Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/1963 Дата решения 14.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 3e7d1386-3126-4334-ba4e-9ce1ae3be3c4 Claim ID PDF Hash cdee123027d9eb1c... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1963-санлы экономикалық ис Судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 14-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокурорының жәрдемшиси ***, даўагер ўәкиллери *** (2025-жыл 25март күнги 49-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер "***" ЖШЖниң жуўапкер ***нен 297 830 875,56 сом қарызын, 35 739 705 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады: "***" ЖШЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, *** (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 297 830 875,56 сом қарызын, 35 739 705 сом пеня өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 26-сентябрь күнги уйғарыўы менен Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги, Ғазнашылық хызмети басқармасы даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкиллери даўа талабын қоллапқуўатлап, жуўапкер тәрепинен қарыздарлық толық төленбей атырғанлығын, сонлықтан пеня есапланғанлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор даўаны тийкарлы екенлиги, пеня муғдарын кемейтириў лазымлығы ҳәм даўаны қысман қанаатландырыў лазымлығы ҳаққында пикир билдирди. Жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар етилген болса да, суд мәжилисинде өз ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар исти жуўапкер, үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көриўди мақул тапты. Суд исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин, прокурор пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги тийкарларға көре даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 4февраль күни 4-санлы ыссы суў жағдайындағы ыссылық энергиясын жеткизип бериў бойынша шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 1.2-бәнтине тийкар, пайдаланылатуғын ыссылық энергиясының жыллық көлеми орташа 1 481 Гкал. қураған ҳәм ай, шерек, жыл көлемлериниң бөлистирилиўи бойынша тәреплер келисимге келген. Шәртнаманың 3.3-бәнтине тийкар, пайдаланған ыссылық энергиясының алдын ала 30% төлемниң әмелге асырылыўы, қалған бөлеги 2 пайдаланғаннан кейин 30 күн ишинде әмелге асырылыўы жуўапкерге жүкленген. Шәртнаманың 3.2-бәнтине тийкар, шәртнама баҳасы 356 624 800 сом муғдарында белгиленген. Сондай-ақ, усы шәртнамаға тәреплер орталарында 2025-жыл 10-апрель күни қосымша келисим дүзилип, оған көре пайдаланылатуғын ыссылық энергиясының жыллық көлеми орташа 1 731 Гкал, шәртнама баҳасы 416 824 800 сом деп белгиленген. Шәртнама ҳәм қосымша келисим ғазнашылық бөлиминен дизимнен өткерилген. ЭПКниң 72-статьясында нызамшылыққа муўапық, анық дәлиллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген. Ис материалларына қосылған есапбет-фактуралар, салыстырыў актинде жуўапкер 297 830 875,56 сом қарызын тән алған. Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 8-сентябрь күнги 195санлы талапнамасы жуўапсыз қалдырылған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПК 333-статьясы биринши бөлимине тийкар, қарыздар айыбы болған тәғдирде миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын, егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлаў ушын өзине байланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе, ол айыпсыз деп табылады. Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 297 830 875,56 сом қарызын өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды. Шәртнаманың 6.1-бәнтине муўапық, тутыныўшы тәмийнатшыға төлем кешиктирилгенде кешиктирилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген сумманың 0.4% есабынан бирақ қарыздың 50% аспаған ҳалда пеня төлейди. Жуўапкер тәрепинен төлем кешиктирилгенлиги себепли даўагер жуўапкерден жәми 35 739 705 сом пеня талап қылған. Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 35 739 705 сом пеня өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды. ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий аҳўалы, сондай-ақ, кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 3 Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги түсиндирилген. Сонлықтан, суд пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсирин тийгизиўин есапқа алып, пеня муғдарын кемейтириўди ҳәм 5 004 000 сом пеня өндириўди мақул табады. ЭПК 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 297 830 875,56 сом қарызын, 5 004 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине жуўапкерден 6 671 412 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти : Даўа арза қысман қанаатландырылсын. ***нен "***" ЖШЖ пайдасына 297 830 875,56 сом қарызы, 5 004 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. ***нен республика бюджетине 6 671 412 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов