Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/1903 Дата решения 13.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 1c8e0812-f970-451e-bc97-9308cd018752 Claim ID PDF Hash f9bcf86a52bf49f7... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1903-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 13-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокуроры жәрдемшиси ** қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Ташкент қаласы басқармасы (кейин-палата) даўагер Ташкент қаласы “***” ЖШЖниң мәпин қорғап, жуўапкер ***нен 31 250 545 сом қарыз, төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Палата даўагер “***” ЖШЖниң мәпинде жуўапкер ***нен 31 250 545 сом қарыз, төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 19-сентябрь күнги уйғарыўы менен Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылық хызмети комитети Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы даўа предметине арыз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Усынылған даўа арзада исти палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыў соралған. Прокурор суд мәжилисинде истеги ҳүжжетлерге көре даўаның талабын қысман қанаатландырыў лазым екени ҳаққындағы пикирин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Суд мәжилисине даўагер ўәкили келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Жуўапкер ўәкиллери суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд мәжилисинде өз-ара есапласыў илажлары көрилип атырғаны себепли истиң көрилиўин басқа күнге қалдырыўды сораған. Үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжетлери менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы екинши, үшинши бөлимлерине тийкар суд палата, даўагер, жуўапкер ҳәм үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты. Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, прокурор пикирин 2 тыңлап, даўаның талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясы шәртнамасынан келип шыққан. ПК 468-статьясына көре, энергия тәмийнаты шәртнамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў мәжбуриятын алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў мәжбуриятын алады. ПК 470-статьясы биринши бөлимине муўапық, энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия тәмийинаты шәртнамасында нәзерде тутылған муғдарда ҳәм тәреплер келискен энергия бериў тәртибине әмел қылған ҳалда энергия бериўи лазым. Энергия менен тәмийинлеўши шөлкем берген ҳәм абонент қабыл еткен энергия муғдары өлшеў әспаблары көрсеткишлери менен анықланады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 23январь күни киши қуўатлы қайта тиклениўши энергия ислеп шығарылған электр эгергиясын жеткизип бериў ҳаққындағы /E-95/0482-санлы шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 2.1-бәнтинде, жыллық электр энергиясы орташа тутыныўы 30 кв/т қураған. Шәртнаманың 2.2-бәнтинде шәртнаманың улыўма баҳасы 31 500 000 сом муғдарында белгиленген. Шәртнаманың 4.2-бәнтинде төлемлердиң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген. Шәртнамаға көре, даўагер тәрепинен электр энергиясы жуўапкерге жеткизилгени тастыйықланады. Нәтийжеде жуўапкердиң 2025-жыл 25-апрель күнине 35 793 145,20 сом қарызы келип шыққан. Бул қарыздарлық истеги шәртнама, мағлыўматнама ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Бирақ даўа арзада 31 250 545 сом талап кылынған. Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 12-июнь күнги 384/25-санлы талапнамасы жуўапсыз қалған яғный, төлемлер лазым дәрежеде әмелге асырылмаған. Судқа усынылған салыстырыў актинде жуўапкердиң 2025-жыл 13- 3 октябрь күнине 23 182 300 сом қарызы бар екенлиги анықланады. Бул жағдайда даўаның қалған қарызын өндириў талабы тийкарлы табылады. Суд, даўаның талабын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 23 182 300 сом қарыз, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан өндирилиўи лазым. Талап қылынған сумманың 2% есабынан 625 011 сом мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талабы қысман қанаатландырылсын. ***нен Ташкент қаласы “***” ЖШЖниң пайдасына 23 182 300 сом қарыз, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. ***нен мәмлекет бюджетине 625 011 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов