← Назад
Решение #2884161 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2504/1390-санлы экономикалық ис
судья Б.Т.Бекмуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025-жыл 13-октябрь
Шымбай
районлараралық
экономикалық
судының
судьясы
Б.Т.Бекмуратов, усы күни даўагер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген
жәмийетиниӊ жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 3 500
000 сомды өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық
исти әпиўайыластырылған тәртип бойынша көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы ҚЛ А Д Ы:
Даўагер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ (буннан кейин
текстте даўагер деп жүритиледи) мәпин қорғап, жуўапкер «ХХХ»
жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп
жүритиледи)нен 3 500 000 сом өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза
менен мүрәжат еткен.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан
кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 2034-статьясы екинши ҳәм төртинши
бөлимлерине муўапық жуўапкер даўа арза бойынша жазба пикирин даўа арзаны
ис жүритиўге қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққында уйғарыў шығарылған күннен
баслап он бес күнлик мүддетте судқа өзи тийкарланып атырған ҳүжжетлер ҳәм
дәлийллерди қосымша қылған ҳалда усыныўға ҳақылы. Жазба пикирге оның
көширме нусқасы даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша
қылынады.
Даўа арзасының судқа жиберилиўи ҳаққында тийисли тәртипте хабардар
қылынған жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша жазба пикир
усынылмағанлығы даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби
бойынша көрип шығыўға тосқынлық қылмайды.
Суд, жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша ҳеш қандай қарсы пикир
усынылмағанлығы себепли даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў
тәртиби бойынша көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын толық
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери хызмет көрсетиў
шәртнамасынан келип шыққан.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм “ХХХ” адвокатлық бюросы
(буннан кейин текстте адвокатлық бюро деп жүритиледи) орталарында 2025-жыл
08-май күни 3-санлы юридикалық хызмет көрсетиў шәртнамасы дүзилген.
Усы шәрнамаға тийкар адвокатлық бюро тәрепинен Шымбай районлар
аралық экономикалық судының 4-2304-2503/571-санлы экономикалық иси
бойынша юридикалық хызмет көрсетилген.
Шымбай районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 13-май күнги
шешиўши қарары менен даўагердиң даўа арзасы қысман қанаатландырылып,
жуўапкерден даўагер пайдасына 10 000 000 сом тийкарғы қарыз, 500 000 сом
пеня ҳәм 37 500 сом почта қәрежети өндирилген.
Даўагер тәрепинен адвокатлық бюро есап-бетине көрсетилген хызметлер
ушын жәми 3 500 000 сом төлеп берилген.
Бул иске қосылған шәртнама, төлеў тапсырықнамалары, мағлыўматнама
ҳәм басқа истеги ҳүжжетлер менен толық тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19декабрдеги “Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелияты
ҳаққында”ғы 36-санлы қарары (буннан кейин текстте Қарар деп жүритиледи)ның
13-бәндинде берилген түсиндирмелерге көре, экономикалық исти көриў менен
байланыслы шығынларға: гуўалар, экспертлер, қәнийгелер, аўдармашыларға
төлениўи лазым болған соммалар; дәлийллерди жайында көзден кешириў менен
байланыслы болған қәрежетлер; суд тайынланған экспертизаны өткериў менен
байланыслы болған қәрежетлер; суд хабарнамаларын ҳәм суд ҳүжжетлерин
жибериў
менен
байланыслы
почта
қәрежетлери;
суд
мәжлисин
видеоконференция байланыс режиминде өткериў менен байланыслы қәрежетлер;
исти көриў менен байланыслы басқа қәрежетлер киреди. Судлардың итибары суд
шығынларын төлеўден азат етиў нызамды нәзерде тутылмағанлығына итибар
қаратылсын. Усы Қарардың 14-бәндинде улыўма қағыйдаға көре, ис бойынша
суд қәрежетлерин даўада наҳақ болып шыққан тәреп төлейди. Суд қәрежетлерин
тәреплер ортасында бөлистириў ҳәм оларды мәмлекет пайдасына өндириў ЭПК
118-статьясы менен тәртипке салынады. Сол себепли суд додалаўы даўамында
суд (судья) суд қәрежетлери менен байланыслы жағдайларды тексериўи, бул
жағдайлар бойынша шешиўши қарарының тийкарландырыўшы бөлиминде
тийисли шешим қылыўы ҳәм тек ғана өндириўге болған ҳуқықты емес, бәлки ис
бойынша тәрептен (тәреплерден) өндирилиўи лазым болған анық сомманы
белгилеўи ҳәмде сол сомманы шешиўши қарарының (уйғарыўдың, қарардың)
жуўмақлаўшы бөлиминде көрсетиўи лазым.
Сол себепли суд даўагердиң жуўапкерден адвокат хызмети ушын төленген
3 500 000 сомды өндириў талабын тийкарлы деп есаплап, оның бул талабын
толық қанаатландырыўды лазым тапты.
Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына
жүклетиледи.
Шешиўши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик
бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады.
Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер
тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң
мойнына жүклетиледи.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының
2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының
2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем
болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы
суды Президиумының 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына
өзгерис киритиў ҳаққындағы Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
Президиумының 2022-жыл 28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық
ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта
қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 02-июндеги
«Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтан баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети
төленген.
Сол себепли, исти көриў нәтийжеси менен суд жуўапкерден республика
бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәмде даўагер пайдасына ис бойынша
төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық
процессуал кодекси 118, 176-179, 2031-2035-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа талабы толық қанаатландырылсын.
Жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан
даўагер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 3 500 000 сом
ҳәм 41 200 сом почта қарежети өндирилсин.
Жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика
бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин он күн ѳткеннен соң нызамлы
күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў
(прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Т.Бекмуратов