← Назад
Решение #2883125 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
****-санлы экономикалық ис
судья ****
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Беруний районы
****-жыл 14 октябрь
Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы ****
басшылығында, судья жәрдемшиси ****ң хаткерлигинде, кеңес ўәкили ****
(****-жыл 2-октябрь күнги 1-санлы исеним хат), даўагер фермер хожалығы
баслығы **** ҳәмде жуўапкер ўәкили **** (****-жыл 15-май күнги 18-санлы
исеним
хат)
лердиң
қатнасыўында,Беруний
районы
фермерлер
кеңесиниңдаўагер “**** CHAMAN” фермер хожалығы мәпин қорғап,
жуўапкер
“ASTERA
TEXTILE”
жуўапкершилиги
шекленген
жәмийетинен
****сўм пеня өндириўди сораған даўа арзасын суд имәратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Беруний районы фермерлер кеңеси(кейинги текстлерде кеңес деп
жүритиледи) “**** CHAMAN” фермер хожалығының (кейинги текстлерде
даўагер деп жүритиледи) мәпинде судқа даўа арза менен мүрәжат етип,
жуўапкер “ASTERA TEXTILE” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен
(кейинги текстлерде жуўапкер деп жүритиледи)****сўм пеня өндириўди
сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан кеңес ўәкили даўа талапларын қоллап
қуўатлап, даўа талабын толық қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан фермер хожалық баслығы даўа талапларын
қоллап қуўатлап, даўа талабын толық қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкили жәмийеттиң есап бетинде
инкассо тапсырықнамасы турғанлығын билдирип, жәмийеттиң финанслық
жағдайын есапқа алып пеняны өндирмеўди сорады.
Суд исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин тыңлап,
истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға
тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды **** тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда
ПК деб жүритиледи) 8 ҳәм ****-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
ПКниң ****-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы шәрт.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери фьючерс шәртнамасынан
келип шыққан.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда даўагер менен жуўапкер ортасында
дүзилген ****-жыл 18-октябрь күнги “Пахта шийки өними жеткерип бериў
бойынша” фьючерс шәртнамаларына тийкар даўагер (хожалық) таярлаўшы
(жуўапкер) шәртнамада көрсетилген өнимди тапсырыў, жуўапкер болса
жетистирилген өнимди қабыл етип алыў ҳәм оның **** төлеў миннетлемесин
алған.
Шәртнаманың 3.2-бөлимине тийкар жуўапкер таярлаўшы тәрепинен
хожалықдан сатып алынған өним ушын 80 пайызы өним қабыл етилген күннен
баслап 3 (үш) ис күнинен кешиктирместен, **** есап-китаплар ҳасыл
жылының 31-декабрине шекем толық әмелге асырылыўы белгиленген.
Жуўапкер
тәрепинен
миннетлемелер
лазым
дәрежеде
орынланбағанлығы **** даўагер жуўапкерден тийкарғы қарыз жәми 43 күн
кешиктирилгенлиги ушын****сўм пеня өндириўди сораған.
Суд талап етилген пеняны тийкарлы деп есаплайды.
ПК ****-статьясының үшинши бѳлимине тийкар қарыздар
миннетлемелердиң орынланыўын кешиктирип жибергенде тѳлейтуғын ҳәм
ѳткерип жиберилген мүддеттиң ҳәр бир күни ушын миннетлемениң
орынланбаған бѳлегине пайызлар менен есапланатуғын неустойка пеня
есапланады.
ПК ****-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Шәртнаманың 5.6-бәндине тийкар тапсирылған өним **** төлеў
кешиктирилген ҳәр бир күн ушын төленбеген төлеў суммасының 0,5 пайызы
муғдарында пеня төлеўи белгиленген.
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
****-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым
дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы
пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ****»ғы ****санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң ****-статьясына муўапық суд
қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде
қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-**** кредитордың мәпин
итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге **** екенлиги көрсетилген.
Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин,
пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери
тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин, даўагер тәрепинен
қарызды ѳндириў **** ѳз **** кѳрилместен пеня муғдарының ѳсиўине жол
қойғанлығын итибарға алып, неустойка муғдарын 20 пайызға
кемейтип,****,40сўм пеня өндириўди, пеня өндириў талабының қалған
бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал
кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи) ****-статьясының
биринши, екинши, бесинши ҳәм алтыншы бѳлимлерине муўапық
судқәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик
**** тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады.
Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер
тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери
жуўапкердиң мойнына жүклетиледи.
Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў **** талап
тийкарлы болып, **** оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген
ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд
қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым
болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери
жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң ****-жыл 10-октябрьдеги
«Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм **** жер ийелери хызметин және де ****
бойынша ис-иләжлар ****»ғы ПҚ-****-санлы қарарының 3-бәндинде
Фермерлер кеңеси фермер, дийқан хожалықлары ҳәм **** жер ийелери
мәплерин гѳзлеп судқа мәмлекетлик **** тѳлеместен даўа арзалары,
мәмлекет ҳәм хожалық басқарыўы органлары, жергиликли мәмлекетлик
ҳәкимият органларының қарарлары, олардың лаўазымлы шахслары исҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағымлар усыныўлары мүмкинлиги,
бунда даўа арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылғанда мәпи гѳзлеп даўа
арзасы киритилген фермер, дийқан хожалықлары ҳәм **** жер ийелеринен
мәмлекетлик **** ѳндирилмеслиги белгиленип қойылған.
Сол себепли, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына****,40сўм пеня ҳәмде **** сўм почта қәрежетин,
жуўапкерден республика бюджетине****сўм мәмлекетлик **** ѳндириўди,
даўаның тийкарсыз бөлеги бойынша **** өндирмеўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң ****, ****-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАРЕТТИ:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер “ASTERA TEXTILE” жуўапкершилиги шекленген
жәмийетинен
даўагер
“****
CHAMAN”
фермер
хожалығының
пайдасына****,40сўм пеня ҳәмде **** сўм почта қәрежети өндирилсин.
Даўа талапларының қалған бѳлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер “ASTERA TEXTILE” жуўапкершилиги шекленген
жәмийетинен республика бюджетине****сўм мәмлекетлик **** пул
өндирилсин.
Шешиўши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы **** Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы
күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарары
үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация
тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ****.
Судья
****