Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-1001-2507/93504 Дата решения 14.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID fb6718ea-7711-4724-85a0-9666e3a365b5 Claim ID PDF Hash 055e56514a68e763... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-1001-2507/93504-санлы ис Нөкис қаласы Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Судья С.Ниязов 2025-жыл 14-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили *** (2025-жыл 11-февраль күнги 17-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, даўагер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 1 440 813 978 сом тийкарғы қарызын, 720 406 989 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы ҚЛ А Д Ы: Даўагер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 1 440 813 978 сом тийкарғы қарызын, 720 406 989 сом пеня өндириўди сораған. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкер тәреп пенен ортасында шәртнама дүзилгенлигин, шәртнамаға муўапық көмир өнимлери сатылғанлығын ҳәм жуўапкер қабыл етип алғанлығын, бирақ усы күнге шекем төлем әмелге асырылмағанлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128-статьясына көре, егер суд экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы өзине жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасын алғанлығы яки усы Кодексте нәзерде тутылған басқа усылда хабардар етилгенлиги туўрысында суд мәжилиси басланғанына шекем мағлыўматларға ийе болса, усы қатнасыўшы тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады. Экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы төмендеги жағдайларда да суд тәрепинен тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады, егер: уйғарыў жолланған шахс уйғарыўдың көширме нусқасын алыўдан бас тартқан ҳәм усы бас тартыў ҳаққында жазыў бар болса; суд тәрепинен юридикалық шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан орны (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мәкемеси судты хабардар еткен болса; уйғарыўдың көширме нусқасы суд тәрепинен электрон почта арқалы яки хабардар етилгенлик фактин тастыйықлаўшы басқа байланыс қуралларынан пайдаланған ҳалда жиберилген күннен баслап үш күн өткен болса. ЭПКниң 129-статьясы биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы шахслар ис жүритиў ўақтында өз мәнзили өзгергенлиги ҳаққында судқа хабар бериўи шәрт. Бундай хабар келмеген жағдайда, уйғарыўдың көширме нусқасы 2 судқа мәлим болған ақырғы мәнзилге жиберилип, ҳәттеки алыўшы усы мәнзилде болмаса да яки жасамаса да ол жеткерип берилген деп есапланады. Жуўапкердиң судқа мәлим болған ақырғы жайласқан орны (почта мәнзили) бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мәкемеси судты хабардар еткен. Сондай-ақ, судқа жуўапкердиң мәнзили өзгергенлиги ҳаққында хабар келип түспеген. Бул жағдайда жуўапкер тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады. Сонлықтан, суд ЭПКниң 128, 129, 170-статьяларына тийкар исти жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд исте қатнасыўшы шахс ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендегилерге тийкар даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. ПК 386-статьясының биринши бөлимине тийкар алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп (сатыўшы) товарды басқа тәреп (сатып алыўшы)ке мүлк қылып тапсырыў миннетлемесин, сатып алыўшы болса товарды қабыл етиў ҳәм оның ушын белгиленген пул суммасы (баҳасы)н төлеў миннетлемесин алады. ПК 421-статьясының биринши бөлимине тийкар алды-сатты шәртнамасында товар ҳақысын ол сатыўшыға тапсырылғаннан соң мәлим ўақыт өткен соң төлеў (товарды несийеге сатыў) нәзерде тутылған ҳалларда сатып алыўшы товар ҳақысын шәртнамада көрсетилген мүддетте, егер шәртнамада бундай мүддет нәзерде тутылған болмаса, усы Кодекстиң 242-статьясына муўапық белгиленген мүддетте төлеўи лазым. ПКниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Ис ҳүжжетлерине қарағанда, бул даўа тәреплер ортасында 2023-жыл 23октябрь күни дүзилген 45 ҳәм 46-санлы алды-сатты шәртнамаларынан ҳәм 2023жыл 15-ноябрь күнги қосымша келисимлеринен келип шығып, шәртнаманың 1 ҳәм 2-бөлимлерине муўапық, даўагер тәрепинен жуўапкерге баҳасы жәми 1 440 813 978 сомлық көмир өнимлери сатылған, жуўапкер болса төлемлерди әмелге асырмаған. Бул истеги шәртнама, есапбет-фактура, талапнама ҳәм суд мәжилисиндеги тәреп ўәкилиниң түсиндирмелери менен тастыйықланады. Даўагер тәрепинен жуўапкерге жиберилген 2023-жыл 26-декабрь, 2024жыл 16-август күнги талапнамалар жуўапсыз қалдырылған, төлем әмелге асырылмаған. Бул жағдайда, даўагердиң жуўапкерден 1 440 813 978 сом қарызын өндириў талабы тийкарлы есапланады. ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде 3 орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги “Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири шәртнама миннетлемелерин орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп бериўи белгиленген. Шәртнаманыӊ 7.2-бәнтине муўапық, қарыйдар сатыўшыға төлемлер кешиктирилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген төлемниң 0,5 % муғдарында, бирақ кешиктирилген төлем баҳасының 50 пайызынан аспаған ҳалда пеня төлейди. Даўагер тәрепинен жуўапкерге кешиктирилген төлем суммасының 50 пайызынан артық болмаған муғдарда жәми 720 406 989 сом пеня есаплап өндириў соралған. Суд, жуўапкерден даўагер пайдасына 720 406 989 сом пеня өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды. ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги түсиндирилген. Сонлықтан, суд пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин ҳәм кредитор мәплерин итибарға алып, пеня муғдарын 145 000 000 сомға кемейтириўди мақул табады. ЭПКниң 118-статьясының биринши бѳлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерге көре, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 1 440 813 978 сом тийкарғы қарызын, 145 000 000 сом пеня, төленген 43 224 419,34 сом мәмлекетлик бажы ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин ѳндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд 4 ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 1 440 813 978 сом тийкарғы қарызы, 145 000 000 сом пеня, 43 224 419,34 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежети ѳндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов