Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/1978 Дата решения 14.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 8b811f76-c569-4fb7-8154-edbfa54b9c42 Claim ID PDF Hash 2a6da9815687972c... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1978-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2025-жыл 14-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер банк ўәкили *** (2025-жыл 31-январь күнги 02-09/497-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, ***ның даўагер АК «***» мәпинде жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер пайдасына 20 500 000 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: *** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер АК «***» (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен даўагер пайдасына кредит бойынша 20 500 000 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлықты өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўа арзаны қоллап-қуўатлап, жуўапкердиң бүгинги күнде кредиттен қарыздарлығы төленбестен көбейип баратырғанлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер, Палата суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етилген болыўына қарамастан суд мәжилисине келмеди. Палата өз даўа арзасында исти өз ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди сораған. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьясына тийкар исти Палата, жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмесин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты. Ис материалларына қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 2-июнь күни 330-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға тийкар жуўапкерге айланба қаржыларын толтырыў ушын 36 ай мүддетке, жыллық 29% төлеў шәрти менен 300 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм 2 шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. Кредит шәртнамасының 2.4, 2.7 ҳәм 4.3.1-бәнтлерине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер кредит қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы нәтийжесинде жуўапкердиң 2025-жыл 23-сентябрь жағдайына мүддети өткен пайыздан қарызы 20 500 000 сомды қураған. Бул, банк мағлыўматнамасы менен тастыйықланады. Бул жағдайда, даўагердиң жуўапкерден кредит бойынша 20 500 000 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлықты өндириў талабы тийкарлы есапланады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ үшинши бөлимине муўапық даўагер төлеўден белгиленген тәртипте азат етилген мәмлекетлик бажы, егер жуўапкер бажыдан азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес рәўиште жуўапкерден республика бюджет пайдасына өндириледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер банк пайдасына 20 500 000 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлықты, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер "***" ЖШЖнен даўагер АК «***» пайдасына 20 500 000 сом мүддети өткен пайыз қарызы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер "***" ЖШЖнен республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест келтириўге) бериўге ҳақылы. Судья С.Ниязов