Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/1937 Дата решения 16.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID bf24cf7b-6e8e-4ee0-be12-2ab24fa27a28 Claim ID PDF Hash 88d28618fbf1c809... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1937-санлы ис Нөкис қаласы Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР судья С.Ниязов 2025-жыл 16-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили *** (2025-жыл 8-октябрь күнги 28-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили *** (2025-жыл 9-октябрь күнги исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер “***” ЖШЖниң жуўапкер “***” ЖШЖнен 43 600 000 сом тийкарғы қарыз ҳәм 21 800 000 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында, ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер “***” ЖШЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “***” ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 43 600 000 сом тийкарғы қарыз ҳәм 21 800 000 сом пеня ѳндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўа талабын қоллап-қуўатлап, жуўапкер тийкарғы қарызды төлегенлигин билдирип, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде жуўапкер ўәкили ҳақыйқатында тәреплер ортасында шәртнама дүзилгенлигин, шәртнама бойынша пискен гербиш жеткерилип берилиўи кереклигин, өним қоймаханада таяр турғанлығын, даўагер өнимди алмайтуғын болғанлығын, сонлықтан даўагердиң пулы қайтарып төленгенлигин билдирип, пенядан азат етиў яки муғдарын кемейтириўди сорады. Суд тәреплер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендегилерге тийкар даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери өним жеткерип бериў шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 437-статьясына көре, өним жеткизип бериў шәртнамасына муўапық исбилерменлик искерлиги менен шуғылланып атырған өним жеткизип бериўши - сатыўшы шәртлескен мүддет яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға исбилерменлик искерлигинде пайдаланыў ушын яки жеке, шаңарақлық мақсетлерде, хожалықта ҳәм соған уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, 2 сатып алыўшы болса товарларды қабыллаў ҳәм олардың ҳақысын төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 9-октябрь күнги 14-санлы өним жеткерип бериў шәртнамасы дүзилип, усы шәртнаманың 1, 2.2-бәнтлерине муўапық «өним жеткизип бериўши» «буйыртпашы»ға гербиш өнимлерин жеткизип бериў, «буйыртпашы» болса усы ѳнимди қабыл етип алыў ҳәм ҳақысын тѳлеў миннетлемесин алған. Сондай-ақ, шәртнаманың 2.2-бәнтине көре, буйыртпашы өним ҳақысын 100 пайыз алдын ала төлеўи лазым. Шәртнаманың 3.2-бәнтине тийкар “өним жеткерип бериўши” пул каржылары түскеннен кейин 5 күннен 30 күнге шекем аралықта өнимди жеткериўди әмелге асырыўы лазым. Даўагер тәрепинен шәртнама шәртлерине тийкар жуўапкерге жәми 20 000 000 сом төленген, 145 600 000 сом жуўапкер тәрепинен даўагердиң есап бетинен шешип алынған, лекин жуўапкер тәрепинен жәми 122 000 000 сомлық өним жеткерилип қалған, 43 600 000 сомлық өним жеткерилмеген. Бул истеги ҳүжжетлер, тәреплер ўәкилиниң суд мәжилисиндеги түсиндирмелери менен тастыйықланады. ПКниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Сонлықтан, суд жуўапкерден даўагер пайдасына 43 600 000 сом тийкарғы қарызды өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды. Лекин, ис судта көрилиўи барысында жуўапкер тәрепинен 43 600 000 сом тийкарғы қарыз даўагерге толық төленгенлиги себепли бул даўа талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўға жатады. ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Даўагер тәрепинен жуўапкерге өним жеткериў кешиктирилген күнлер ушын жәми 65 400 000 сом пеня есапланып, бирақ өним жеткериў кешиктирилген сумманың 50 пайызынан аспаған ҳалда 21 800 000 сом пеня өндириў соралған. Өзбекстан Республикасының “Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниң шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызамының 24статьясы үшинши бөлимине көре, егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса, хожалық шәртнамаларын орынламағанлығы ҳәм зәрүрли дәрежеде орынламағанлығы ушын усы Нызамның 25-32-статьяларында нәзерде тутылған жуўапкершилик шаралары қолланылады. Усы Нызамның 25-статьясына көре, товарларды жеткерип бериў мүддетлери кешиктирилген, толық жеткерип берилмеген, жумыслар 3 орынланбаған ямаса хызметлер көрсетилмеген жағдайларда, товар жеткерип бериўши (жумысты бөлип алып ислеўши) сатып алыўшыға (буйыртпашыға) кешиктирилген ҳәр бир күн ушын миннетлемениң орынланбаған бөлегиниң 0,5 проценти муғдарында пеня төлейди, бирақ бунда пеняның улыўма суммасы жеткерип берилмеген товарлар, орынланбаған жумыслар ямаса көрсетилмеген хызметлер баҳасының 50 процентинен аспаўы керек. Суд жуўапкерден даўагер пайдасына 21 800 000 сом пеня өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды. ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги түсиндирилген. Сонлықтан, суд пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, пеня муғдарын кемейтириўди ҳәм 3 270 000 сом пеня өндириўди мақул табады. Сондай-ақ, суд жуўапкерди пенядан азат етиў ушын тийкарлар жоқ деп есаплайды. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118-статьясының биринши, бесинши бөлимлерине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат еткеннен соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый түрде қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерге тийкар, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 3 270 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, 654 000 сом мәмлекетлик бажы ѳндириўди, даўаның тийкарғы карыз өндириў ҳәм пеняның қалған бөлегин өндириў талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. 4 Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 3 270 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежети, 654 000 сом мәмлекетлик бажы ѳндирилсин. Даўаның тийкарғы карыз өндириў ҳәм пеняның қалған бөлегин өндириў талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов