← Назад
Решение #2882980 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1981-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2024-жыл 14-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер банк
ўәкили ** (2025-жыл 31-январь күнги 02-09/497-санлы исеним хат тийкарында)
қатнасыўында,
Өзбекстан
Саўда-санаат
палатасы
Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы (кейинги орынларда палата деп жүритиледи) даўагер
Өзбекстан Республикасы “**” акционерлик-коммерциялық банк мәпин қорғап,
жуўапкер Нөкис қаласы «**» ЖШЖнен мүддети өткен 33 700 000 сом процент,
төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша
қылынған ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Палата даўагер Өзбекстан Республикасы “**” акционерликкоммерциялық банк мәпинде жуўапкер «**» ЖШЖнен мүддети өткен
33 700 000 сом процент, төленген почта қәрежетин өндириўди сораған.
Суд мәжилисине палата ўәкили келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
Даўагер банк ўәкили суд мәжилисинде даўаның талаплары тийкарлы
болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд палата
ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд, даўагер банк ўәкилиниң түсинигин, ўәжлерин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талапларын қанаатландырыўды
мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 236-статьясына тийкар,
мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық,
бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте
қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
Усы Кодекстиң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп
- банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз
алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында
пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм жуўапкер орталарында 2025жыл 02-май күни дүзилген 270-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк
тәрепинен жуўапкерге 24-ай мүддетке жыллық 20,5% ставкада 540 000 000 сом
муғдарында кредит ажыратылған.
Ажратылған кредит мақсети жәмийетти жәнеде раўажландырыў ушын
бийдай сатып алыў болып белгиленген.
Кредит шәртнамасының 2.4, 2.7-бәнтлеринде кредит, процент төлемлерин
сөндириў миннетлемеси жуўапкерге жүкленген.
Қарызды төлеў ҳаққындағы банктың 2025-жыл 22-сентябрь күнги
талапнамасы жуўапкерге почта байланыс бөлими арқалы берилген, бирақ қарыз
төленбеген.
Иске қосылған банктиң 2025-жыл 23-сентябрь күнги мағлыўматында
жуўапкердиң 33 700 000 сом процент қарызы көрсетилген.
Суд мәжилисинде усынылған банктың 2025-жыл 14-октябрь күнги
мағлыўматында жуўапкердиң процент қарызы өскени анықланды.
Суд, даўаның талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден банк пайдасына
мүддети өткен 33 700 000 сом процент, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди
мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан өндирилиўи лазым.
Талап қылынған сумманың 2% есабынан мәмлекетлик бажы жуўапкерден
мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талабы қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы «**» ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы АКБ “**”
пайдасына мүддети өткен 33 700 000 сом процент, 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин.
«**» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 674 000 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза
бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов