Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2504/1382 Дата решения 13.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BEKMURATOV BAYRAMBEK TENGELBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 4359e4b5-f2d2-4a6b-87e5-a76fcbe26ba3 Claim ID PDF Hash 905b9867aad14a74... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2504/1382-санлы экономикалық ис судья Б.Т.Бекмуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025-жыл 13-октябрь Шымбай районлараралық экономикалық суды судьясы Б.Бекмуратовтың басшылығында, судья жәрдемшиси К.К.Данияровтыӊ хәткерлигинде, тәреп ўәкиллери қатнасыўысыз, даўагер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ жуўапкер ХХХ мәмлекетлик шөлкеминен 288 595 211,84 сом тийкарғы қарыз ҳәм 144 297 605,92 сом пеняны өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти өз суды имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы ҚЛ А Д Ы: Даўагер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи), жуўапкер ХХХ мәмлекетлик шөлкеминен (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) 288 595 211,84 сом тийкарғы карыз, 144 297 605,92 сом пеняны өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Шымбай районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 26-сентябрь күнги уйғарыўы менен иске Қарақалпақстан Республикасы экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы бойынша Ғазнашылық басқармасы даўа предметине арз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында тартылған. Даўагер судқа илтимаснама менен мүрәжаат етип, онда суд мәжлисин өз ўәкили қатнасыўысыз көрип шығыўды сораған. Жуўапкер судқа илтимаснама менен мүрәжаат етип, онда даўа талапларын тән алып, ҳәзирги ўақытта материаллық жағдайы төменлигин есапқа алып, талап қылынған пеня муғдарын кемейтип бериўди сораған. Жуўапкер ҳәм үшинши шахс ўәкиллери суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзлериниң жазба пикирлерин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкер ҳәм үшинши шахстың суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына муўапық олардың қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги тийкарға көре даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте - ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери хызмет көрсетиў шәртнамаларынан келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 06-сентябрь күни 13/АБЗ-санлы 34 524 454,80 сомлық, 2025-жыл 05-май күни АБЗ/10-санлы 206 284 276,80 сомлық ҳәм 2025-жыл 01-июнь күни АБЗ/14-санлы 49 917 985,60 сомлық асфальт өнимин таярлап бериў шәртнамалары дүзилген ҳәм усы шәртнамаларда көрсетилген соммаларға есапбет-фактуралар тастыйықланған. Усы шәрнамаларға муўапық “өним таярлап бериўши” өзиниң битум ҳәм түрли фракциялардағы шебен өнимлери есабынан тийисли ҳүжжетлер тийкарында “қарыйдар”дың талапнама буюртпасына көре, калькуляция ҳәм сертификатларға тийкар асфальтобетон өнимин таярлап бериў, “қарыйдар” болса усы асфальтобетон өнимин қабыл қылыў ҳәм алынған өним ушын 100% төлемди әмелге асырыў миннетлемесин алған. Сондай-ақ, тәреплер орталарында 2025-жыл 14-апрель күни Усл/3-санлы 16 658 343,21 сомлық ҳәм 2025-жыл 01-май күни Усл/4-санлы 21 210 151,42 сомлық машина-механизмлерде хызмет көрсетиў шәртнамалары дүзилген ҳәм усы шәртнамаларда көрсетилген соммаларға есапбетфактуралар тастыйықланған. Усы шәрнамаларға муўапық “орынлаўшы”, “буюртпашы” буюртпасына тийкар ХХХ мәмлекетлик шөлкеминиң оңлаў жумыслары объектлеринде өзиниң техникалық саз болған пневмошинный виброкаток механизимин ажыратыў, “буюртпашы” “орынлаўшы”ның көрсеткен хызметлери ушын “орынлаўшы”ның мәмлекетлик экспертиза жуўмағы баҳалары ҳәм баҳаларға келисим баянламалары тийкарында төлемди әмелге асырыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен даўагерге жәми 328 595 211,84 сом қарызынан 40 000 000 сом төлем әмелге асырған. Қалған 288 575 211,84 сомға тәреплер орталарында 2025-жыл 25-июнде акт сверка тастыйықланған. Даўагер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланған болсада, бирақ жуўапкердиң даўагер алдындағы 288 595 211,84 сом қарыздарлығы усы күнге шекем сапластырылмаған. Бул иске қосылған шәртнамалар, өз-ара тастыйықланған есап-бети фактуралары, акт сверка ҳәм басқа истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланады. ПК 703-статьясына тийкар ҳақы есесине хызмет көрсетиў шәртнамасы бойынша орынлаўшы буйыртпашының тапсырмасы менен предмет формасында хызметти орынлаў (белгили ҳәрекетлерди ислеў яки белгили искерликти әмелге асырыў), буйыртпашы болса бул хызмет ушын ҳақы төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 705-статьясына тийкар, буйыртпашы өзине көрсетилген хызметлер ҳақысын ҳақы есесине хызмет көрсетиў шәртнамасында көрсетилген мүддетлерде ҳәм тәртипте төлеўи шәрт. Сондай-ақ, ПКниң 437-статьясына муўапық, өним жеткерип бериў шәртнамасына тийкар исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған өним жеткерип бериўши - сатыўшы шәртлесилген мүддетте яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын яки сатып алатуғын өнимлерди сатып алыўшыға исбилерменлик жумысында пайдаланыў ушын, жеке, шаңарақлық мақсетлерде, күндекли турмыста ҳам соған уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы болса өнимлерди қабыл етип алыў ҳәм олардың ҳақысын төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда-ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Сонлықтан, суд даўаның тийкарғы қарызын өндириўди сораған талабы тийкарлы болып, даўаның бул талабын 288 595 211,84 сомға толық қанаатландырыўды лазым деп есаплайды. Сондай-ақ, суд даўагердиң жуўапкерден кешиктирилген миннетлемениң 50 пайызынан аспаған ҳалда соралған 144 297 605,92 сўм пеня өндириў талабын да тийкарлы деп есаплайды. ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын егер Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Бул жағдайда жуўапкер тәрепинен өним жеткерип бериў шәртнамасы бойынша алынған миннетлемелер мүддетинде толық орынланбаған. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Суд, пеняның толық көлемде қанаатландырылыўы жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсир ететуғынлығын, сондай-ақ, даӯагер тәрепинен мүддетинде өндириӯ шаралары көрилмегенлигин итибарға алып, пеняны 30 пайызға кемейтирип 43 289 281,77 сомға қанаатландырыўды, пеняның қалған бөлегин қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды мақул тапты. Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 02-июндеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтан баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети ҳәм 8 657 856 сом мәмлекетлик бажы төленген. Сол себепли, исти көриў нәтийжеси менен суд жуўапкерден даўагер пайдасына ис бойынша төленген 41 200 сом почта қәрежети ҳәм 8 657 856 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа талаплары қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер ХХХ мәмлекетлик шөлкеми есабынан даўагер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 288 595 211,84 сом тийкарғы қарыз, 43 289 281,77 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежети ҳәм 8 657 856 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Т.Бекмуратов