← Назад
Решение #2878923 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2021-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья С.Ниязов
УЙҒАРЫЎ
(арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында)
2025-жыл 16-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы С.Ниязов,
П.Шыныбековтың хаткерлигинде, арза бериўши ***ның қарыздар
"***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетин әпиўайыластырылған процедура
бойынша банкрот деп табыў ҳаққындағы арзасына тийкар қозғатылған
экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
НЫҚЛАДЫ:
Арза бериўши *** (буннан кейин текстте арза бериўши деп жүритиледи)
судқа арза менен мүрәжат етип, қарыздар "***" жуўапкершилиги шекленген
жәмийетин
(буннан
кейин
текстте
қарыздар
деп
жүритиледи)
әпиўайыластырылған процедура бойынша банкрот деп табыўды сораған.
Арза бериўши суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли
тәртипте хабардар етилгенлигине қарамастан суд мәжилисине келмеди, исти
өзиниӊ қатнасыўысыз көрип шығыўды сорап илтимаснама бермеди.
Қарыздар суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 107статьясының 6-бәнтине муўапық, даўагер биринши суд мәжилисине келмесе
ҳәм исти өзиниӊ қатнасыўысыз көриўди сорамаған болса, даўа арза көрместен
қалдырылады.
Бул жағдайда, арза кѳрместен қалдырылыўы лазым.
Өзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы
Нызамның 9-статьясы 12-бәнтине муўапық, мәмлекетлик салық органлары
мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген.
Сонлықтан, суд арзаны көрместен қалдырыўды, арза бериўши
мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилгенлиги себепли мәмлекетлик бажы
өндирмеўди, 41 200 сом төленген почта қǝрежетин арза бериўшиниң мойнында
қалдырыўды лазым табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 107,
108, 195-статьяларын басшылыққа алып, суд
УЙҒАРДЫ:
Арза көрместен қалдырылсын.
Уйғарыў бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм уйғарыўға наразы
тәреп усы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир ай ишинде Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда
белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов