← Назад
Решение #2879926 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1891-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
судья С.Ниязов
2025-жыл 16-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер
банк ўәкили *** (2025-жыл 28-январь күнги 40-02/15-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер ўәкили *** (2025-жыл 5-сентябрь күнги 2-санлы исеним
хат тийкарында)лардың қатнасыўында, ***ның даўагер АК «***» мәпинде
жуўапкер "***" ЖШЖнен даўагер пайдасына 607 666 670 сом мүддети өткен
тийкарғы кредит қарызын ҳәм 72 267 562,93 сом мүддети өткен пайыз
қарыздарлығын өндириў ҳаққындағы даўа арзасына тийкар қозғатылған
экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
*** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер АК «***»
(буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа
даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" ЖШЖ (буннан кейин текстте
жуўапкер деп жүритиледи)нен даўагер пайдасына 607 666 670 сом мүддети өткен
тийкарғы кредит қарызын ҳәм 72 267 562,93 сом мүддети өткен пайыз
қарыздарлығын өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўа арзаны қоллап-қуўатлап, даўа
арзаны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўаны тән алып, финанс жағдайлары
себепли кредитти төлеў кешиккенлигин, төлеў иләжлары көрилетуғынлығын
билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Палата суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылғанлығына қарамастан суд мәжилисине келмеди. Лекин, даўа
арзасында Палата исти ўәкилиниң қатнасыссыз көрип шығыўды сораған.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына
тийкар исти Палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады.
Суд исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин тыңлап, истеги
топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып
даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты.
Ис материалларына қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл
6-февраль күни 6-санлы кредит шәртнамасы дүзилген.
Кредит шәртнамасына тийкар жуўапкерге 18 ай мүддетке, жыллық 26%
төлеў шәрти менен 6 500 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте - ПК
деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы шәрт.
ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы
бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке
2
(қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер
тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул
суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы
белгиленген.
Кредит шәртнамасының 2.4 ҳәм 4.2.1-бәнтине муўапық шәртнаманың
ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер кредит
қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған.
Жуўапкер
тәрепинен
шәртнама
шәртлери
лазым
дәрежеде
орынланбағанлығы нәтийжесинде жуўапкердиң 2025-жыл 3-сентябрь жағдайына
607 666 670 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм 76 267 562,93 сом
мүддети өткен пайыз қарыздарлығы жүзеге келген.
Бул жағдайда, даўагердиң жуўапкерден кредит бойынша 607 666 670 сом
мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм 72 267 562,93 сом мүддети өткен
пайыз қарыздарлығын өндириў талабы тийкарлы есапланады.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ үшинши бөлимине муўапық даўагер төлеўден
белгиленген тәртипте азат етилген мәмлекетлик бажы, егер жуўапкер бажыдан
азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес
рәўиште жуўапкерден республика бюджет пайдасына өндириледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўаны қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер банк пайдасына 607 666 670 сом мүддети өткен тийкарғы
кредит қарызын ҳәм 72 267 562,93 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығын,
41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, жуўапкерден республика бюджетине
13 598 685 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Даўа арза қанаатландырылсын.
Жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер АК
«***» пайдасына 607 666 670 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы,
72 267 562,93 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығы,
41 200 сом почта
қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика
бюджетине 13 598 685 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов