← Назад
Решение #2880316 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1873-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья С.Ниязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 16-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер
ўәкили адвокат *** (2024-жыл 13-август күнги 69-санлы ордер тийкарында),
жуўапкер ЖШЖ баслығы *** (2025-жыл 30-сентябрь күнги исеним хат
тийкарында), үшинши шахс *** ўәкили *** (2025-жыл 16-октябрь күнги 01/18/1621-1-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер “***”
ЖШЖниң жуўапкер “***” ЖШЖнен 57 417 721,45 сом қарызын өндириў
ҳаққындағы даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти суд
имаратында видеоконференция байланыс режиминде ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
Даўагер “***” ЖШЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “***” ЖШЖ
(буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 57 417 721,45 сом
қарызын өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 9-октябрь күнги уйғарыўы менен ***, *** даўа
предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс
сыпатында иске тартылған.
Даўагер ўәкили суд мәжлисинде даўа арзаны қоллап-қуўатлап, тәреплер
орталарында дүзилген жәрдемши пудрат шәртнамасына тийкар жуўапкер
тәрепинен тапсырылған жумыслар толығы менен исленгенлигин, қурылыс
пайдаланыў ушын кабыл етилгенлигин, қурылыс тапсырылғанлы берли усы
күнге шекем қурылыс бойынша ҳеш бир тәрептен нарыйзалық хат келип
түспегенлигин, тәреплер шәртнамасына муўапық қурылыс қабыл етип
алынғаннан кейин бир жыл мүддет өткеннен кейин төленбеген 5 процентлик
кепиллик суммасы сыпатында усланып турған исленген жумыслар ҳақысы
төленбей атырғанлығын, шәртнамада кепиллик мүддети таўсылғаннан кейин
субпудратшы пудратшыға ямаса буйыртпашыға мағлыўматнама, акт яки
қандайда басқа анық ҳүжжет тапсырыў нәзерде тутылмағанлығын,
буйыртпашы менен орталарында шәртнама болмағанлығы себепли туўрыдантуўры буйыртпашы менен байланысқа кирисиўге ўәкилликли емеслигин,
буйыртпашы талап еткен мағлыўматнаманы субпудратшы емес, пудратшы
тапсырыўы
лазымлығын,
пудратшының
кепиллик
сумамасын
буйыртпашыдан алмағанлығы өзлерине исленген жумыс ҳақысының 5
процентин төлемеў ушын тийкар болмаслығын билдирип, даўаны
қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ЖШЖ баслығы ҳәм ўәкили суд мәжилисинде даўаны қысман
тән алып, ҳақыйқаттан да тәреплер орталарында дүзилген шәртнама бойынша
даўагер жумысларды ислегенлигин, исленген жумыслар қабыл етип
2
алынғанлығын, қурылыс объекти ийеси тәрепинен жумысларда кемшилик бар
екенлиги бойынша аўызеки мүрәжат болғанлығын, бул бойынша даўагерге
аўызеки айтқанлығын, лекин кемшиликлерди даўагер сапластырмағанлығын,
даўагер кепиллик мүддети тамамланғаннан кейин жумыстың сапасы
бузылмағанлығы бойынша акт усынбағанлығын, сол себепли буйыртпашыға
акт бере алмағанлығын, акт берилмегенлиги себепли буйыртпашы 5
процентлик кепиллик суммасын төлемегенлигин, өзи бул сумманы
алмағаннан кейин даўагерге төлей алмаслығын билдирип, даўаны
қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан үшинши шахс *** ўәкили өзлери
буйыртпашы сыпатында истеги жуўапкер менен пудрат шәртнамасы
дүзилгенлигин, жуўапкер тәрепинен өзлерине 2016-жыл 22-декабрь күнги
2850-саны менен Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинен
дизимнен өткен Қағыйданың 69-бәнтине тийкар қурылыс объекти ийеси
менен пудратшы ортасындағы ис сыпаты бойынша мағлыўматнамасы яки
хаты келип түспегенлигин, сол себепли қурылыстың 5 процентлик кепиллик
суммасы төленбегенлигин, бас пудратшы тәрепинен бул мағлыўматнама
усынылса мағлыўматнама ғазнашылық басқармасына берилип кепиллик
суммасы төленетуғынлығын, жәрдемши пудратшы менен буйыртпашы
мүнәсебетке кириспеслигин, кепиллик суммасын буйыртпашыдан жәрдемши
пудратшы талап ете алмаслығын, тийисли мағлыўматнаманы да жәрдемши
пудратшы емес бас пудратшы буйыртпашыға усыныўы лазымлығын, бул
мағлыўматнама жәрдемши пудратшы тәрепинен таярланбайтуғынлығын
билдирип, нызам тийкарында шешим қабыл етиўди сорады.
Үшинши шахс *** суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли
тәртипте хабардар етилген болса да, суд мәжилисинде исеним хат тийкарында
ўәкил қатнасыўын тәмийинлемеди.
Сонлықтан, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170статьяларына тийкар үшинши шахс *** ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди
мақул табады.
Суд исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин тыңлап, ис
бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кесип-алыў шәртнамасынан
келип шыққан.
ПКниң 631-статьясының биринши бөлимине муўапық, кесип-алыў
шәртнамасы бойынша бир тәреп (кесип-алыўшы) екинши тәреп
(буйыртпашы)ның тапсырмасына көре белгили бир исти орынлаў ҳәм оның
нәтийжесин белгиленген мүддетте тапсырыў миннетлемесин алады,
3
буйыртпашы болса ис нәтийжесин қабыл етип алыў ҳәм оның ушын хақы
төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 673-статьясы биринши бөлимине тийкар, буйыртпашы
пудратшының орынлаған жумыслары ушын сметада нәзерде тутылған
муғдарда, нызам яки қурылыс пудрат шәртнамасында белгиленген мүддетте
ҳәм тәртипте хақысын төлейди.
ПКниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы керек.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 6февраль күни Нөкис қаласында жайласқан №34-санлы мектепке шекемги
билимлендириў шөлкеми имаратында қурылыс-оңлаў жумысларын алып
барыў ушын, мәмлекетлик буйыртпа тийкарында улыўма баҳасы 1 148 354
429 сомлық 1/02-санлы кесип-алып ислеў (пудрат) шәртнамасы (буннан кейин
текстте шәртнама деп жүритиледи) дүзилген. Бунда даўагер жәрдемши
пудратшы, жуўапкер бас пудратшы болып, усы шәртнамаға тийкар даўагер
тәрепинен қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылған.
Шәртнаманың 15-бәнтинде объект қурылыс жумыслары 120 күнди өз
ишине алып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл
16-март күнги 139-санлы қарарына муўапық, шәртнаманың 17, 18бәнтлериниң талапларынан келип шығып бас пудратшы жәрдемши
пудратшының есап-бетине биринши 30% аванс пул қәрежетлерин өткериў, ал
қалған 70% қәрежетлерин қурылыс-оңлаў жумыслары толығы менен
тамамланғаннан кейин өткериў миннетлемесин алған.
Шәртнаманың 4-бәнтинде бас пудратшы көрсетилген бас хызмети
(генуслуг) ушын 4% яғный 45 934 177 сом пул қәрежетлерин алып
қалатуғынлығы, қалған 1 102 420 252 сом қәрежетлерди жәрдемши пудратшы
есап-бетине өткерип бериў, соннан 5% қәрежетлерин бир жыллық кепиллик
мүддети питкеннен кейин төлеп бериў миннетлемелерин алған.
Өзбекстан Республикасыныӊ “Хожалық жүритиўши субъектлер
искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызам (буннан
кейин текстте Нызам деп жүритиледи)ының 13-статьясы биринши бөлимине
муўапық, хожалық шәртнамасы дүзилген ўақыттан баслап күшке киреди ҳәм
тәреплер ушын мәжбүрий болып қалады.
Нызамның 7-статьясының төртинши хатбасына көре, хожалық
шәртнамасы тәреплери дүзилген хожалық шәртнамалары бойынша мойнына
алған миннетлемелерди өз ўақтында ҳәм тийисли тәртипте орынлаўы шәрт.
Исте анықланған жағдайларға қарағанда, даўагер тәрепинен шәртнамада
көрсетилген 1 148 354,429 сомлық жумыслар толық исленген. Исленген
жумыслар 2024-жыл 25-июль күни қабыл етип алынған болып, 2024-жыл 21август күни өткерилген қадағалаў өлшеў жумыслары нәтийжесинде де даўагер
тәрепинен 1 148 354,429 сомлық жумыслар толық исленгенлиги көрсетилген.
Бул жағдайлар истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланады.
4
Жуўапкер тәрепинен даўагерге 1 063 496 155,34 сом пул өткерилген ҳәм
бул пулдың 16 196 918 сомы усы судтың 2025-жыл 21-февраль күнги
шешиўши қарары менен усы истеги даўагерден жуўапкерге өндириў
белгиленген.
Даўагер тәрепинен жуўапкерге кепиллик мүддети тамамланғанлығы
себепли кепиллик суммасын төлеў бойынша талапнама берилген, лекин
жуўапкер тәрепинен төлем әмелге асырылмаған.
Сонлықтан, даўагер судқа жуўапкерден 57 417 721,45 сом қарызын
өндириўди сорап даўа арза берген.
Суд даўагердиң жуўапкерден 55 121 014,66 сом қарызын өндириў
талабын тийкарлы, 2 296 706,79 сом қарыз өндириў талабын тийкарсыз деп
есаплайды.
Себеби, шәртнаманың 4-бәнтине муўапық, жуўапкер даўагерге
жәми 1 102 420 252 сом төлеўи лазым болып, жуўапкер даўагерге
1 063 496 155,34 сом пул өткерген ҳәм бул пулдың 16 196 918 сомы усы
судтың 2025-жыл 21-февраль күнги шешиўши қарары менен усы истеги
даўагерден жуўапкерге өндириў белгиленген. Яғный жуўапкер даўагерге
(1 102 420 252 – (1 063 496 155,34-16 196 918 =) 1 047 299 237,34 =)
55 121 014,66 сом қарыз болған.
Суд жуўапкер ўәкилиниң қурылыс объекти ийеси тәрепинен
жумысларда кемшилик бар екенлиги бойынша аўызеки мүрәжат болғанлығы,
бул бойынша даўагерге аўызеки айтқанлығы, лекин кемшиликлерди даўагер
сапластырмағанлығы, даўагер кепиллик мүддети тамамланғаннан кейин
жумыстың сапасы бузылмағанлығы бойынша акт усынбағанлығы, сол себепли
буйыртпашыға акт бере алмағанлығы ҳаққындағы ўәжлери менен келиспейди.
Себеби, кепиллик мүддети дәўиринде объект ийеси тәрепинен исленген
жумыслар бойынша кемшиликлер анықланғанлығы, мүрәжат еткенлиги,
лекин кемшилик сапластырылмағанлығы исти көриў барысында ис
ҳүжжетлери менен өз тастыйығын таппады.
Сондай-ақ, Шәртнаманың 20-бәнтинде объекттиң 5% қәрежети бир
жыллық кепиллик мүддети тамам болғаннан кейин, тийисли ҳүжжетлер
усынылыўдан соң әмелге асыратуғынлығы белгиленген болса да, тәреплер
орталарында кепиллик мүддети тамамланғаннан кейин даўагер тәрепинен
әйне жумыстың сапасы бузылмағанлығы бойынша акт яки басқа анық бир
ҳүжжет тапсырыў лазымлығы бойынша келисилмеген.
