← Назад
Решение #2877972 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1942-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 17-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Нөкис
қаласы прокурорының жәрдемшиси **, даўагер ўәкили ** (2025-жыл 06-март
күнги ЖЕ-02-06/395-10-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили **
(2025-жыл 17-октябрь күнги исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер
«**» АЖниң жуўапкер **нен 2 294 400 сом қарыз өндириў ҳаққындағы даўа
арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер «**» АЖти жуўапкер **нен 2 294 400 сом қарыз өндириўди
сораған.
Судтың 2025-жыл 07-октябрь күнги уйгарыўы менен Қарақалпақстан
Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәмде Өзбекстан
Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылық
хызмети комитети Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети
басқармасы даўа предметине өз алдына ғарезсиз талаплар менен арыз
етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талаплары тийкарлы болыўы
себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисинде қарызды тән алатуғынын, оны қысқа мүддет
ишинде төлеў иләжлары көрилетуғынын билдирип, нызамлы шешим қабыл
етиўди сорады.
Прокурор суд мәжилисинде даўа арзаны қанаатландырыў лазым екени
ҳаққындағы пикирин билдирди.
Үшинши шахслар суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд палата
ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң
түсиниклерин, ўәжлерин ҳәм прокурор пикирин тыңлап, даўаның
талапларын қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясы
шәртнамасынан келип шыққан.
ПК 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына муўапық
энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў мәжбуриятын алады, абонент болса қабыл
қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
мәжбуриятын алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында
2024-жыл 01-январь күни 161708-санлы электр энергиясы менен тәмийинлеў
ҳаққындағы шәртнама дүзилген.
Шәртнаманың 3.6-бәнтинде электр энергиясы ушын алдын ала 50%
төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен
тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Анықланыўынша, жуўапкерге тийисли электр есаплағышында клемма
қақпағында пломба жоқ екенлиги бойынша Өзбекстан Республикасы
Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм
газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы, Қарақалпақстан Республикасы
ишки ислер министрлиги хызметкерлери ҳәм жуўапкер ўәкили қатнасында
2024-жыл 22-октябрь күни акт дүзилген. Бул акт жуўапкер ўәкили тәрепинен
имзаланбаған.
Сондай-ақ, сол күни өз адына дүзилген актке көре Өзбекстан
Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 18-январь күнги «Электр
энергиясы ҳәм тәбиғый газден пайдаланыў қағыйдаларын тастыйықлаў
ҳаққында»ғы 319-санлы қарары менен тастыйықланған қағыйдасының
133,142-бәнтлерине тийкар жәми 2 294 400 сом есапланған.
Дүзилген актке тийкар тийисли төлемди әмелге асырыў ҳаққындағы
даўагердиң 2025-жыл 28-август күнги талапнамасы жуўапкерге почта
байланыс бөлими арқалы жиберилген, бирақ төлемлер әмелге асырылмаған.
Бул жағдайда даўаның қарыз өндириў талабы тийкарлы табылады. Себеби
электр энергиясы ушын есап-китап әмелге асырылыўы бойынша тәреплер
орталарындағы шәртнаманың 3.10-бәнтинде көрсетилген.
Солай етип, суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўаның талабын
тийкарлы таўып, жуўапкерден даўагер пайдасына 2 294 400 сом қарыз, 41 200
сом почта қәрежетин өндириўди мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талабы қанаатландырылсын.
**нен «**» АЖниң пайдасына 2 294 400 сом қарыз, 41 200 сом почта
қәрежети өндирилсин.
**нен мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов