Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2504/1370 Дата решения 13.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BEKMURATOV BAYRAMBEK TENGELBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID be4f0ae3-1907-4d11-a0bd-20e768a89fec Claim ID PDF Hash 68dbea1dea461a42... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2504/1370-санлы экономикалық ис судья Б.Т.Бекмуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025-жыл 13-октябрь Шымбай районлараралық экономикалық суды судьясы Б.Бекмуратовтың басшылығында, судья жәрдемшиси К.К.Данияровтыӊ хәткерлигинде, даўагер ўәкили ХХХ (2025-жыл 13-октябрь күнги 36-санлы ордер)тыӊ қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ мәпин қорғап жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 804 186 052,26 сом тийкарғы қарыз ҳәм 402 093 026 сом пеняны даўагер пайдасына өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти өз суды имаратында ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы ҚЛ А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даўагер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 804 186 052,26 сом тийкарғы карыз ҳәм 402 093 026 сом пеняны өндириўди сораған. Суд мәжлисине қатнасқан даўагер ўәкили даўа арза талапларын қоллапқуўатлап, даўа арзаны толық қанаатландырыўды сорады. ССП ҳәм жуўапкер ўәкиллери суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзлериниң жазба пикирлерин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде ССП ҳәм жуўапкердиң суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына муўапық оның қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд, исте қатнасқан даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте - ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери хызмет көрсетиў шәртнамасынан келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2025-жыл 06-январь күни 1-санлы хызмет көрсетиў шәртнамасы дүзилген. Усы шәрнамаға муўапық даўагер тәрепинен шәртнамада белгиленген хызметлерди көрсетиў миннетлемесин, жуўапкер болса, шәртнама шәртлерине муўапық көрсетилген хызметлер ҳақысын төлеп бериў миннетлемесин алған. Даўагер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланып, жуўапкерге жәми 904 186 052,26 сомлық хызметлер көрсетип берилген, көрсетилген хызметлер ушын жуўапкер тәрепинен 100 000 000 сом төлем әмелге асырылған. Ал жуўапкердиң даўагер алдындағы қалған 804 186 052,26 сом қарыздарлығы усы күнге шекем төленбеген. Бул иске қосылған шәртнама, тастыйықланған есап-бети фактуралары, дәлалатнама, мағлыўматнама ҳәм басқа истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланады. ПК 703-статьясына тийкар ҳақы есесине хызмет көрсетиў шәртнамасы бойынша орынлаўшы буйыртпашының тапсырмасы менен предмет формасында хызметти орынлаў (белгили ҳәрекетлерди ислеў яки белгили искерликти әмелге асырыў), буйыртпашы болса бул хызмет ушын ҳақы төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 705-статьясына тийкар, буйыртпашы өзине көрсетилген хызметлер ҳақысын ҳақы есесине хызмет көрсетиў шәртнамасында көрсетилген мүддетлерде ҳәм тәртипте төлеўи шәрт. ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда-ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Сонлықтан, суд даўаның тийкарғы қарызын өндириўди сораған талабын тийкарлы деп есаплап, даўаны 804 186 052,26 сомға толық қанаатландырыўды лазым тапты. Сондай-ақ, суд даўагердиң жуўапкерден 402 093 026 сом пеня өндириў талабын да тийкарлы деп есаплайды. ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын егер Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Бул жағдайда жуўапкер тәрепинен өним жеткерип бериў шәртнамасы бойынша алынған миннетлемелер мүддетинде толық орынланбаған. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай- ақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Суд, пеняның толық көлемде қанаатландырылыўы жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсир ететуғынлығын, сондай-ақ, даўагер тәрепинен мүддетинде өндириў шаралары көрилмегенлигин итибарға алып, пеняны 30 пайызға кемейтирип 120 627 907,80 сомға қанаатландырыўды, пеняның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 02-июндеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтан баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети төленген. Сол себепли, исти көриў нәтийжеси менен суд жуўапкерден республика бюджетине 24 125 581,57 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа талаплары қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан даўагер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 804 186 052,26 сом тийкарғы қарыз, 120 627 907,80 сом пеня ҳәм 41 200 сом почта қарежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 24 125 581,57 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Т.Бекмуратов