Қала берсе, исте қатнасқан үшинши шахс ўәкили тәрепинен пудрат
шәртнамасы бойынша буйыртпашыға жәрдемши пудратшы тәрепинен емес
бас пудратшы тәрепинен объект ийеси менен биргеликте таярланған
мағлыўматнама усынылыўы лазымлығы билдирилди.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинен 2016-жыл 22декабрь күнги 2850-саны менен дизимнен өткен “Өзбекстан Республикасы
бюджет системасы бюджетлериниң ғазна орынланыўы” Қағыйдаларының 69бәнтинде, кепиллик мүддети тамамланғаннан соң төленетуғын объект
баҳасының 5 проценти кепиллик суммасы бойынша юридикалық
5
миннетлемелерди дизимнен өткериў яки есапқа алыў капитал қойылма
буйыртпашылары тәрепинен ғазнашылық бөлимлерине усынылатуғын алдын
ғазнашылық бөлимлеринде дизимнен өткерилген яки есапқа алынған
тийкарғы шәртнама нусқасы, еки түп нусқада төлем кестеси, қурылыс
объектин қабыл етиў бойынша тийисли мәмлекетлик комиссиясының акти
нусқасы ҳәм объекттен пайдаланыўшы шөлкем мағлыўматнамасы (хаты)
нусқасы, капитал қойылма буйыртпашысы ҳәм товарлар жеткерип
бериўшилер (пудратшылар) ортасында дүзилген салыстырма акт, мәнзилли
дизим нусқасы тийкарында әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2022-жыл 31-январь күнги «Қурылыс саласында электрон мәмлекетлик
саўдаларын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў тәртибин жетилистириў исиләжлары ҳаққында»ғы 46-санлы қарарының 6-бәнтиниң үшинши
хатбасында, объектлерди пайдаланыўға тапсырыў бойынша актлер
тастыйықланған күннен баслап 12 ай кепиллик мүддети тамамланғаннан соң,
пайдаланыўшы шөлкемниң тийкарландырылған наразылығы болмаған
жағдайда, объектлердиң 5% кепиллик суммасын қурылыс-пудрат
шөлкеминиң есап-бетлерине инсан факторысыз автомат рәўиште өткерилиўи
нәзерде тутылған.
Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2016жыл 23-декабрь күнги “Экономикалық судлар тәрепинен қурылыс пудраты
шәртнамасынан келип шығатуғын тартысларды шешиўде нызам ҳүжжетлерин
қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы 306-санлы қарарының 9.2бәнтинде, ПКниң 646-статьясының төртинши бөлимине муўапық,
буйыртпашы жумыс қабыл етип алынғанынан соң онда пудрат
шәртнамасынан шегиниўлер яки жумысты қабыл етиўдиң әпиўайы усылында
анықланыўы мүмкин болмаған басқа түрде кемшиликлер (жасырын
кемшиликлер)ди, соның менен бирге пудратшы қасттан жасырған
кемшиликлерди анықласа, олар анықланғаннан соң он күнлик мүддет ишинде
бул ҳаққында пудратшыға хабар етиўи шәрт.
Егер пудратшы өз ўақтында хабардар етилмеген болса ҳәм көрсетилген
мүддеттиң өткерип жиберилгенлиги себеби суд тәрепинен үзрсиз деп табылса,
буйыртпашының истеги бундай кемшиликлерге силтеме бериўи
пудратшының орынланған ислер ҳақысын өндирип бериў талабын
қанаатландырыўсыз қалдырыў ямаса буйыртпашының усы кемшиликлер
менен байланыслы талапларын қанаатландырыў ушын тийкар болмайды.
Атап өтилген нызамшылық, шәртнама талапларында да жәрдемши
пудратшы ушын бас пудратшыға кепиллик мүддети тамамланғаннан кейин ис
сыпаты бойынша акт усыныў лазымлығы бойынша, усы акт
усынылмағанлығы себепли 5 процентлик кепиллик суммасы төленбеслиги
бойынша, бас пудратшы буйыртпашыдан 5 процентлик кепиллик суммасын
алмаса жәрдемши пудратшыға да төлемеслиги бойынша норма яки шәртлер
белгиленбеген. Сондай-ақ, буйыртпашы тәрепинен де пудратшыға ис сыпаты
6
бойынша нызамда белгиленген мүддетте нарыйзалық арза бергенлиги ис
ҳүжжети менен тастыйықланбайды.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 55 121 014,66 сом
қарызын, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, төленген 551 210,14 сом
мәмлекетлик бажы өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
депозитине истиң видеоконференция байланыс режиминде көрилиўи менен
байланыслы 103 000 сом суд қәрежетин өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан
даўагер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 55 121 014,66
сом қарызы, төленген 41 200 сом почта қәрежети, төленген 551 210,14 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103 000 сом суд қәрежети
өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап
бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов