Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/1901 Дата решения 13.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID de2ab9c3-6be4-4842-9a20-0588ed2167a3 Claim ID PDF Hash 56d0647bee7d9d8e... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1901-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов УЙҒАРЫЎ Нөкис қаласы 2025-жыл 13-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили ** (2025-жыл 08-январь күнги 01/7-8/9-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили ** (2025-жыл 03-октябрь күнги 27-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер **ның жуўапкер "**" ЖШЖнен 126 959 399 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер ** жуўапкер "**" ЖШЖнен 126 959 399 сом пеня өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер ҳәм жуўапкер ўәкиллери орталарында дүзилген медиация келисим питимин усынып, даўа арзаны көрместен қалдырыўды сорады. Суд, тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын көрместен қалдырыўды лазым тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 24-июнь күни 173089-санлы кесип алып ислеў (пудрат) шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға муўапық, Шоманай районы, 10-санлы улыўма билимлендириў мектебине ремонтлаў ислерин алып барыў миннетлемеси жуўапкерге жүкленген. Шәртнамадағы қурылыс бойынша белгиленген орынланыў мүддети бузылған. Сонлықтан шәртнамаға көре пеня қарыздарлық пайда болыўына байланыслы даўагер судқа даўа арзасын берген. Бирақ экономикалық исиниң көрилиўи барысында, тәреплер орталарында 2025-жылы 10-октябрь медиация келисими дүзилген. Медиациялық келисимге көре, жуўапкердиң даўагер алдындағы қарыздарлығы үш ай мүддет ишинде сөндирилиўи нәзерде тутылған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107статьясының 53-бәнтине муўапық, тәреплер медиация келисимин дүзген болса, даўа арза көрместен қалдырылады. Тәреплердиң медиациялық келисим дүзгенин есапқа алып, суд даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 18-статьясы биринши бөлиминиң 9-бәнтине тийкар, егер тәреплер орталарында медиатив келисим дүзилген болса, арза көрместен қалдырылса, мәмлекетлик бажы толық яки қысман қайтарылыўы белгиленген. Сонлықтан мәмлекетлик бажы өндирилместен қалады. Төленген почта қәрежети даўагер мойнында қалдырылады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107, 109статьяларын басшылыққа алып, суд УЙҒАРДЫ: Даўа арза көрместен қалдырылсын. Уйғарыў бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм уйғарыўға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы. Судья Б.Баймуратов