Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/1005 Дата решения 16.10.2025 Инстанция Апелляция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID c7fbc80a-7846-42c5-a816-605f033d1556 Claim ID PDF Hash e2a34021ad2f16be... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1005-санлы экономикалық ис Исти биринши инстанцияда көрген судья – Г.Арзиева Апелляция инстанциясында баянатшы судья – У.Сабиров ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ АПЕЛЛЯЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы 2025 жыл 16 октябрь Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы судья Г.Зарипованың басшылығында, коллегия ағзалары судьялар А.Аяпов ҳәм У.Сабировлардан ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси А.Ажибековтиң хаткерлигинде, даўагерлер ўәкили – адвокат С.С (исеним хатлар ҳәм ордерлер тийкарында), жуўапкер Өзбекстан Республикасы “O’zb kist n S n t-qurilish B nk” АКБ ўәкили – М.А (исеним хат тийкарында), үшинши шахс «Qq” акционерлик жәмийети көтере аймақлық базасы ўәкили – жәмийет баслығы М.Алардың қатнасыўында, “Q r q l q g sh-sut s wd ” акционерлик жәмийети көтере аймақлық базасы акционерлери “U” жеке меншик кәрханасы, «G” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәмде жеке тәртиптеги исбилермен « ”лардың жуўапкерлер Нөкис қаласы 2санлы мәмлекетлик нотариал кеңсеси нотариусы Ж.Э ҳәм “O’zb kist n S n tqurilish B nk” АКБ Қарақалпақстан Республикасы филиалына қарата, “O’zb kist n S n t-qurilish B nk” АКБ Қарақалпақстан Республикасы филиалы, «Qq” акционерлик жәмийети көтере аймақлық базасы ҳәмде «B” жуўапкершилиги шекленген жәмийети орталарында 2019 жыл 24 декабрь күни дүзилген ҳәмде Нөкис қаласы 2-санлы мәмлекетлик нотариал кеңсеси нотариусы Ж.Э тәрепинен тастыйықланған KSh № 004482 QR-санлы ипотека шәртнамасын ҳақыйқый емес деп табыўды сораған даўа арзасы жүзесинен жүритилген экономикалық ис бойынша Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 2 сентябрь күнги шешиўши қарарына наразы болып даўагерлер “U” жеке меншик кәрханасы, “G” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәмде жеке тәртиптеги исбилермен “ ”лардың берген апелляциялық шағымын көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагерлер “U” жеке меншик кәрханасы, “G” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәмде жеке тәртиптеги исбилермен “ ” (буннан кейинги текстте даўагерлер деп жүритиледи) жуўапкерлер Нөкис қаласы 2-санлы мәмлекетлик нотариал кеңсеси нотариусы Ж.Э (буннан кейинги текстте жуўапкер нотариус деп жүритиледи) ҳәм “O’zb kist n S n t-qurilish B nk” АКБ Қарақалпақстан Республикасы филиалы (буннан кейинги текстте банк филиалы деп жүритиледи)на қарата, судқа даўа арзасы менен мүрәжат етип, банк, “Qq” акционерлик жәмийети көтере аймақлық базасы ҳәмде “B” жуўапкершилиги шекленген жәмийети орталарында 2019 жыл 24 декабрь күни дүзилген ҳәмде жуўапкер нотариус тәрепинен тастыйықланған KSh № 004482 QR-санлы ипотека шәртнамасын ҳақыйқый емес деп табыўды сораған. 2 Биринши инстанция судының 2025 жыл 23 май күнги уйғарыўы менен Қаракалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы “O’zb kist n S n t-qurilish B nk” АКБ (буннан кейинги текстте банк деп жүритиледи) қосымша жуўапкерлер сыпатында, “Qq” акционерлик жәмийети көтере аймақлық базасы даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында, 2025 жыл 10 июнь күнги уйғарыўы менен “Qq” акционерлик жәмийети көтере аймақлық базасы ҳәм “B” жуўапкершилиги шекленген жәмийети қосымша жуўапкер сыпатында иске тартылған. Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 2 сентябрь күнги шешиўши қарары менен даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылып, даўаның банк филиалына қарата берилген бөлеги өндиристен қысқартылған. Даўагерлерден республика бюджетине солидар тәртипте 3.750.000 сом мәмлекетлик бажы ҳәмде даўагер “U” жеке меншик кәрханасынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103.000 сом суд қәрежети өндирилген. Даўагерлер шешиўши қарарға наразы болып апелляциялық шағым берип, апелляциялық шағымында шешиўши қарарды бийкар қылыўды ҳәм даўа арзаны қанаатландырыў ҳаққында жаңа қарар қабыл қылыўды сораған. Оған тийкар етип, биринши инстанция суды қарар қабыл қылыўда ҳақыйқый емес деп табылған жәмийеттиң бақлаў кеңесиниң қарарына тийкарланғанлығын, банк жәмийеттиң активлар балансын ҳәм финанслық нәтийжелерин шәртли түрде алатуғынлығын, сонлықтан гиреўге қойылып атырған мүлклердиң баҳасы ҳақкында хабары болатуғынлығын, банктиң өзи акционерлик жәмийет бола турып Нызам талапларын билмеўи мүмкин емеслигин, ири питим дүзиў ушын акционерлердиң разылығы алыныўы кереклиги ҳаққында банк билиўи лазымлығын себеби банктиң уставында бул қағыйда белгиленгенлигин, суд Пуқаралық кодексиниң 126-статьясын надурыс қоллағанлығын, себеби ол бойынша талап билдирилмегенлигин, суд қарар қабыл қылыўда материаллық ҳәм процессуаллық ҳуқық нормаларын бузғанлығын көрсеткен. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагерлер ўәкили адвокат С.С апелляциялық шағымын қоллап-қуўатлап, қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан қосымша жуўапкер банк ўәкили биринши инстанция суды нызамлы шешим қабыл қылғанлығын, мүлклерди гиреўге қойыўға бақлаў кеңесиниң жыйналыс баянламасы усынылғанлығын билдирип, апелляциялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан қосымша жуўапкер “Qq” акционерлик жәмийети көтере аймақлық базасы ўәкили апелляциялық шағымды қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳақкында тийисли тәртипте хабарландырылғанлығына қарамастан жуўапкер нотариус, қосымша жуўапкерлер Қаракалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм «B” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ўәкиллери суд мәжилисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 274-статьясының төртинши 3 бөлимине муўапық, апелляция инстанция судының суд мәжилисине суд додалаўын өткериў ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәризде хабардар қылынған апелляциялық шағымды (протестти) берген шахстың ҳәм исте қатнасыўшы басқа шахслардың келмегенлиги исти олардың қатнасыўысыз көриўге тосқынлық қылмайды. Сонлықтан, судлаў коллегиясы исти жуўапкер нотариус ҳәмде қосымша жуўапкерлер ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Апелляция инстанциясы суды исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиниклерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди көрип шығып, төмендегилерге тийкарланып биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўды лазым тапты. Ис ҳүжжетлеринен анықланыўынша, банк филиалы ҳәмде қосымша жуўапкер «B” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ортасында 2019 жыл 24 декабрь күни 67/1 ҳәм 67/2-санлы кредит шәртнамалары дүзилген. Кредит қаржыларының өз ўақтында қайтарылыўының тәмийнаты сыпатында қосымша жуўапкер “Qq” акционерлик жәмийети көтере аймақлық базасына тийисли болған жәми 32.265.000.000 сомға баҳаланған 6 дана көшпес мүлклери гиреўге (ипотекаға) қойылып, тәреплер ортасында 2019 жыл 24 декабрь күни KSh № 004482 QR-санлы ипотека шәртнамасы дүзилген. Ипотека шәртнамасы жуўапкер нотариус тәрепинен тастыйықланған. Мүлклерди гиреўге қойыўда қосымша жуўапкер “Qq” акционерлик жәмийети көтере аймақлық базасы бақлаў кеңесиниң 2019 жыл 3 октябрь күнги ҳәмде жәмийеттиң 2019 жыл 15 декабрь күнги жыйналыс баянламалары банк филиалына усынылған. Даўагерлер даўа талабында ипотека шәртнамасы ири питим екенлигин, бул питимди дүзиўде “Qq” акционерлик жәмийети көтере аймақлық базасы акционерлериниң разылығы алынбағанлығы себепли ипотека шәртнамасын ҳақыйқый емес деп табыўды сораған. Биринши инстанция суды даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында дурыс шешимге келген. Себеби, Өзбекстан Республикасының “Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында”ғы Нызамы (буннан кейинги текстте Нызам деп жүритиледи)ның 83-статьясының биринши бөлимине муўапық, жәмийет тәрепинен мүлкти алыў яки они басқа шахсқа бериў яки мүлкти басқа шахсқа бериў итималы менен байланыслы питим (сондай-ақ қарыз, кредит, гиреў, кепиллик) яки өз ара байланыслы бирнеше питимлер, егер басқа шахсқа берилип атырған мүлктиң яки алынып атырған мүлктиң баланс баҳасы бундай питимлерди дүзиў ҳаққындағы қарар қабыл етилип атырған сәнеде жәмийет сап активлери муғдарының он бестен асламын қураған болса, ири питим деп есапланады, күнделикли хожалық жумысын жүргизиў барысында дүзилетуғын питимлер ҳәм де акцияларды ҳәм басқа да баҳалы қағазларды жайластырыў менен байланыслы питимлер буған кирмейди. Нызам 84-статьясы биринши бөлимине тийкар, баланс баҳасы ямаса алыў баҳасы келисим дүзиў ҳаққында қарар қабыл етилип атырған сәнеде жәмийеттиң сап активлери муғдарының он бес процентинен елиў процентине 4 шекемги болған мүлк бойынша ири питим дүзиў ҳаққындағы қарар жәмийеттиң бақлаў кеңесиниң ағзалары тәрепинен бир аўыздан қабыл етиледи, бунда бақлаў кеңесинен шығып кеткен ағзалардың даўысы есапқа алынбайды. Усы статьяның үшинши бөлимине көре, баланс баҳасы яки алыў баҳасы келисим дүзиў ҳаққында қарар қабыл етилип атырған сәнеде жәмийеттиң сап активлери муғдарының елиў процентинен артығын қураған мүлкке байланыслы ири питим дүзиў ҳаққындағы қарар акционерлердиң улыўма жыйналысы тәрепинен қабыл етиледи. Бирақ, “Qq” акционерлик жәмийети көтере аймақлық базасы тәрепинен банкке усынылған бақлаў кеңесиниң 2019 жыл 3 октябрь күнги жыйналыс баянламасында гиреўге қойылыўы белгиленип атырған көшпес мүлклердиң баҳасы көрсетилмеген, яғный бул баянламада неше сомлық көшпес мүлклер гиреўге қойылып атырғанлығы ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилмеген. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 126-статьясына тийкар, егер шахстың келисим дүзиў ўәкилликлери шәртнама менен ямаса юридикалық шахстың ўәкилликлери оның шөлкемлестириў ҳүжжетлери менен исеним хатында, нызамда белгиленгенине салыстырғанда ямаса келисим дүзилип атырған жағдайдан анық көринип турыўы мүмкин деп есапланған ўәкилликлерине салыстырғанда шеклеп қойылған болса ҳәм келисим дүзиў ўақтында бундай шахс ямаса орган усы шеклеўлер шеңберинен шығып кеткен болса, келисимдеги екинши тәреп усы шеклеўлерди билген ямаса алдын ала билиўи керек болғанлығы дәлилленген жағдайларда ғана келисим шеклеў орнатылыўынан мәпдар болған шахстың даўасы бойынша суд тәрепинен ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин. Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2014 жыл 28 ноябрь күнги “Экономикалық судлар тәрепинен питимлерди ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы пуқаралық нызамшылығы нормаларын қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы 269-санлы қарарының 17бәнтиниң биринши хатбасысында, судларға корпоратив келиспеўшиликлерге байланыслы ислер шеңбериндеги келисимлерди ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы талапты көрип шығыўда, аффилленген шахс пенен дүзилген келисим ҳәмде ири питим дүзиў тәртиби қағыйдалары бузылған жағдайда, Пуқаралық кодексиниң 126-статьясы қолланылады деп, төртинши хатбасысында, судлардың итибары, келисим, егер ол бойынша басқа тәреп атап өтилген шеклеў ҳаққында билген ямаса алдыннан билиўи керек болған жағдайлар анықланған жағдайда ғана, Пуқаралық кодексиниң 126-статьясы тийкарында ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин екенлигине қаратылсын, деп түсиндирилген. Бул жағдайда, ҳақыйқый емес деп табыў соралған ипотека шәртнамасы ири питим екенлиги, сондай-ақ, қосымша жуўапкер “Q r q l q g sh-sut s wd ” акционерлик жәмийети көтере аймақлық базасы тәрепинен гиреўге усынылып атырған көшпес мүлклердиң баҳасы жәмийеттиң сап активлери муғдарының елиў процентинен артығын қурайтуғынлығы банкке мәлим болмаған. 