасы ижәра шәртнамасында
белгиленген ижәра ҳақысының муғдарынан келип шығып анықланады,
шәртнамада ижәра ҳақысының муғдары нәзерде тутылмаған жағдайларда болса
пайдаланыў баҳасы Пуқаралық кодексиниң 356-статьясына муўапық
анықланады, деп түсиндирилген.
Ис ҳүжжетиндеги Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан
Республикасы басқармасының 2025-жыл 14-октябрь күнги 01/10-8991-санлы
хатында даўадағы ижәра шәртнамасы мәмлекетлик дизимнен өтпегенлиги
көрсетилген.
Бундай жағдайда шәртнама өз-өзинен ҳақыйқый емес деп есапланады.
Шәртнама өз-өзинен ҳақыйқый болмағанлығы себепли даўагердиң пеня
өндириў талабы, 2024-жыл 24-декабрь күни дүзилген 1016338/123-24-санлы
ижәра шәртнамасын бийкарлаў ҳәмде бес күн ишинде ижара объектин тапсырыў
миннетлемесин жүклеў талаплары тийкарсыз есапланады.
Солай етип, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына 2 094 547,44 сом ижәра төлемин, 41 200 сом почта қәрежетин
3
өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул
тапты.
ЭПК 118-статьясы үшинши бөлимине муўапық, даўагер төлеўден
белгиленген тәртипте азат етилген мәмлекетлик бажы, егер жуўапкер бажы
төлеўден азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес рәўиште жуўапкерден республика бюджети пайдасына өндириледи.
Суд даўаның тийкарлы бөлеги есабынан республика бюджетине 412 000
сом мәмлекетлик бажы өндириўди, даўаның тийкарсыз пеня бойынша даўагер
мәмлекетлик бажыдан азат етилгенлиги себепли мәмлекетлик бажы өндирмеўди
лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118,
176-179 статьяларын қоллап, суд
ҚАРАР
ЕТТИ:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Беруни районы «**» ЖШЖнен **ның пайдасына 2 094 547,44 сом ижәра
төлеми, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
«**» ЖШЖнен республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў
(прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов