Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2501/2017 Дата решения 13.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья KURBANBAEV RUSTAM KURBANBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID a7faa3d9-72be-496b-a039-019b46d85dd7 Claim ID PDF Hash 302716c71d7dd33a... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2501/ХХХ-санлы ис Беруний районы судья ХХХ Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР ХХХ-жыл 13-октябрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы ХХХ басшылығында, судья жәрдемшиси Р.Юсупованың хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили ХХХ (исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, арза бериўши ХХХның қарыздар ХХХ жеке кәрханасын әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыў ҳаққындағы арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди НЫҚЛАДЫ: Арза бериўши ХХХ (кейинги орынларда текстте – арза бериўши)ның судқа арза менен мүрәжат қылып, қарыздар ХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң (кейинги орынларда текстте – қарыздар) әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўды сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан арза бериўши ўәкили арза талабын қоллап-қуўатлап, қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды сорады. Қарыздар суд мәжилисине өз ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди ҳәм өзиниң жазба пикирин усынбады. Истеги ҳүжжетлерде қарыздардың “мәнзили анықланбады” деген белгиси менен почта ҳызмети тәрепинен қайтарылған, ЭПКниң 128-статьясы 2-бөлими 3-хат басында суд тәрепинен юридик шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан жери (почта мәнзили) пуқараның жасаў орны бойныша жиберилген уғарыўдың көширме нусҳасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳам бул ҳаққында байланыс шөлкеми судты хабардар еткен болса тийисли тәртипте хабардар етилген деп есапланады. Сондай-ақ, қарыздардың дизимге алынған юридик мәнзили Беруний районы “ХХХ” МПЖ, ХХХ көшеси ХХХуй деп көрсетилген. Сонлықтан, суд 128, 170-статьяларына муўапық қарыздар ўәкили қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд арза бериўши ўәкилиниң түсинигин тыңлап ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып арзаны қанаатландырыўды, қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, қарыздар ХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийети (СТИР: ХХХ) 2018-жыл 16-апрель күни шѳлкемлестирилген болып, оның баслығы ХХХ. Қарыздардың мәнзили: ХХХ районы, ХХХ АПЖ. Қарыздардың 2025-жыл 12-сентябрь ҳалатына салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий тѳлемлерден қарызы 310 344 417,28 сўмды қурайды. Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында»ғы Нызамы (кейинги орынларда – Нызам) 45-статьясының екинши бѳлимине тийкар мәмлекетлик салық хызмети органының ҳәм басқа ўәкилликли органның қарыздарға қарата төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арзасына нызамшылыққа муўапық салықлар ҳәмде жыйымлар бойынша қарызды қайтарып алыў менен байланыслы ис-иләжлар кѳрилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша қылыныўы керек. Қарыздардың қарызын мал-мүлкинен ѳндириў ҳаққында арза бериўши тәрепинен қарар(лар) шығарылып, мәжбүрий орынлаў бюросына орынлаў ушын жиберилген. Бирақ мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен арза бериўшиниң қарар(лар)ы Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамы 40-статьясының 3-бәндине тийкар қарыздардың пул қаржылары жоқлығы, мал-мүлки анықланбағанлығы ҳәм хатлаў имканияты болмағанлығы себепли орынлаўсыз қайтарылған. Нызамның 241-статьясына муўапық өз хызметин сапластырған қарыздар жеке тәртиптеги исбилермен яки сапластырылып атырған юридикалық шахстың баслығы жоқ ҳәм олардың жайласқан жерин (жасаў орнын) анықлаўдың имканияты болмаған жағдайда, жоқ қарыздарды төлеўге қәбилийетсиз деп табыў ҳаққындағы арза, кредиторлық қарызы муғдарына қарамастан, кредитор, ўәкилликли мәмлекетлик орган, мәмлекетлик салық хызмети органы яки басқа ўәкилликли орган тәрепинен берилиўи мүмкин. Бул жағдайда қарыздардың мал-мүлкиниң жоқ екенлиги, қарызын төлеў мүддети өткенлиги онда төлеўге қәбилийетсизлик белгилери бар деп есаплаўға, қарыздарды Нызамның 241-статьясына тийкар төлеўге қәбилийетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўға тийкар болады. Сонлықтан, суд арзаны қанаатландырыўды ҳәм қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўды лазым табады. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118-статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «в» киши бәндинде шѳлкемлер ҳәм пуқараларды банкрот деп табыў ҳаққындағы арзалардан базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрьдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша даўа арза ҳәм арзалардан базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети ѳндирилетуғынлығы белгиленген. Арза бериўши тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сўм почта қәрежети тѳленген. Сонлықтан, суд қарыздардан Республика бюджетине базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында, яғный 1 236 000 сўм мәмлекетлик бажы пул ҳәм арза бериўши пайдасына ис бойынша төленген 41 200 сўм почта қәрежетин өндириўди мақул тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып, Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында»ғы Нызамы 241-статьясын ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179, 210статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР TTИ: 1. Арза бериўшиниң талабы қанаатландырылсын. 2. Қарыздар ХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийети әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табылсын ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиў баслансын. 3. ХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан ХХХ пайдасына 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. 4. ХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан республика бюджетине 1 236 000 сўм мәмлекетлик бажы пул өндирилсин. Орынлаў хатлар берилсин. 5. Шешиўши қарар дәрҳал орынлаўға қаратылсын. 6. Шешиўши қарар үстинен қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте яки нызамлы күшине кирген ҳәмде апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза, прокурор протест келтириўге ҳақылы. Судья ХХХ