← Назад
Решение #2882832 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1910-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 14-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Нөкис
қаласы прокурорының жәрдемшиси **, даўагер ўәкили *** (2025-жыл 27июнь күнги 01/18-4-2135-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили **
(2025-жыл 14-октябрь күнги 219-санлы исеним хат тийкарында)
қатнасыўында, даўагер ***ниң жуўапкер **нен 15 735 218 сом қарыз,
3 147 043 сом пеня, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа
арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер *** экономикалық судына мүрәжат етип, жуўапкер **нен
15 735 218 сом қарыз, 3 147 043 сом пеня, төленген почта қәрежетин
өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 07-октябрь күнги уйгарыўы менен Қарақалпақстан
Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәмде Өзбекстан
Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылық
хызмети комитети Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети
басқармасы даўа предметине өз алдына ғарезсиз талаплар менен арз
қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талаплары тийкарлы болыўы
себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде ис ҳүжжетлери менен танысыўдан
соң шөлкемниң финанс жағдайы жақсы емеслигине байланыслы даўаның пеня
өндириў талабын қанаатландырмаўды сорады.
Прокурор суд мәжилисинде даўа арза талапларын қанаатландырыў
лазым екени ҳаққындағы пикирин билдирди.
Үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 128,
170-статьяларына тийкар суд палата ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң
қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң
түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўа арзаны қанаатландырыўды мақул
тапты.
Өзбекстан Республикасы “Тәбиятты қорғаў ҳаққында”ғы Нызамының
34-статьясы 6-бөлимине тийкар қоршаған орталықты патаслағанлығы ушын,
сондай-ақ тәбияттан лимитте (нормативте) белгиленгенинен тысқары ҳәм
өзгеше тәризде ақылға сай болмаған айрықша пайдаланғанлығы ушын
компенсация төлемлери юридикалық шахстың дараматынан өндириледи.
Өзбекстан Республикасы “Атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳаққында”ғы
Нызамының 25-статьясы биринши бөлимине тийкар атмосфера ҳаўасына
зыянлы тәсир көрсеткенлиги ушын компенсация төлемлери кәрханалар,
мәкемелер ҳәм шөлкемлерден нызамшылықта белгилеп қойылатуғын
тәртипте ҳәм муғдарда өндирип алынады.
Өзбекстан Республикасы “Шығындалар ҳаққында”ғы Нызамының 23статьясы биринши бөлими бойынша шығындыларды арнаўлы ажратылған
ҳәм таярланған орынларға жайластырғанлығы ушын компенсация төлемлери
өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 12-апрель
күнги 202-санлы қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы
аймағында қоршаған табийғый орталық патаслантырылғанлығы ҳәм
шығындылар жайластырғаны ушын компенсация төлемлерди қоллаў тәртиби
ҳаққында”ғы Режеге тийкар, 2024-жыл ушын 15 735 218 сом компенсация
төлеми есапланған.
Режениң 32-бәнтине тийкар, компенсация төлемин төлеўши субъектлар
қоршаған табийғый орталық патаслантырылғанлығы ҳәм шығындылар
жайластырғаны ушын компенсация төлемлерин төлеўи шәрт деп белгиленген.
Иске қосылған электрон есап-китап ҳүжжетинде жәми 15 735 218 сом
компенсация төлемин жуўапкердиң тән алғаны тастыйықланады. Бул
жағдайда компенсация төлеминиң талап қылыныўы тийкарлы табылады.
Режениң 30-бәнтинде, компенсация төлеми кешиктирилгенде, мүддети
өтип кеткен ҳәр бир күнге қарыздың 0.1% муғдарында, бирақ қарыздың 50%
артық болмаған муғдарда пеня өндирилиўи нәзерде тутылған.
Төлемди төлеўи тийис екенлиги бойынша даўагер жуўапкерге ескертиўхат берген бөлсада, қарыз төленбеген.
Сонлықтан төлеўди кешиктиргени ушын даўагердиң қарыз суммасының
50% аспаған жағдайда 3 147 043 сом пеня талап қылғаны тийкарлы табылады.
Суд мәжилисиндеги жуўапкер ўәкилиниң даўаның пеня өндириў
талабын қанаатландырмаў ҳаққындағы илтимаснама-ўәжи тийкарсыз
табылады. Себеби тәреплер орталарындағы ҳуқыйқый мүнәсибет
шәртнамадан келип шықпаған яғный, Режеге тийкар компенсация төлеми
кешиктирилгенде пеня өндирилиўи белгиленген. Демек даўаның пеня талабын
қанаатландырыўсыз қалдарыў яки кемейтиў әмелдеги нызамшылыққа қайшы
саналады.
Солай етип, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер
пайдасына компенсация төлемин, пеня ҳәм почта қәрежетин өндириўди мақул
тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан өндирилиўи лазым.
Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талаплары қанаатландырылсын.
**нен ***ниң пайдасына 15 735 218 сом қарыз, 3 147 043 сом пеня, 41
200 сом почта қәрежети өндирилсин.
**нен мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов