Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/2001 Дата решения 16.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID d061e266-9706-48c1-beab-97894aede7f3 Claim ID PDF Hash c80a32d28b568b8b... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2001-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2025-жыл 16-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер ***ның жуўапкер "***" фермер хожалығына қарата алды-сатты шәртнамасын бийкар етиў, жуўапкерден 9 750 000 сом жәрийма өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер *** (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" фермер хожалығы (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)на қарата алдысатты шәртнамасын бийкар етиўди, жуўапкерден 9 750 000 сом жәрийма өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 3-октябрь күнги уйғарыўы менен *** даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған даўагер, жуўапкер, үшинши шахс суд мәжилисине келмеди. Даўагер өз даўа арзасында исти өз ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди сораған. Сонлықтан, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар даўагер, жуўапкер, үшинши шахс ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди лазым тапты. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги тийкарларға көре даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда – ПК)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери алды-сатты шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПК 333-статьясы биринши бөлимине тийкар, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын, егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлаў ушын өзине байланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе, ол айыпсыз деп табылады. ПКниң 382-статьясы екинши бөлими 1-бәнтине көре, екинши тәреп шәртнаманы қопал рәўиште бузса, шәртнама тәреплердиң бириниң талабы менен суд тәрепинен өзгертилиўи яки бийкар етилиўи мүмкин. ПКниң 384-статьясы екинши бөлимине тийкар, бир тәреп шәртнаманы өзгертиў яки бийкарлаў ҳаққындағы усынысқа екинши тәрептен қарсы жуўабы алғаннан кейин яки усыныста көрсетилген ямаса нызамда, болмаса шәртнамада белгиленген мүддетте, бундай мүддет болмаса - отыз күнлик мүддетте жуўап алмағанынан кейин шәртнаманы өзгертиў яки бийкарлаў ҳаққындағы талапты судқа усыныўы мүмкин. ПКниң 385-статьясы үшинши бөлимине муўапық, шәртнама өзгертилген яки бийкар етилген жағдайда, егер келисимнен яки шәртнаманы өзгертиў өзгешелигинен басқаша тәртип аңласылмаса, тәреплер шәртнаманы өзгертиў яки бийкар етиўге келискен ўақыттан баслап, шәртнама суд тәртибинде өзгертилген яки бийкар етилгенде болса - судтың шәртнаманы өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы қарары нызамлы күшке кирген ўақыттан баслап миннетлемелер өзгертилген яки бийкар етилген есапланады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер, үшинши шахс орталарында 2024-жыл 11-март күни инвестиция ҳәм социаллық миннетлемелер менен сатыў ҳаққындағы 745465/123-23-санлы алды-сатты шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 1.1-бәнтине тийкар, Тақыятас районы, «Жаңа макан» АПЖ, Ақпан көшеси 60-а үйде жайласқан «Бурынғы қадағалаў пункти» имаратын сатыўшы - даўагер инвестиция ҳәм социаллық миннетлемелер менен қарыйдарға - жуўапкерге сатыўға, ал сатып алыўшы - жуўапкер сатып алыўға келискен. Шәртнаманың 3.1-бәнтинде, объект баҳасы 65 000 000 сомды қураған ҳәмде закалат пулы 3 250 000 сомды, объект баҳасының дәслепки 35% яғный, 22 750 000 сомның төлениўи 2024-жыл 11-апрель күнине шекем болып белгиленген. Сондай-ақ, қалған 65% яғный, 42 250 000 сом белгиленген кесте бойынша төлениўи нәзерде тутылған. Жуўапкер тәрепинен 2025-жыл 1-сентябрь күнине кесте бойынша төлеўи керек болған төлемнен 10 291 666,70 сом қарыздарлық пайда болған ҳәм төлем кешиктирилген дәўир ушын жуўапкерге 2 057 761,91 сом пеня есапланған. Сондай-ақ, жуўапкер тәрепинен дәслепки 35 % төлем кешиктирилгенлиги себепли жуўапкерге 8 756 372,54 сом пеня есапланган. Буннан тысқары, жуўапкер тәрепинен шәртнаманың 5-бөлиминде белгиленген мүддетте яғный 2025-жыл 31-марттан кешиктирместен инвестиция киритиў миннетлемеси орынланбаған. Даўагер тәрепинен жуўапкерге қарыздарлық ҳәм есапланған пеняны төлеў бойынша 2025-жыл 13-февраль күни ҳәм 2025-жыл 23-июнь күнлери талапнама жиберилген. Буннан тысқары, даўагер тәрепинен жуўапкерге 2025-жыл 26-февраль күни қарыздарлықты төлеў ҳәм мәселени шешиў ушын медиация усылын қоллаў ҳаққында, 2025-жыл 1-июль күни болса жуўапкер тәрепинен шәртнама бойынша миннетлемелери бузылып атырғанлығы себепли шәртнаманы өз-ара келисим жолы менен бийкар етиў ҳаққында усыныслар жиберилген. Лекин, даўагер тәрепинен жиберилген талапнама ҳәм усыныслар ақыбетсиз қалдырылған. Нәтийжеде, даўагер шәртнаманы бийкар етиў ҳәм жәрийма өндириў талаплары менен судқа мүрәжат еткен. Шәртнаманың 7.3-бәнтине көре, сатып алыў төлемлери белгиленген мүддетлерде төленбеген жағдайда қарыйдар ҳәр бир кешиктирилген күн ушын өз ўақтында төленбеген төлемлердиң 0.4% муғдарында, лекин өз ўақтында төленбеген төлем суммасының 50% аспаған муғдарда сатыўшыға пеня төлейди. Бунда төлеў мүддети өтип кеткен қәлеген аралық дәўир тамамланғаннан кейин 3 ай даўамында қарыйдар тәрепинен сатып алыў төлемлери, сондай-ақ, пенялар төлемесе, сатыўшы бул шәртнаманы бир тәреплеме тәртипте бийкар етиўге ҳақылы. Бундай ҳалларда сатыўшы сатып алыў төлемлериниң 15% муғдарында қарыйдарға жәрийма қоллайды. Шәртнаманың 7.5-бәнтине көре, усы шәртнаманың 5-бөлиминде нәзерде тутылған мүддетлер тамамланғаннан кейин қарыйдар тәрепинен үш ай ишинде усы шәртнамада нәзерде тутылған көринислерде ҳәм көлемде инвестиция ҳәм социаллық миннетлемелери орынланбаған (яки лазым дәрежеде орынланбаған) жағдайда сатыўшы усы шәртнаманы белгиленген тәртипте бийкар етиўге ҳақылы. Бунда сатыўшы сатып алыў төлемлериниң 15% муғдарында қарыйларға қарата жәрийма қоллайды. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, жуўапкер тәрепинен төлемлерди төлеў миннетлемелери, инвестиция ҳәм социаллық миннетлемелери, жиберилген талапнама ҳәм усыныстағы талаплар орынланбаған. Суд даўагердиң шәртнаманы бийкар етиў ҳәм 9 750 000 сом жәрийма өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды. Сонлықтан, даўагердиң шәртнаманы бийкар етиў талабын қанаатландырыўға жатады. ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги түсиндирилген. Сонлықтан, суд жәрийманың толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, жәрийма муғдарын кемейтириўди ҳәм 1 365 000 сом жәрийма өндириўди мақул табады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерге тийкар, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, тәреплер, үшинши шахс орталарында 2024-жыл 11-март күни дүзилген инвестиция ҳәм социаллық миннетлемелер менен сатыў ҳаққындағы 745465/123-23-санлы алды-сатты шәртнамасын мүддетинен алдын бийкар етиўди, жуўапкерден даўагер пайдасына 1 365 000 сом жәрийма, 41 200 сом төленген почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды, республика бюджетине жуўапкерден 4 532 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. ***, "***" фермер хожалығы, *** орталарында 2024-жыл 11-март күни дүзилген инвестиция ҳәм социаллық миннетлемелер менен сатыў ҳаққындағы 745465/123-23-санлы алдысатты шәртнамасы мүддетинен алдын бийкар етилсин. Жуўапкер "***" фермер хожалығынан *** пайдасына 1 365 000 сом жәрийма, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер "***" фермер хожалығынан республика бюджетине 4 532 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине толғаннан соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов