← Назад
Решение #2883060 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1983-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 14-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер
ўәкиллери **, ** (2025-жыл 14-октябрь күнги 36,37-санлы исеним хатлар
тийкарында) қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы (кейинги орынларда палата деп жүритиледи) даўагер
Нөкис қаласы “**” ЖШЖниң мәпин қорғап, жуўапкерлер “**” АЖнен ҳәм “**”
газ тәминаты филиалынан 234 247 551 сом қарыз, 84 329 100 сом пеня өндириў
ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Палата даўагер “**” ЖШЖниң мәпинде экономикалық судына мүрәжат
етип, жуўапкерлер “**” АЖнен ҳәм “**” газ тәминаты филиалынан 234 247 551
сом қарыз, 84 329 100 сом пеня өндириўди сораған.
Суд мәжилисине палата ўәкили келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
Даўагер ўәкиллери суд мәжилисинде даўаның талаплары тийкарлы болыўы
себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти
көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған
жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында
шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул
табады.
Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер ўәкиллериниң
түсиниклерин,
ўәжлерин
тыңлап,
даўаның
талапларын
қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп
жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан,
зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа
тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери қысылган газ жеткизип бериў
шәртнамасынан келип шыққан.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2022-жыл 11-март
күни 02-8176/3-санлы газ жеткизиў ҳаққындағы шәртнама дүзилген.
Шәртнаманың 1.1, 1.4-бәнтлеринде жуўапкер тәрепинен табий газ белгиленген
муғдарда ҳәм басымда истеги даўагерге жеткерилиўи нәзерде тутылған.
Шәртнаманың 4.4-бәнтинде даўагер-тутыныўышыға газ алдынан төлемсиз
жеткизилмейтуғыны белгиленген.
Тәреплер орталарындағы 2025-жыл 20-июнь күнги шәртнаманы бийкарлаў
ҳаққындағы 1-санлы келисимге көре, дәслепки 2022-жыл 11-март күни 02-8176/3санлы газ жеткизиў ҳаққындағы шәртнама бийкар етилген. Нәтийжеде алдынан
төленген пул қәрежети жуўапкер филиал банк есап бетинде қалған.
ПК 333-статьясы биринши бөлимине тийкар, қарыздар айыбы болған
тәғдирде миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын,
егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап
береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлаў ушын өзине
байланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе, ол айыпсыз деп
табылады.
ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен
тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Даўагер ҳәм жуўапкер тәрепинен тастыйықланған 2025-жыл 31-май күнги
салыстырыў актинде жуўапкердиң даўагерге 234 247 551 сомлық кредиторлық
қарызы анықланады.
Суд мәжилисинде усынылған 2025-жыл 10-октябрь күнине дүзилген
салыстырыў актинде жуўапкердиң даўагерге 184 247 551 сомлық кредиторлық
қарызы анықланды. Демек жуўапкер тәрепинен 50 000 000 сом қарызы қысман
сөндирилген.
Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 01-август күнги
талапнамасы жуўапсыз қалған яғный, төлемлер лазым дәрежеде әмелге
асырылмағаны себепли даўаның қарыз өндириў талабы тийкарлы табылады.
Өзбекстан
Республикасы
«Хожалық
жүргизиўши
субъектлердиң
шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында»ғы Нызамының 32-статьясы екинши
бөлимине көре, төлеўди кешиктиргени ушын қарыз суммасы 50% аспаған
жағдайда пеня талап қылыныўы мүмкин.
Сонлықтан палата тәрепинен даўагер мәпинде жуўапкерлерден жәми
84 329 100 сом пеня талап қылынған.
ПК 261-статьясы биринши бөлимине муўапық, неустойка жәрийма яки пеня
формасында болады.
ПК 326-статьясының екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм
кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған неустойканы
кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы
хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди
орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий
жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин қоллаўдың айрым
мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнтинде түсиник берилген.
Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 20 000 000 сом
өндириўди мақул табады.
Солай етип, суд даўаның талапларын қысман қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер пайдасына 184 247 551 сом қарыз, 20 000 000 сом пеня,
41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Талап қылынған сумманың 2% есабынан мәмлекетлик бажы жуўапкерден
мәмлекет бюджетине өндириледи.
ЭПК 25-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар, экономика
тараўында юридикалық шахслар ҳәмде юридикалық шахс шөлкемлестирмеген
жағдайда исбилерменлик жумысын әмелге асыратуғын ҳәм жеке тәртиптеги
исбилермен статусын нызамда белгиленген тәртипте алған пуқаралар, сондай-ақ
корпоратив даўалар бойынша ислер көрилгенде тәреплер болған пуқаралар
ортасындағы пуқаралық, ҳәкимшилик ҳәм басқа ҳуқықый мүнәсибетлерден жүзеге
келетуғын даўаларға байланыслы ислер экономика судында қаралады.
“**” газ тәминаты филиалы юридикалық шахс емеслиги ушын филиал
бойынша ис жүритиў ЭПК 110-статьясы 1-бәнтине тийкар өндиристен
қысқартылады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 110, 118,
169, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талаплары қысман қанаатландырылсын.
“**” АЖнен Нөкис қаласы “**” ЖШЖниң пайдасына 184 247 551 сом
қарыз, 20 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның
қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
“**” АЖнен мәмлекет бюджетине 6 371 533,02 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
“**” газ тәминаты филиалы бойынша ис жүритиў өндиристен
кысқартылсын.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў
(прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест
келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов