Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/1299 Дата решения 15.10.2025 Инстанция Кассация Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 8c1ec483-1070-469b-b869-b434aa776c96 Claim ID PDF Hash 2254164acf90804c... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1299-санлы ис Исти биринши инстанция судында көрген судья – Г.Арзиева Кассация инстанция судында баянатшы судья - У.Сабиров ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫНЫҢ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ КАССАЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы 2025 жыл 15 октябрь Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы судья Г.Зарипованың басшылығында, коллегия ағзалары судьялар Н.Балтабаева ҳәм У.Сабировлардан ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси А.Ажибековтиң хаткерлигинде, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим прокуроры Д.Елмуратовтың, даўагер ўәкили – Нөкис қаласы Абаданластырыў басқармасы бөлим баслығы И.Б (2025 жыл 15 октябрь кунги 01-03/1366-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили – басқарма бас юрисконсульты Д.М (2025 жыл 3 январь күнги 1/01-06-санлы исеним хат тийкарында), қосымша жуўапкер ўәкили – жеке тәртиптеги исбилермен М.К, екинши жуўапкер “Электрононлайн аукционларды шөлкемлестириў” акционерлик жәмийети ўәкили – юридикалық басқарманың баслық орынбасары В.У (2025 жыл 6 октябрь күнги 01/25-05-3761-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, Нөкис қаласы прокуратурасының даўагер Нөкис қаласы Абаданластырыў басқармасының мәпин гөзлеп, жуўапкер Мәмлекетлик мүлк объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ҳәмде шерик жуўапкер жеке тәртиптеги исбилермен КМАға қарата 2025 жыл 19 февраль күнги аукцион, оның нәтийжелери ҳәм мәмлекетлик көшпес мүлкин ижараға бериў ҳаққындағы 2025 жыл 20 февраль күнги 1024126/123-25-санлы шәртнаманы ҳақыйқый емес деп табыўды сораған даўа арзасы бойынша қабыл етилген Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 16 июль күнги шешиўши қарарына наразы болып жуўапкер Мәмлекетлик мүлк объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының берген кассация тәртибиндеги шағымы тийкарында исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде видеоконференциялық байланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Нөкис қаласы прокуратурасы Нөкис қаласы Абаданластырыў басқармасы (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)ның мәпинде, жуўапкер Мәмлекетлик мүлк объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)на ҳәмде шерик жуўапкер жеке тәртиптеги исбилермен КМАға қарата экономикалық судына даўа арзасы менен мүрәжат 2 етип, 2025 жыл 19 февраль күнги аукцион, оның нәтийжелери ҳәм мәмлекетлик көшпес мүлкин ижараға бериў ҳаққындағы 2025 жыл 20 февраль күнги 1024126/123-25-санлы шәртнаманы ҳақыйқый емес деп табыўды сораған. Биринши инстанция судының 2025 жыл 11 июнь күнги уйғарыўы менен Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылық хызмети комитети Қарақалпақстан Республикасы бойынша Ғазнашылық хызмети басқармасы ҳәмде 2025 жыл 8 июль күнги уйғарыўы менен Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 16 июль күнги шешиўши қарары менен даўа арза қанаатландырылып, 2025 жыл 19 февраль күни өткерилген аукцион ҳәм оның нәтийжеси бойынша мәмлекетлик көшпес мүлкин ижараға бериў ҳаққындағы 2025 жыл 20 февраль күнги 1024126/123-25-санлы шәртнама ҳақыйқый емес деп табылған. Усы шешиўши қарарға наразы болып жуўапкер кассация тәртибинде шағым етип, кассациялық шағымында биринши инстанция суды тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министлер Кабинетиниң 2023 жыл 14 декабрь күнги 660-санлы қарары менен тастыйықланған Режениң 1-бәнтин надурыс қолланылғанлығын, себеби бул норма мәдений мийрас объектлери ҳәмде оларға тутас аймақларға қарата қолланылатуғынлығын, бирақ жеке тәртиптеги исбилермен тәрепинен утып алған жер майданы бундай түрдеги объектке кирмейтуғынлығын көрсетип, биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етиўди сораған. Кассация инстанциясы судының 2025 жыл 2 октябрь күнги уйғарыўы менен исти биринши инстанция судында ис жүритиў қағыйдалары бойынша көриўге өтип, ис бойынша даўа талапларына ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасы ҳәм “Электрон-онлайн аукционларды шөлкемлестириў” акционерлик жәмийети тартылған. Кейиншелли, кассация инстанциясы судының 2025 жыл 8 октябрь күнги уйғарыўы менен иске екинши жуўапкер сыпатында “Электрон-онлайн аукционларды шөлкемлестириў” акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте екинши жуўапкер деп жүритиледи) тартылған. Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкили шағымын қоллапқуўатлап, кассациялық шағымын қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан екинши жуўапкер ўәкили аукционға дурыс шығарылғанлығын, аукцион дурыс өткерилгенлигин, сонлықтан оны ҳақыйқый емес деп табыўға тийкар жоқлығын билдирип, биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар қылыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили нызамлы шешим қабыл қылыўды сорады. 3 Суд мәжилисинде қатнасқан шерик жуўапкер жеке тәртиптеги исбилермен КМА кассациялық шағымды қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўды сорады. Суд мәжилиси өткерилетуғын ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынған үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 297-статьясының төртинши бөлимине муўапық, кассация инстанция судының суд мәжилисине суд долалаўын өткериў ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынған, кассациялық шағымын (протестти) берген шахстың ҳәм исте қатнасыўшы басқа шахслардың келмегенлиги исти олардың қатнасыўысыз көриўге тосқынлық қылмайды. Сонлықтан, судлаў коллегиясы исти үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз қараўды лазым тапты. Кассация инстанциясы суды исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиниклерин ҳәм прокурордың пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып шешиўши қарарды бийкар қылыўды, кассациялық шағымды қанаатландырыўды лазым тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2024 жыл 7 март күнги 144-13-0-Q/24-санлы қарары менен қала аймағындағы ҳәкимликтиң жер фондында турған аўыл хожалығына мөлшерленбеген “Темир жол” МПЖ аймағынан жәми 3,165 гектар жер майданы көкелемзарластырыў ҳәмде заманагөй ландшафт майданлары ушын даўагерге турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратып берилген. Усы қарар тийкарында ажыратылған жер майданының 102 кв.метр бөлегин ижараға бериў мақсетинде, даўагер жуўапкерге арза менен мүрәжат еткен. Сонлықтан, жуўапкер Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023 жыл 14 декабрь күнги 660-санлы қарарына тийкар 13148769-лот номери менен электрон аукционға қойып, 2025 жыл 19 февраль күнги өткерилген электрон аукцион нәтийжеси менен шерик жуўапкер жеңимпаз деп табылып, D -1245797-санлы баянлама рәсмийлестирилген ҳәмде 2025 жыл 20 февраль күни үш тәреплеме 1024126/123-25-санлы ижара шәртнамасы дүзилген. Кейиншелли, даўагер жуўапкер ҳәмде шерик жуўапкерлерге үш тәреплеме дүзилген ижара шәртнамасын өз-ара ықтыярый бийкар қылыўды усыныс еткен. Бирақ, бул усыныс жуўапкер ҳәмде шерик жуўапкерлер тәрепинен жуўапсыз қалдырылған. Сонлықтан, Нөкис қаласы прокуратурасы даўагер мәпин гөзлеп судқа даўа арзасы менен мүрәжат етип, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023 жыл 14 декабрь күнги 660-санлы қарары тийкарында даўагерге абаданластырыў ҳәм көкелемзарластырыў мақсетинде ажыратылған 4 жер майданларын ижараға бериўге қолланылмайтуғынлығы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022 жыл 20 апрель күнги 200-санлы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022 жыл 13 октябрь күнги 591-санлы қарарлары талапларына көре, алып барылған қурылыс ҳәм жеңил конструкциялық қурылмалары қурылыс бөлимлери менен келисилиўи белгилеп қойылған болсада, ижараға алынған жер майданында алып барылған қурылыс ислери бөлим менен келисилмегенлиги себепли, 2025 жыл 19 февраль күни өткерилген аукционды, оның нәтийжеси ҳәм 2025 жыл 20 февраль күни үш тәреплеме дүзилген 1024126/123-25-санлы ижара шәртнамасын ҳақыйқый емес деп табыўды сораған. Биринши инстанция суды тәрепинен материаллық ҳуқық нормалары надурыс қолланып, даўа арзаны қанаатландырыў ҳаққында надурыс жуўмаққа келген. Себеби, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023 жыл 14 декабрь күнги “Мәмлекетлик мүлкти ижараға бериў тәртибин және де жетилистириў ҳаққында”ғы 660-санлы қарары менен тастыйықланған “Мәмлекетлик мүлкти ижараға бериў тәртиби ҳаққында”ғы Реже 1-бәнтиниң төртинши хатбасына муўапық, усы Режениң әмел қылыўы, абаданластырыў ҳәм зәрүр жағдайда сақлаў бойынша инвестициялық миннетлемелерди алған ҳалда материаллық мәдений мийрас объектлери ҳәм оларға тутас аймақларды ижараға бериўге қарата қолланылмайды. Яғный, бул Реже материаллық мәдений мийрас объектлери ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў ҳәм зәрүр жағдайда сақлаў бойынша инвестициялық миннетлемелерди алған ҳалда ижараға бериўге қарата қолланылмаслығы белгиленген. Соның менен бирге, даўагер өз даўа талабының тийкары сыпатында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022 жыл 20 апрель күнги “Қурылыс тараўына байланыслы бирден-бир административлик қурылыс регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 200-санлы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022 жыл 13 октябрь күнги 591-санлы қарарларына тийкарланған. Бирақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022 жыл 20 апрель күнги “Қурылыс тараўына байланыслы бирден-бир административлик қурылыс регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 200-санлы қарары менен қурылыс тараўына байланыслы бирден-бир административлик қурылыс регламентлери тастыйықланған болып, бул регламентлер юридикалық ҳәм физикалық шахсларға тийисли болған имарат ҳәм объектлердиң сыртқы көринисин өзгертиўди келисиў тәртибин белгилеп, тәреплер ортасында жүзеге келген бул даўға қолланылыўы мүмкин емес. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022 жыл 13 октябрь күнги “Көшпели саўда жумысын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде жер участкаларын ажыратыўдың ҳәмме ушын тең, ашық-айдын ҳәм базар принциплерине тийкарланған тәртибин енгизиў мүнәсибети менен Министрлер Кабинетиниң “Көшпели саўда жумысына заманагөй мәлимлеме технологияларын буннан былай да кеңнен енгизиў ҳәмде саўда автоматы арқалы усақлап сатыў саўда искерлигин тәртипке салыў 5 илажлары ҳаққында”ғы 2021 жыл 3 августтағы 485-санлы қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы 591-санлы қарары тийкарынан 485-санлы қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ушын қабыл қылынған. Бирақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021 жыл 3 августтағы “Көшпели саўда жумысына заманагөй мәлимлеме технологияларын буннан былай да кеңнен енгизиў ҳәмде саўда автоматы арқалы усақлап сатыў саўда искерлигин тәртипке салыў илажлары ҳаққында”ғы 485-санлы қарары, 100 квадрат метрден көп болмаған, ўақтынша тийкарда жайластырылған ҳәм (ямаса) мәўсимлик характерге ийе болған, сондай-ақ, қәлеген ўақытта басқа орынға аңсат көшириў ҳәм жыйнаў мүмкин болған көшпели саўда объектлери (лотоклар, палаткалар, саўда арбалары, прилавкалар, автодуконлар, автотиркеме, автоцистерналар, фудтраклар, тонарлар, саўда автоматлары, мобил контейнерлер, жеңил конструкциялар, усы сыяқлы ҳәм усыған уқсас басқа көшпели саўда объектлери)н “K-S VDO” автоматластырылған мәлимлеме системасы аркалы дизимнен өтип шөлкемлестириўди тәртипке салады. Яғный, даўа талабында ҳақыйқый емес деп табыў соралған аукцион Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023 жыл 14 декабрь күнги “Мәмлекетлик мүлкти ижараға бериў тәртибин және де жетилистириў ҳаққында”ғы 660-санлы қарарына тийкар өткерилгенлиги себепли, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021 жыл 3 августтағы “Көшпели саўда жумысына заманагөй мәлимлеме технологияларын буннан былай да кеңнен енгизиў ҳәмде саўда автоматы арқалы усақлап сатыў саўда искерлигин тәртипке салыў илажлары ҳаққында”ғы 485-санлы қарары талаплары бул жағдайда қолланылмайды. Жоқарыдағылардан келип шығып, даўагердиң даўа талаплары тийкарсыз есапланады. ЭПК 301-статьясы биринши бөлиминиң 2-бәнтине тийкар, кассация инстанциясы суды кассациялық шағымды (протестти) көрип шығыў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарын толық яки қысман бийкар қылыўға ҳәм жаңа қарар қабыл қылыўға ҳақылы. ЭПК 302-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар, ис ушын әҳмийетли жағдайлардың толық анықланбағанлығы, 4-бәнтине тийкар, материаллық ҳәм (яки) процессуаллық ҳуқық нормаларының бузылғанлығы ямаса надурыс қолланылғанлығы, биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгертиўге яки бийкар қылыўға тийкар болады. Усы статьяның екинши бөлиминиң 3-бәнтине муўапық, нызамшылық ҳүжжетиниң надурыс талқыланғанлығы, материаллық ҳуқық нормаларының бузылыўы яки надурыс қолланылыўы есапланады. Баян етилгенлерден келип шығып, кассация инстанция суды биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар қылыўды, жаңа қарар қабыл қылыўды, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды, кассациялық шағымды қанаатландырыўды лазым табады. 6 ЭПК 118-статьясының биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес олардың мойнына жүклетиледи. Сонлықтан, судлаў коллегиясы, ис биринши инстанция судында корип шығылғанлығы ушын даўагерден республика бюджетине 7.500.000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, Нөкис қаласы прокуратурасы тәрепинен даўа арза ушын төлеген 37.500 сом почта қәрежетин оның мойнында қалдырыўды, кассация инстанциясы ушын даўагерден жуўапкердиң пайдасына 3.750.000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41.200 сом почта қәрежетин ҳәмде даўагерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине, суд мәжилиси видеоконференциялық байланыс режиминде өткерилгенлиги менен байланыслы, 103.000 сом суд қәрежетин өндириўди лазым табады. Усы жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 166, 301-303-статьяларын қоллап, кассация инстанция суды қ а р а р е т т и: Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 16 июль күнги шешиўши қарары бийкар етилсин. Жаңа қарар қабыл қылынсын. Нөкис қаласы прокуратурасының даўагер Нөкис қаласы Абаданластырыў басқармасының мәпинде берилген даўа арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Кассациялық шағым қанаатландырылсын. Даўагер Нөкис қаласы Абаданластырыў басқармасынан республика бюджетине 7.500.000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Нөкис қаласы прокуратурасы тәрепинен даўа арзасы ушын толенген 37.500 сом почта қәрежети мойнында қалдырылсын. Даўагер Нөкис қаласы Абаданластырыў басқармасынан жуўапкер Мәмлекетлик мүлк объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы пайдасына 3.750.000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41.200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўагер Нөкис қаласы Абаданластырыў басқармасынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103.000 сом суд қәрежети өндирилсин. Қарарға тийкар орынлаў хатлар берилсин. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен ревизия тәртибинде шағым етиўге (прокурор протест келтириўге) ҳақылы. Басшылық етиўши: Г.Зарипова коллегия ағзалары: Н.Балтабаева У.Сабиров