Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1317 Дата решения 14.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID ccdb5cce-ae2f-4e97-bd93-e9577e53ac08 Claim ID PDF Hash 3c1a73b73637c5bc... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1317-санлы экономикалық ис УЙҒАРЫЎ Шымбай районы (ис жүритиӯди қысқартыӯ ҳаққында) судья З.Хасанова 2025 жыл 14 октябрь Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованыӊ басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер ЖШЖниң баслығы ХХХХХ, адвокат ХХХХХ (2025 жыл 06 октябрьдаги 16санлы ордер тийкарында), жуўапкер банк ўәкили Т.Абуллаев (2025 жыл 14 апрельдеги 11/31-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер АК “ХХХХХ” Қарақалпақстан Республикасы филиалы, “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмиетине қарата гиреўге қойылған мүлкти қайта баҳалаў ҳақкындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети жуўапкер АК “ХХХХХ” Қарақалпақстан Республикасы филиалы, “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмиетине қарата гиреўге қойылған мүлкти қайта баҳалаўды сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен. Даўагер тәреп суд мәжилисинде даўа талабын қоллап-қуўатлап, даўа талабын қанаатландырыўды, гиреўдеги мүлкти қайта баҳалаў ушын арнаўлы сертификатқа ийе болған “ХХХХХ” жуўапкершилигине шекленген жәмийетине тапсырыўды сорады. Жуўапкер тәреп суд мәжилисинде даўа талабын тән алмаслығын, себеби алдын гиреў мүлк тәреплердиң келисими менен баҳаланғанлығын билдирип, даўа арза талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети истиң көрилиўи ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынған болсада, суд мәжлисине келмеди. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170статьяларына тийкар исти жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ўакили қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд ис материалларын уйренип шығып, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арза бойынша исти ис жүритиӯди қысқартыӯды мақул тапты. Анықланыўынша, Банк ҳәм жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ортасында 2021 жыл 22 январь күни 2598-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шартнамаға муўапық жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине 348 000 Евро кредит ажратылган. Кредит қаржыларын қайтпаслығын тәмийинлеў ушын даўагер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли болған Нөкис қаласы, А.Досназаров көшеси 133-жайда жайласқан көтере сатыў қоймахана 1 имараты жерден пайдаланыў ҳүқықы менен (23:17:01:04:04:0047-кадастр номери) гиреў мүлки сыпатында қабыл етилген. Шымбай районлар аралық экономикалық судының 2024 жыл 06 март күнги 4-2304-2402/46-санлы шешиўши қарары менен “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң мүддети өткен 292 301 Евро кредит қарызы банк пайдасына өндирилген ҳәм өндириў даўагер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң гиреў мүлкине қаратылған. Даўагер судқа даўа арза менен мүрәжат етип, даўа арзасында гиреўге қойылған мүлкти қайта баҳалаўды сораған. Өзбекстан Республикасы ЭПКныӊ 110-статьясыныӊ 1-бәндине тийкар ис экономикалық судқа, пуқаралық ислери бойынша судқа яки ҳәкимшилик судқа тийисли болмаса экономикалық иси бойынша ис жүритиӯ қысқартылады. Бул жағдайда даўа арза бойынша қозғатылған экономикалық ис - ис жүритиўден қыскартылыўы лазым. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында” ғы 2020 жыл 6январь күнги ЎРҚ-600-санлы Нызамының 18-статьясы 1-бөлиминиң 5бәндине тийкар егер ис судқа тийисли болмаса, ис жүритиў қысқартылғанда мәмлекетлик бажы толық яки қысман қайтарылыўы белгиленген. Бул жағдайда мәмлекетлик бажы өндирилмейди. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд исти көриӯ нәтийжеси менен экономикалық иси бойынша ис жүритиӯди қысқартыўды, даўагер тәрепинен төленген почта қәрежетин даўагердиӊ мойнында қалдырыӯды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 110, 111, 195-статьяларын басшылыққа алып, суд у й ғ а р д ы: Даўагер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети жуўапкер АК “ХХХХХ” Қарақалпақстан Республикасы филиалы, “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмиетине қарата гиреўге қойылған мүлкти қайта баҳалаў ҳақкындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық иси бойынша ис жүритиӯ қыскартылсын. Уйғарыўға наразы тәреп уйғарыӯ үстинен шағым етиўге (протест келтириўге) ҳақылы. Судья: З.Хасанова 2