5 Соның менен бирге, питим нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген формасына әмел қылынған ҳалда дүзилгенлиги, яғный питимниң жазба түрине әмел қылынғанлығы ҳәм нотариал тәртипте тастыйықланғанлығы себепли, ПКниң 115-статьясына тийкар ҳақыйқый емес деп табыўға тийкар жоқ. Судлаў коллегиясы даўагерлердиң апелляциялық шағымында билдирилген ўәжлери менен келисе алмайды деп есаплайды. Себеби, “Qq” акционерлик жәмийети көтере аймақлық базасы бақлаў кеңесиниң 2019 жыл 3 октябрь күнги жыйналыс баянламасы ҳәмде 2019 жыл 15 декабрь күнги жыйналыс баянламалары Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 13 июнь күнги шешиўши қарары менен ҳақыйқый емес деп табылғанлығы менен питим дүзиў ўақтында питимниң ири питим екенлиги банкке мәлим болғанлығы даўагерлер тәрепинен дәлилленбеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси 278-статьясы биринши бөлиминиң 1-бǝнтине тийкар, апелляция инстанциясы суды апелляциялық шағымды (протестти) көрип шығыў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўға ҳақылы. Жоқарыдағыларға тийкарланып, апелляция инстанция суды биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз, апелляциялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым табады. ЭПК 118-статьясының биринши бөлимине тийкар, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес рәўиште олардың мойнына жүлетиледи. Бирақ, биринши инстанция суды исти көриў натийжеси бойынша республика бюджетине өндирилиўи лазым болған 3.750.000 сом мәмлекетлик бажыны даўагерлерден солидар тәртипте өндириў ҳаққында надурыс жуўмақка келген. ЭПК 278-статьясының үшинши бөлимине тийкар, суд қәрежетлерин бөлистириў ҳаққындағы мәселениң шешилмегенлиги ямаса надурыс шешилгенлиги суд қарарын бийкарлаў ямаса өзгертиў ушын тийкар болмайды. Бундай жағдайда қарардың жуўмақлаўшы бөлиминде суд қәрежетлери усы Кодекстиң 118-статьясында нәзерде тутылған тәртипте бөлистирилиўи көрсетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, судлаў коллегиясы биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз, апелляциялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды, шешиўши қарарының мәмлекетлик бажы өндириў бөлегин бийкар етип, суд қәрежетлерин қайта бөлистириўди, даўагерлердиң ҳәр биринен республика бюджетине 1.250.000 сомнан мәмлекетлик бажы өндириўди, даўагер “U” жеке меншик кәрханасы тәрепинен апелляциялық шағым ушын төленген 1.875.000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41.200 сом почта қәрежетин мойнында қалдырып, артықша төленген 185.000 сом мәмлекетлик бажыны оған бюджеттен қайтарыўды лазым табады. Усы жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 278, 280-статьяларын қолланып, апелляция инстанция суды қ а р а р е т т и: 6 Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 2 сентябрь күнги шешиўши қарары өзгериссиз, апелляциялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиўши қарарының мәмлекетлик бажы өндириў бөлеги бийкар етилсин, суд қәрежети қайта бөлистирилсин. Ис биринши инстанция судында көрилгенлиги менен байланыслы: - даўагер “U” жеке меншик кәрханасынан республика бюджетине 1.250.000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин; - даўагер “G” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 1.250.000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин; - даўагер жеке тәртиптеги исбилермен “ ”дан республика бюджетине 1.250.000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Даўагер “U” жеке меншик кәрханасы тәрепинен апелляциялық шағым ушын төленген 1.875.000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41.200 сом почта қәрежети мойнында қалдырылсын. Даўагер “U” жеке меншик кәрханасы тәрепинен апелляциялық шағым ушын артықша төлеген 185.000 сом мәмлекетлик бажы бюджеттен қайтарылсын. Бул ҳаққында мағлыўматнама берилсин. Қарарға тийкар орынлаў хатлар берилсин. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен ревизия тәртибинде шағым етиўге (прокурор протест келтириўге) ҳақылы. Басшылық етиўши: Г.Зарипова коллегия ағзалары: А.Аяпов У.Сабиров