Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1279 Дата решения 13.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID a4b11027-1780-4f47-b07d-17020fb573dc Claim ID PDF Hash c7a2100abeddb5b5... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1279-санлы экономикалық ис судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 13 октябрь Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованыӊ басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили ХХХХХ (2025 жыд 20 мартдағы 03-03/29-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасының даўагер АК “ХХХХХ” мәпин қорғап, жуўапкер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм кепил “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 169 904 109,59 сом кредиттен пайыз қарызы, 22 381 917,83 сом пеня, жәми 192 286 027,42 сом мүддети өткен қарыздарлықты ҳәм төлеген почта қарежетин солидар тәртипте өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата-деп жүритиледи) даўагер АК “ХХХХХ” (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпин қорғап, жуўапкер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) ҳәм кепил “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети(буннан кейин текстте қосымша жуўапкер деп жүритиледи)нен 169 904 109,59 сом кредиттен пайыз қарызы, 22 381 917,83 сом пеня, жәми 192 286 027,42 сом мүддети өткен қарыздарлықты ҳәм почта қарежетин солидар тәртипте өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Даўагер банк ўәкили суд мәжилисинде даӯа арза талабын қоллапқуўатлап, қанаатландырыӯды сорады. Жуўапкер ҳәм қосымша жуўапкер суд мәжилисиниң өткерилиў сәнеси, ўақыты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарланғанлығына карамастан суд мажилисине келмеди. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170статьяларына тийкар исти олардың қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд даўагер ўәкилиниң түсиндирмесин еситип ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерди уйренип шығып, даўа талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы ПП-213-санлы пәрманына тийкар хызмет көрсетиўди жолға қойыў, кәрхана жумыс көлемин кеңейтиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде тигиўшилик цехын қурып питкериў мақсетинде қурылыс материаллары (сендвич панельлер) сатып алыў ушын 7 (жети) жыл мүддетке, 2 (еки) жыл жеңиллетилген дәўир тийкарында жыллық 14 (он төрт) пайыз 1 төлеў шәрти менен 4 000 000 000 сом муғдарында кредит ажыратыў бойынша 32979-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Ажыратылған кредит қаржысының қайтарылыўын тәмийинлеў ушын даўагер, жуўапкер, қосымша жуўапкерлер ортасында 2024 жыл 31 май күни кепиллик шәртнамалары дүзилип, қосымша жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң 400 000 000 сомлық кепиллиги алынған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекстиң (буннан кейин текстте ПК-деп жүритиледи) 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. Кредит шәртнамасының 1.1-бәнтине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбағанлығы себепли Палата судқа даўа арза менен мүражат етип, даўа арзасында жуўапкер ҳәм қосымша жуўапкерлерден 169 904 109,59 сом пайыз қарызы, 22 381 917,83 пеня, жәми 192 286 027,42 сом мүддети өткен қарыздарлықты солидар тәртипте өндириўди сораған. Банктиң 2025 жыл 13 октябрь халатына берген 14-1031-санлы мағлыўматнамасында жуўапкердиң мүддети өткен пайыз қарыздарлығы 188 315 068,50 сом, есапланған пеня 29 290 410,97 сом, жәми 217 605 479,47 сом қурап, яғный мүддети өткен кредит бойынша пайыз қарыздарлығы ҳәм неустойка муғдары өскен. Бул жағдайда даўа арзаның 169 904 109,59 сом пайыз қарызын өндириў талабы толық қанаатландырылыўы лазым. Кредит шәртнаманың 10.4-бәнтинде кредит пайызлар өз ўақтында қайтарылмағанда, “қарз алыўшы” банкке кешиктирилген ҳәр бир күн ушын өз мүддетинде қайтарылмаған кредит пайызлар суммасының 0,2 пайыз муғдарында пеня төлейди, бирақ бунда пеняның улыўма суммасы мүддетинде қайтарылмаған пайызлар суммасының 50% пайыздан асып кетпеслиги лазым. Палата даўа арзасында кредит суммасы өз ўақтында қайтарылмағанлығы себепли 22 381 917,83 сом пеня өндириўди сораған. ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине тийкарланып қарыздар айыбы болған жағдайда мәжбуриятты орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди деп көрсетилген. Өзбекстан Республикасы Жокарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодекстиң 326-статьясына муўапык 2 суд қарыздар тәрепинен мәжбуриятлардың орынлаў дәрежесин, мәжбуриятта қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўқалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка мўғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Пеня талабы тийкарлы. Бирақ, суд даўагердиӊ қарздарлықты өндириў шараларын көрмегенлигин ҳәм пеня өсиӯине жол қойылғанлығын итибарға алып, пеня муғдарын кемейтиӯди ҳәм жуўапкерден 16 000 000 сом пеня өндириўди мақул тапты. ПКниң 293-статьясына муўапық кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында солидар жуўап береди, егер нызамда яки кепиллик шәртнамасында кепилдиң субсидиар жуўапкер болыўы нәзерде тутылған болмаса. Егер, кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, кепил кредитор алдында қарыздар менен теңдей көлемде жуўап береди, соның ишинде пайызлар төлейди, қарызды өндирип алыў бойынша суд шығынларын ҳәм қарыздар миннетлемесин орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы себепли кредитор көрген басқа зыянларды төлейди. Егер кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, биргелесип кепил болған шахслар кредитор алдында солидар жуўап береди. Кепиллик шәртнамасының 1.1-бәнтинде "қарыз алыўшы" алынған 4 000 000 000 сом муғдарындағы кредиттиң 400 000 000 сом бөлегин өз ўақтында қайтарыў ҳаққындағы миннетлемесин орынламағанда ямаса тийисли дәрежеде орынламағанда "кепил" "банк"тиң биринши талабына тийкар кредит бойынша сөндирилиўи (төлениўи) керек тийкарғы қарыз ҳәм оған есапланған пайызлар, кредит миннетлемесин өз мүддетинде орынлаў менен байланыслы қәрежетлерди өзине тийисли болған барлық банклердеги есап бетлериндеги қаржылары, айлық ҳәм басқа есап карталарындағы қаржылар ҳәм/ямаса ликвидли мүлки менен сөзсиз төлеў миннетлемесин ҳәм жуўапкершилигин өз мойнына алған. Бул жағдайда даўа арзаның мүддети өткен кредит қарыздарлықты өндириў талабы қысман қанаатландырылыўы, жуўапкер ҳәм қосымша жуўапкерден солидар тәртипте банк пайдасына 169 904 109,59 сом пайыз қарызын өндириўди суд лазым тапты. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қысман қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуӯапкерден ҳәм қосымша жуўапкерден банк пайдасына 169 904 109,59 сом пайыз қарызы солидар тәртипте, жуўапкерден банк пайдасына 16 000 000 сом пайыз ҳәм төленген 41200 сом почта қәрежети, республика бюджет пайдасына 3 845 720,55 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. 3 Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм де Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Даўа талабы қысман қанаатландырылсын. "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетин солидар тәртипте АК “ХХХХХ” пайдасына 169 904 109,59 сом пайыз қарыздарлығы өндирилсин. "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан АК “ХХХХХ” пайдасына 16 000 000 сом пеня ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырысыз қалдырылсын. "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан Республика бюджетине 3 845 720,55 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар үстинен усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы Судының экономикалық судлаӯ коллегиясына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген күнинен алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы. Судья: З.Хасанова 4