Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/1861 Дата решения 13.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 8a6d7759-090f-4b3d-b7c4-19d6a3651610 Claim ID PDF Hash d7067ac00b9c7b18... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1861-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов УЙҒАРЫЎ (исти өндиристен қысқартыў ҳаққында) Нөкис қаласы 2025-жыл 13-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокурорының жәрдмешиси **, даўагер ўәкили ** (2025-жыл 01-октябрь күнги 107-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили ** (2025-жыл 06-октябрь күнги 195-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер ***ниң жуўапкер ***нен 11 215 419,07 сом қарыз, 3 274 902 сом пеня, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Даўагер *** жуўапкер ***нен 11 215 419,07 сом қарыз, 3 274 902 сом пеня, төленген почта қәрежетин өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 17-сентябрь күнги уйғарыўы менен Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылық хызмети комитети Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы даўа предметине арыз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўа арзадан ўаз кешетуғыны ҳаққындағы арзасын усынып, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўадан ўаз кешиў ҳақкындағы даўагердиң арзасын қабыллаўды сорады. Прокурор суд мәжилисинде нызамлы шешим қабыл етиў лазым екени ҳаққындағы пикирин билдирди. Үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжетлери менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд, истеги хүжжетлерди үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң түсиниклнрин, ўәжлерин тыңлап, исти өндиристен қысқартыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 15апрель күни 7-санлы өним жеткизип бериў бойынша шәртнама дүзилген. Шәртнамадан қарыздарлық жүзеге келиўи себепли даўагер судқа мүрәжат еткен. Бирақ даўагер 2025-жыл 10-октябрь күнги 109-санлы арзасында даўадан ўаз кешкени тастыйықланады. ЭПК 157-статьясы екинши бөлимине муўапық, даўагер исти ҳәр қандай инстанция судында көрилиўинде тийисли суд инстанциясына исти көриў жуўмағы бойынша шығарылатуғын суд ҳүжжети қабыл етилгенге шекем даўадан толық яки қысман ўаз кешиўге ҳақылы. ЭПК 110-статьясы 6-бәнтине муўапық, даўагер даўасынан ўаз кешген ҳәм суд оны қабыл қылған болса, ис жүритиў қысқартылады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019-жыл 24майдағы “Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуал нормаларын қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында”ғы 13-санлы қарарының 13-бәнтинде, даўагер даўасынан қысман яки толық ўаз кешиўге ҳақылы екенлиги бойынша түсиник берилген. Суд, даўагердиң даўадан ўаз кешиў ҳаққындағы арзасын қабыл етиўди ҳәм ис жүритиўди қысқартыўды мақул табады. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-февраль күнги ПҚ-2776-санлы “Өзбекстан Республикасы автомобиль жоллары мәмлекетлик комитетиниң жумысларын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы қарарының 10бөлиминде, Өзбекстан Республикасы автомобиль жоллары мәмлекетлик комитети ҳәм онын қурамындағы кәрханалары Өзбекстан Республикасы автомобиль жоллары мәмлекетлик комитетиниң ўәкиллигине муўапық байланыслы берилетуғын даўа арзалар ҳәм арзалар бойынша мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген. Даўадан ўаз кешилгени себепли базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы даўагерден мәмлекет бюджетине өндириледи. Почта қәрежети даўагер мойнында қалдырылыўға жатады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 110, 195статьяларын басшылыққа алып, суд УЙҒАРДЫ: Экономикалық иси өндиристен қысқартылсын. ***ниң даўадан ўаз кешиў ҳаққындағы арзасы қабыл етилсин. ***нен мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Уйғарыўға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериўи (прокурор протест келтириўи) мүмкин. Судья Б.Баймуратов