Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/1904 Дата решения 16.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID e550d60f-7df7-424c-8374-aa3794585c1f Claim ID PDF Hash c365ed0b28c59d20... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1904-санлы экономикалық ис судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 16-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокурорының жәрдемшиси ***, даўагер ўәкили *** (2025-жыл 12август күнги 359/25-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили *** (2025-жыл 16-октябрь күнги 14-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, ***ның даўагер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети мәпинде жуўапкер "***"нан даўагер пайдасына 15 664 000 сом қарызын өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде видеоконференция байланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады: *** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, "***" (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан даўагер пайдасына 15 664 000 сом қарызын өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 19-сентябрь күнги уйғарыўы менен Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги, Ғазнашылық хызмети басқармасы даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Судтың 2025-жыл 16-октябрь күнги уйғарыўы менен даўагердиң даўа тийкарын өзгертиў ҳаққындағы арзасы ис жүритиўге қабыл етилген. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талабын қоллапқуўатлап, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўаны тән алып, даўаны қанаатландырыўға қарсы емеслигин билдирди. Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор даўаны қанаатландырыў ҳаққында пикир билдирди. Суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар етилген Палата, үшинши шахслар суд мәжилисинде өз ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди. Палата өз даўа арзасында исти Палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди сораған. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 129, 170-статьяларына тийкар исти Палата, үшинши шахслар ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул тапты. Суд исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин, прокурор пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги тийкарларға көре даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. 2 Тәреплер орталарында 2024-жыл 20-июнь күни 1576-санлы электр энергиясын жеткерип бериў ҳаққындағы шәртнама, оған 2024-жыл 15-ноябрь күни 1576/2-санлы қосымша келисим, 2025-жыл 4-январь күни Я/Э-95/0452санлы шәртнамалар дүзилген. Шәртнамаларға муўапық, даўагер жуўапкерге қуяш панели арқалы электр энергиясын жеткерип бериў миннетлемесин алған, жуўапкер болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў миннетлемесин алған. Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берип, өзиниң шәртнамадағы миннетлемесин орынлап келген, ал жуўапкер шәртнамаға муўапық өз ўақтында тийисли төлемлерди толық әмелге асырмағанлығы ушын жеткерип берилген электр энергиясынан 15 664 000 сом қарызы пайда болған. Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәмийнаты шәртнамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ, шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң талапнамасы менен жуўапкер ескертилген болса да, төлемлер әмелге асырылмаған. Жуўапкердиң шәртнама миннетлемелери орынланбағанлығы истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 15 664 000 сом қарызын өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 15 664 000 сом қарызын, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, Республика бюджетине жуўапкерден 412 000 сом мәмлекетлик бажы, жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине истиң видеоконференция байланыс режиминде көрилиўи менен байланыслы 103 000 сом суд қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти : Даўа арза қанаатландырылсын. 3 "***"нан "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 15 664 000 сом қарызы, төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. "***"нан Республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. "***"нан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов