← Назад
Решение #2883787 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1859-санлы ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 13-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Нөкис қаласы
прокурорының жәрдемшиси ***, *** ўәкили *** (2025-жыл 17-сентябрь күнги
110-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили *** (2025-жыл 13октябрь күнги 01/01-06-290-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, ***
(кейин-***) даўагер Тахыятас районы “***” фермер хожалығының мәпин
қорғап, жуўапкер *** мәмлекетлик шөлкеминен 320 072 000 сом, 4 900 000 сом
жәми 324 972 000 сом келтирилген зыян өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм
қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
*** даўагер "***" фермер хожалығының мәпинде жуўапкер ***
мәмлекетлик шөлкеминен 320 072 000 сом, 4 900 000 сом жәми 324 972 000 сом
келтирилген зыян өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 17-сентябрьдеги, 03-октябрьдеги уйғарыўлары менен
***, Өзбекстан Республикасы АКБ “***”, “***” ЖШЖти, Қарақалпақстан
Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги, Өзбекстан Республикасы
Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылық хызмети
комитети Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы,
*** ҳәм *** даўа предметине арыз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында
иске тартылған.
Суд мәжилисинде *** ўәкили "***" фермер хожалығының баслығы
***ның ден-саўлығына байланыслы суд мәжилисине келмегени ушын истиң
көрилиўин басқа күнге қалдырыў ҳаққында аўыз-еки илтимас етти.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 169-статьясы биринши бөлимине тийкар,
исте қатнасыўшы шахслардың жаңа дәлиллерди талап қылып алыў ҳаққындағы
ҳәмде исти көриў менен байланыслы басқа барлық мәселелер бойынша
арзалары ҳәм илтимаснамалары исте қатнасыўшы басқа шахслардын
пикирлери суд тәрепинен тыңланып болғаннан кейин шешиледи.
Жуўапкер ўәкили ҳәм прокурор суд мәжилисинде илтимаснама бойынша
нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Суд жуўапкер ўәкилиниң, прокурор пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге
тийкарланып, илтимаснаманы қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
1
Себеби **ның ден-саўлығы бойынша рәсмий (шыпакерден) мағлыўмат иске
қосылмады яғный, тастыйықлаўшы ҳүжжетлер усынылмады.
Суд мәжилиси даўам етип, *** ўәкили даўаның талаплары тийкарлы
болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Даўагер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд
мәжилисинде даўагер даўаның талапларын толық қанаатландырыў лазым
екенин, себеби өз ўақтында шәртнамаға тийкарланып суў алыў бойынша
жуўапкерге буйыртпа, талапнама берип келгенин, бирақ жуўапкер шәртнама
шәртлерине әмел қылмағанын, нәтийжеде зыян көргенин билдирген.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа арза талапларын тән
алмайтуғынын билдирип, даўа арзаны қанаатландырмаўды сорады.
Прокурор суд мәжилисинде даўа арзаны қанаатландырмаў лазым екени
ҳаққындағы пикирин билдирди.
Үшинши шахс - “***” ЖШЖниң ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң
көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын
өткерилген суд мәжилисинде даўагер менен орталарында фьючерс шәртнамасы
дүзилгенин билдирген.
Қалған үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди.
ЭПК 128, 170-статьяларына тийкар суд исти көриўди лазым тапты.
Суд, *** ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин,
прокурор пикирин тыңлап, ис материалларын үйренип шығып, даўа
арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК
деп жүритиледи)ниң 14-статьясына тийкар, егер нызам яки шәртнамада зыянды
кемрек муғдарда төлеў нәзерде тытылмаган болса, ҳуқықы бузылған шахс
өзине жеткизилген зыянды толық қапланыўын талап қылыўы мүмкин.
Зыян дегенде, ҳуқықы бузылған шахстыӊ бузылған ҳуқықын тиклеў
ушын қылған яки қылыўы лазым болған қәрежетлер, оныӊ мал-мүлки жоқлығы
ямаса зыянланыўы (ҳақыйқый зыян), сондай-ақ бул шахс өз ҳуқықлары
бузылмағанында пухаралық қатнасық шараятында алыўы мүмкин болған,
бирақ алалмай қалған дәраматлары (қолдан берилген пайда) тусиниледи.
Егер ҳуқықты бузған шахс буның нәтийжесинде дарамад алған болса,
ҳуқықы бузылған шахс басқа зыян менен бир қатарда қолдан берилген пайда
бундай дараматтан кем болмаған муғдарда төлениўин талап қылыўыға ҳақылы.
[СПиТ:
1.Жавобгарлик / Зарар;
2.Жавобгарлик / Ҳақиқий зарар;
3.Жавобгарлик / Бой берилган фойда]
ПК 985-статьясының биринши бөлимине муўапық, нызамсыз ҳәрекет
(ҳәрекетсизлик) себепли пуқараның шахсына яки мал-мүлкине келтирилген
зыян, сондай-ақ юридикалық шахсқа келтирилген зыян, соның ишинде қолдан
берилген пайда зыянды келтирген шахс тәрепинен толық көлемде қапланыўы
лазым.
2
Истеги ҳүжжетлерге карағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 21апрель күни суўдан пайдаланыў ҳаққындағы 139-13-215IB/2025-санлы
шәртнама дүзилген.
Тахыятас районы юридикалық хызмет корсетиў орайы тәрепинен 2025жыл 21-апрель күни шәртнама жойбары әмелдеги нызамшылық талапларына
муўапық ислеп шығылғаны ҳәм оны қабыл етиў бойынша жуўмағы берилген.
Шәртнаманың 1.3-бәнтинде жуўапкер шәртнаманың 2-қосымшасында
белгиленген муғдарда ҳәм мүддетлерде суўды даўагерге жеткизип бериў, ал
даўагер болса шәртнама шәртлерине әмел қылыў миннетлемелерин өз
жуўапкершилигине алған.
Шәртнаманың 1.4-бәнтиниң 2-хат басында суў лимитлары аймақлар
бойынша тастыйықланған лимит шеңберинде ислеп шығылып, халық
депутатлары районлық ***иниң тастыйықланыўы нәзерде тутылған.
Шәртнаманың 1.5-бәнтине тийкар, суў берилетуғын жерлер суўды
басқарыў ҳәм оны өлшеў (гидропост) үскенелери менен орнатылған болыўы,
олар жарамлы, паспортлары рәсмийлестирилген, мәмлекет шөлкеминде
дизимге алынған болыўы зәрур екенлиги көрсетилген.
Шәртнаманың 3.2-бәнтинде тийкар, суў ресурсларын алыў жүзесинен
буйыртпалар даўагер суў алыў басланыўынан 10-күн алдын белгиленген
формада, суў алыўдың анық жерлерин ҳәм мүддетлерин, алынатуғын суў
муғдарын, оннан пайдаланыў яки тутыныўдың мақсетлери көрсетилген
жағдайда бериледи.
ПК 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм
нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 363-статьясы биринши бөлимине муўапық, суд шәртнама шәртлерин
талқылаўда ондағы сөз ҳәм сөзликлерди ҳаслы мәнисин итибарға алады.
Шәртнаманың шәрти анық болмаса, оның ҳаслы мәнисин оны басқа шәртлерге
ҳәм барлық шәртнаманың мәнисине салыстырыў жолы менен анықлайды.
ЭПК 68-статьясы биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр бир
шахс өз талап ҳәм қарсылықларына тийкар етип келтирип атырған
жағдайларды дәлиллеўи керек деп белгиленген.
Суд, даўагер тәрептиң ўәжлерин ҳәмде истеги ҳүжжетлерге көре даўа
арза талапларын тийкарлы деп есапламайды. Себеби даўагер шәртнаманың 1.5,
3.2-бәнти шәртлерине әмел қылғаны истеги ҳүжжетлер менен
тастыйықланбайды.
Суў берилетуғын жерлер суўды басқарыў ҳәм оны өлшеў (гидропост)
үскенелери менен орнатылғаны, олардың жарамлылығы, паспортлары
рәсмийлестирилгенлиги, мәмлекет шөлкеминде дизимге алынғаны ҳаққындағы
мағлыўматлар жоқ. Буйыртпаларда қанша метр куб муғдарда, суў алыў мәнзили
көрсетилмеген.
3
Шәртнаманың 1.4-бәнти шәртлери жуўапкер тәрепинен орынланбаған
деп есаплаўға тийкарлар бар. Себеби тастыйықланған халық депутатлары
районлық ***иниң шешими иске қосылмады.
***тиң даўагер мәпинде судқа берген даўа арзасында 320 072 000 сом
келтирилген зыянды жуўапкерден өндириў талабы қойылған.
Даўаның бул талабы тийкарсыз есапланады. Себеби иске қосылған 55519,
73385-санлы фьючерс шәртнамаларының суммалары болған 256 080 000 сом,
63 992 000 сом жәми 320 072 000 сом келтирилген зыян бойынша даўагердиң
қылған қәрежетлери, мал-мүлктиң жоғалыўы яки зыянланыўы, сарпланған
(кеткен) қәрежетлер сметасы (калькуляция) сыпатындағы дәлиллери
қосылмаған.
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳожалық суды Пленумының 2007-жыл
15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық
нызам хүжжетлерин қоллаўдын айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы
қарарының 19-бәнти биринши хат басында, зыянға шәртнама бойынша
миннетлемелери орынланбағаны яки лазым дәрежеде орынланбағаны
мүнәсибети менен тәрептиң қылған қәрежетлери, мал-мүлктиң жоғалыўы яки
зыянланыўы, сарпланған (кеткен) қәрежетлер сметасы (калькуляция)
сыпатындағы дәлиллер менен тастыйықланыўы керек деп түсиник берилген.
Сондай-ақ, ***тиң даўагер мәпинде судқа берген даўа арзасында банктан
алған кредит қарызы ушын 4 900 000 сом төленгени келтирилген зыян
сыпатында жуўапкерден өндириў талабы қойылған.
Истеги даўагер ҳәм банк орталарында 2025-жыл 07-март күни дүзилген
кредит шәртнамасында жуўапкершилик мәселеси өз алдына шешилиўи нәзерде
тутылған.
Атап айтқанда, кредит шәртнамасының 3.3.6-бәнтине көре, кредит ҳәм
оған есапланган процент төлемлерин белгиленген мүддетлерде сөндириў, ал
3.3.7-бәнтине көре, ликвидли мал-мүлклерин қарыздарлықты қаплаў
мақсетинде банкке тапсырыў миннетлемеси фермер хожалығына жүкленген.
Буннан тысқары кредит шәртнамасының жуўапкер қатнасыўшы емес. Бул
жағдайда жуўапкерден банк есабына төленген пулларды өндириў талабы
тийкарсыз табылады.
Жоқарыдағылар есапқа алынғанда, даўа арза қанаатландырыўсыз ҳәм
төленген почта қәрежети даўагер мойнында қалдырылыўға жатады.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының
9-статьясына көре *** мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилгенлиги себепли
мәмлекетлик бажы өндирилместен қалдырылады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-октябрьдеги
«Фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер участкалары искерлигин
жәнеде раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы
ПҚ-3318-санлы қарарының 3-бәнти бесинши хатбасына муўапық фермер,
дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери мәплерин қорғап судқа
мәмлекетлик бажы төлеместен даўа арзалар, мәмлекет ҳәм хожалық басқарыўы
4
органлары, жергиликли ҳәкимияты органларының қарарлары, олардың
лаўазымлы шахслары ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен наразылық арза
усыныў, бунда даўа арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылғанда мәпи қорғалып
даўа арзасы киритилген фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер
ийелеринен мәмлекетлик бажы өндирилмейди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ:
Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
*** ўәкилиниң истиң көрилиўин басқа күнге қалдырыў ҳаққындағы
илтимаснамасы қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза
бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов
5