Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2502/2024 Дата решения 13.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 5bb55e44-c39e-47e6-87a0-c8f690c6ec1f Claim ID PDF Hash bf2cdf1e9efc9ddc... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2502/2024-санлы экономикалық ис судья Б.С.Убайдуллаев Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАР Беруний районы 2025-жыл 13-октябрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси С.Кучкаров хаткерлигинде, Кеңес ўәкили О.Розимов (исеним хат тийкарында), даўагер ўәкили М.Даўлетияров (баслық), жуўапкер ўәкили Д.Мамбетсалиев (2025-жыл 15-май күнги 18-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, Беруний районы фермерлери кеңесиниң даўагер “Нурислам Анира” фермер хожалығы мәпин қорғап, жуўапкер “ STER TEXTILE” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен 74 780 487 сўм пеня өндириӯди сораған даўа арзасын суд имәратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Беруний районы фермерлери кеңеси (кейинги текстлерде Кеңес деп жүритиледи) “Нурислам Анира” фермер хожалығының (кейинги текстлерде даўагер деп жүритиледи) мәпин қорғап, судқа даўа арза менен мүрәжат етип, “ STER TEXTILE” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен (кейинги текстлерде жуўапкер деп жүритиледи) 74 780 487 сўм пеня өндириўди сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан Кеңес ўәкили даӯа талапларын қоллап қуӯатлап, даўа талабын толық қанаатландырыўды, жуўапкерден 74 780 487 сўм пеня сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даӯа талапларын қоллап қуӯатлап, даўа талабын толық қанаатландырыўды, жуўапкерден 74 780 487 сўм пеня сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкили экономикалық жағдайы тѳменлиги себепли пеня ѳндириў талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўди сорады. Суд исте қатнасқан тәреплер ўәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституцияси 55-статьясының биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы. Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи. Ҳәр кимге бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў ушын оның жумысы нызамда белгиленген мүддетлерде ўәкилликли, ғәрезсиз ҳәм де қалыс суд тәрепинен көрип шығылыўы ҳуқықына кепиллик бериледи. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК деб жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери фьючерс шәртнамасынан келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда даўагер менен жуўапкер ортасында дүзилген 2024-жыл 21-октябрь күнги 7196600-санлы “Пахта шийки зат өнимин жетистириў ҳәмде сатып алыў бойынша” фьючерс шәртнаманың 2-бөлимине тийкар даўагер жуўапкерге пахта шийки зат өнимин жеткизип бериў, жуўапкер болса шәртнаманың 3.2-бәнтинде товар суммасының 80 пайызын товар қабыл етилгеннен кейин 3 күн ишинде төлеў, қалған бөлимин ҳасыл жылының 31 декабрге шекем төлеў миннетлемесин алған. Даўагер тәрепинен шәртнамаға тийкар жуўапкерге жәми 766 768 000 сўмлық өнимлер жеткизип берилген. Даўагер жуўапкер тәрепинен шәртнаманың 3.2-бәнтинде товар суммасының 80 пайыз төлемлер мүддети 2024-жыл 25-декабрь күнине шекем кешиктирилгенлиги ушын 63 361 770 сўм, қалған бөлимин яғный 20 пайыз төлемлер мүддети 2025-жыл 15-январь күнине шекем кешиктирилгенлиги ушын 11 418 717 сўм, жәми 74 780 487 сўм пеня өндириўди сораған. Даўагер жуўапкер тәрепинен шәртнаманың 3.2-бәнтинде товар суммасының 80 пайыз төлемлер мүддети 2024-жыл 25-декабрь күнине шекем кешиктирилгенлиги ушын 63 361 770 сўм, қалған бөлимин яғный 20 пайыз төлемлер мүддети 2025-жыл 15-январь күнине шекем кешиктирип төленгенлиги истеги шәртнама, электрон есап-фактуралар, АТБ “Агробанк” Беруний филиалы тәрепинен тастыйықланған есап беттен көширме, пеня есап китабы, тәреплер ўәкиллеринин суд мәжлисиндеги көрсетпелери менен тастыйықланады. ПК 261-статьясының үшинши бѳлимине тийкар қарыздар миннетлемелердиң орынланыўын кешиктирип жибергенде тѳлейтуғын ҳәм ѳткерип жиберилген мүддеттиң ҳәр бир күни ушын миннетлемениң орынланбаған бѳлегине пайызлар менен есапланатуғын неустойка пеня есапланады. ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген. Шәртнаманың 5.6-бәнтине тийкар кешиктирилген ҳәр бир күн ушын өткизип жиберилген төлеў суммасының 0,5 пайызы муғдарында пеня төлеўи белгиленген. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнти бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин, даўагер тәрепинен қарызды ѳндириў илажлары ѳз ўақтында кѳрилместен пеня муғдарының ѳсиўине жол қойғанлығын, жуўапкер тәрепинен қарыздарлық тѳленгенлигин итибарға алып, пеня муғдарын кемейтип, 10 000 000 сўм пеня өндириўди, пеня талабының қалған бѳлеги қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. ЭПК 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Жуўапкер ўәкилиниң суд мәжлисиндеги пеня өндириў талабын қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққындағы ўәжлерине қосылып болмайды. Себеби жуўапкер тәрепинен қарыздарлық кешиктирилген. Сол себепли, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 10 000 000 сўм пеня, Кеңес пайдасына 41 200 сўм почта қәрежети, жуўапкерден республика бюджетине 1 495 609,74 сўм мәмлекетлик бажы ѳндириўди, даўа талапларының қалған бѳлимин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даӯа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер “ STER TEXTILE” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер “Нурислам Анира” фермер хожалығының пайдасына 10 000 000 сўм пеня өндирилсин. Даўа талапларының қалған бѳлими қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер “ STER TEXTILE” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен Беруний районы фермерлери кеңесиниң пайдасына 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер “ STER TEXTILE” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 1 495 609,74 сўм мәмлекетлик бажы пул өндирилсин. Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Б.С.Убайдуллаев