← Назад
Решение #2882420 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1982-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья С.Ниязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 14-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде,
даўагер банк ўәкили *** (2025-жыл 31-январь күнги 02-09/497-санлы исеним
хат тийкарында)тың қатнасыўында, ***ның даўагер АК «***» мәпинде
жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер пайдасына
6 300 000 сом мүддети өткен кредит қарызын, 2 900 000 сом пайыз
қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған
экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
*** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер АК «***»
(буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа
даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" ЖШЖ (буннан кейин текстте
жуўапкер деп жүритиледи)нен даўагер пайдасына кредит бойынша 6 300 000
сом мүддети өткен кредит қарызын,
2 900 000 сом пайыз қарыздарлықты
өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўа арзаны қоллап-қуўатлап,
жуўапкердиң бүгинги күнде кредиттен қарыздарлығы төленбестен көбейип
баратырғанлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер, Палата суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли
тәртипте хабардар етилген болыўына қарамастан суд мәжилисине келмеди.
Палата өз даўа арзасында исти өз ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди
сораған.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьясына
тийкар исти Палата, жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул
табады.
Суд исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмесин тыңлап, истеги
топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып
даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты.
Ис материалларына қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 21апрель күни 246-санлы кредит шәртнамасы дүзилген.
Шәртнамаға тийкар жуўапкерге айланба қаржыларын толтырыў ушын
24 ай мүддетке, жыллық 21,5% төлеў шәрти менен 50 000 000 сом муғдарында
кредит ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер
миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым
дәрежеде орынланыўы шәрт.
2
ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы
бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши
тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм
шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса
алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў
миннетлемесин алыўы белгиленген.
Кредит шәртнамасының 2.4, 2.7 ҳәм 4.3.1-бәнтлерине муўапық
шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер
кредит қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған.
Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбағанлығы нәтийжесинде жуўапкердиң 2025-жыл 23-сентябрь
жағдайына мүддети өткен кредит қарызы 6 300 000 сом, пайыз қарызы
2 900 000 сомды қураған. Бул, банк мағлыўматнамасы менен тастыйықланады.
Бул жағдайда, даўагердиң жуўапкерден кредит бойынша 6 300 000 сом
мүддети өткен кредит қарызын, 2 900 000 сом пайыз қарыздарлықты өндириў
талабы тийкарлы есапланады.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ үшинши бөлимине муўапық даўагер
төлеўден белгиленген тәртипте азат етилген мәмлекетлик бажы, егер
жуўапкер бажыдан азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары
муғдарына сәйкес рәўиште жуўапкерден республика бюджет пайдасына
өндириледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўаны қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер банк пайдасына 6 300 000 сом мүддети өткен кредит
қарызын, 2 900 000 сом пайыз қарыздарлықты, 41 200 сом почта қәрежетин
өндириўди, жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик
бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Даўа арза қанаатландырылсын.
Жуўапкер "***" ЖШЖнен даўагер АК «***» пайдасына 6 300 000 сом
мүддети өткен кредит қарызы, 2 900 000 сом пайыз қарызы, 41 200 сом почта
қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер
"***"
ЖШЖнен
республика
бюджетине
412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест келтириўге) бериўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов