← Назад
Решение #2882625 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1994-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 14-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер банк
ўәкили ** (2025-жыл 10-июнь күнги 2640/13-05-1068-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкерден баслық **, қосымша жуўапкер ўәкили ** (2025жыл 13-октябрь күнги 5-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында,
даўагер ***ниң жуўапкер Нөкис қаласы “**” ЖШЖнен ҳәм қосымша
жуўапкер Нөкис қаласы “” ЖШЖнен 94 703 946 сом тийкарғы кредит қарыз,
16 273 988 сом процент, 17 460 408 сом пеня, төленген 41 200 сом почта
қәрежетин өндириў, өндириўди гиреўдеги мүлклерине қаратыў, гиреў
мүлкиниң басланғыш баҳасын белгилеў ҳаққындағы даўа арзасы ҳәм қосымша
ҳүжжетлери менен танысып шығып, даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин
суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер *** жуўапкер “**” ЖШЖнен ҳәм қосымша жуўапкер “”
ЖШЖнен 94 703 946 сом тийкарғы кредит қарыз, 16 273 988 сом процент, 17
460 408 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди гиреўдеги
мүлклерине қаратыўды, гиреў мүлкиниң басланғыш баҳасын белгилеўди
сораған.
Суд мәжилисинде банк ўәкили даўа арза талаплары тийкарлы болыўы
себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисинде банк қарызларын тән алатуғынын ҳәм оны
сөндириў илажлары көрилип атырғанын билдирип, финанс жақсы емеслигине
байланыслы даўаның пеня ондириў талабын кемейтиўди сорады.
Қосымша жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде мүлклери гиреўге
қойылғанын тән алатуғынын билдирип, истеги жуўапкер менен биргеликте
банк қарызларын сөндириў илажлары көрилетуғынын билдирип, нызамлы
шешим қабыл етиўди соорады.
Суд, ис материалларын үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң
түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талапларын қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК
деп жүритиледи)ниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп
- банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз
алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында
пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын процентлер төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
2
Истеги ҳүжжетлерге ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм жуўапкер
орталарында 2023-жыл 30-январь күни 49-санлы дүзилген кредит
шәртнамасына тийкар, банк тәрепинен жуўапкерге 36-ай мүддетке, жыллық
28% ставкада 300 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған.
Кредит мақсети тийкарғы қуралларына аўысық бөлеклер сатып алыў
болып белгиленген.
Кредит шәртнамасының 4.3, 4.4-бәнтлерине муўапық, жуўапкер кредит
ҳәм процент төлемлерин белгиленген график бойынша төлеп барыў
миннетлемесин алған болсада, шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбаған.
Кредит қайтымын тәмийинлеў мақсетинде банк, жуўапкер ҳәм қосымша
жуўапкер орталарында 2023-жыл 31-январь күни гиреў шәртнамасы дүзилген.
Бул шәртнамаға муўапық, қосымша жуўапкерге тийисли 2020-жылы ислеп
шығарылған, D MAX IRBUS-маркалы, мәмлекетлик белгиси 95 177 ZAA
автотранспорт қуралы ҳәмде 2014-жылы ислеп шығарылған, GAZ 330202 288маркалы, мәмлекетлик белгиси 95 483 ZAA автотранспорт қуралы гиреўге
қойылған.
Тәреплердиң келисиминде 95 177 ZAA автотранспорт қуралы
275 000 000 сомға ҳәм 95 483 ZAA автотранспорт қуралы 100 000 000 сомға
баҳаланған.
Өзбекстан Республикасы «Гиреў ҳаққында»ғы Нызамының 27-статьясы
биринши, үшинши бөлимлерине ҳәмде ПК 280-статьясы биринши, үшинши
бөлимлерине тийкар, гиреўге алыўшының (кредитордың) талаплары гиреўге
қойылған көшпес мал-мүлк бахасынан судтың қарарына муўапық
қандырылады ҳәмде егер гиреўге қойўышының гиреўге алыўшы менен
келисимде басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса, гиреўге алыўшының
талаплары гиреўге қойылған көшер мал-мүлк есабынан суд ҳүжжетине
муўапық қандырылады. Егер нызамда басқаша тәртип белгилеп қойылған
болмаса, өндириў гиреўге алыўшыға тапсырылған гиреў нәрсесине гиреў
ҳаққындағы шәртнамада белгиленген тәртипте қаратылыўы мүмкин.
Банк мағлыўматында жуўапкердиң 2025-жыл 26-сентябрь күнине
94 703 945,80 сом тийкарғы кредит қарыз, 16 273 988,08 сом процент,
17460 408,27 сом пеня қарызлары бар екенлиги көрсетилген.
Суд мәжилисинде усынылған банк мағлыўматында жуўапкердиң
қарызлары оскени анықланды. Бул қарызлар сөндирилмеген.
Кредит шәртнамасының 8.4-бәнтине муўапық, кредит ҳәм процент
төлемлерин кешиктирген жағдайда, жуўапкерге пеня төлеп барыў
миннетлемеси жүкленген. Сонлықтан 17 460 408 сом муғдарында пеня талап
қылынған.
ПК 326-статьясы екинши бөлимине көре, суд қарыздар ҳәм кредитордың
мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў
ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық
суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди
орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий
3
жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин қоллаўдың
айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнтинде түсиник
берилген.
Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 3 000 000 сом
өндириўди мақул табады.
Солай етип, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден банк
пайдасына 94 703 946 сом тийкарғы кредит қарыз, 16 273 988 сом процент,
3 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған
бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан өндирилиўи лазым.
Даўа суммасының 2% есабынан мәмлекетлик бажы жуўапкерден
мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талаплары қысман қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы “**” ЖШЖнен ***тың пайдасына 94 703 946 сом
тийкарғы кредит қарыз, 16 273 988 сом процент, 3 000 000 сом пеня, 41 200
сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз
қалдырылсын.
Өндириў “” ЖШЖне тийисли
IMBAY UMANI RÓ v I B
тәрепинен 01.06.2021-жылы берилген AAF 2947897-санлы техникалық
паспортына тийкар, D MAX IRBIS-маркалы, двигатель №UZ1239, кузов
РАҚАМСИЗ, шасси NSB FS85JLSB00134, түри-Y NGIL IKA , реңиКУЛРАНГ, мәмлекетлик белгиси 95 177ZAA, 2020-жылы ислеп шығырылған,
163-ат күшине ийе болған автотранспорт қуралына ҳәм Q r q l ǵist n
R s ublik si RÓ v I B тәрепинен 14.05.2019-жылы берилген AAF 0825481санлы техникалық паспортына тийкар, GAZ 330202 288-маркалы, двигатель
№ 421600 0600419, кузов № 330200 0760107, шасси №X96330202 2588532,
түри-жүк бортлы тент, реңи-АҚ, мәмлекетлик белгиси 95 483ZAA, 2014-жылы
ислеп шығырылған, 107-ат күшине ийе болған жүк автотранспорт қуралына
қаратылсын.
Гиреў мүлки болған 95 177 ZAA автотранспорт қуралының аукционда
басланғыш сатылыў баҳасы 275 000 000 сом муғдарында белгиленсин.
Гиреў мүлки болған 95 483 ZAA автотранспорт қуралының аукционда
басланғыш сатылыў баҳасы 100 000 000 сом муғдарында белгиленсин.
“**” ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 2 568 766,84 сом мәмлекетлик
бажы өндирилсин.
4
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов