← Назад
Решение #2884784 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2302-2502/2021-санлы экономикалық ис
судья Б.С.Убайдуллаев
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Беруний районы
2025-жыл 13-октябрь
Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Кучкаровтиң хаткерлигинде, арза бериўши
ўәкили Ш.Жумабаев (2025-жыл 13-октябрь күнги 16-01130-санлы исеним хатқа
тийкар), жуўапкер ўәкили Э.Карабаев (баслық) қатнасыўларында, арза бериўши
Әмиўдәрья районы салық инспекциясиниң қарыздар “MANG’IT MATOR”
жуӯапкершилиги
шекленген
жәмийетин
төлеўге
қәбилийетсизликтиң
әпиўайыластырылған процедурасы бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыў
ҳаққындағы арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти суд имаратында
видеоконференцбайланыс режиминде ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
НЫҚЛАДЫ:
Арза бериўши Әмиўдәрья районы салық инспекцияси (кейинги орынларда
арза
бериўши)
судқа
арза
менен
мүрәжат
қылып,
қарыздар
“MANG’IT MATOR” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетин (кейинги орынларда
қарыздар) төлеўге қәбилийетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы
бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўды сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан арза бериўши ўәкили арза талабын
қоллап-қуўатлап, қарыздардың 2024-жыл 15-сентябрь күни ҳалатына салықлар ҳәм
жыйымлардан қарызы 260 074 476,85 сумды қурайтуғынлығын билдирип,
қарыздарды төлеўге қәбилийетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы
бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды
сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкили арза талабына қарсылығы жоқ
екенлигин, 2024-жыл 15-сентябрь күни ҳалатына салықлар ҳәм жыйымлардан
қарызы 260 074 476,85 сумды қурайтуғынлығын билдирди.
Суд исте қатнасыӯшы арза бериӯши ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң
түсиндирмелерин тыңлап ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип
шығып, төмендегилерге тийкарланып арзаны қанаатландырыўды,
қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилийетсиз
деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, қарыздар (СТИР: 309841584)
Мәмлекетлик
хызметлер
орайы
тәрепинен
2022-жыл
7-сентябрде
юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткизилип, уставы
тастыйықланған. Қарыздардың мәнзили: Әмиўдәрья районы, Бостан МПЖ.
Баслығы Карабаев Эргашбай Махсадбаевич.
Қарыздардың 2024-жыл 15-сентябрь күни ҳалатына салықлар ҳәм
жыйымлардан қарызы 260 074 476,85 сумды қурайды.
Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында»ғы
Нызамы (кейинги орынларда – Нызам) 45-статьясының екинши бѳлимине тийкар
мәмлекетлик салық хызмети органының ҳәм басқа ўәкилликли органның
қарыздарға қарата төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы
арзасына нызамшылыққа муўапық салықлар ҳәмде жыйымлар бойынша қарызды
қайтарып алыў менен байланыслы ис-иләжлар кѳрилгенлигин тастыйықлаўшы
ҳүжжетлер қосымша қылыныўы керек.
Қарыздардың қарызын мал-мүлкинен ѳндириў ҳаққында арза бериўшиниң
қарары шығарылып, Мәжбүрий орынлаў бюросы Әмиўдәрья районы бѳлимине
орынлаў ушын жиберилген.
Мәжбүрий орынлаў бюросы Әмиўдәрья районы бөлими мәмлекетлик
орынлаўшысының қарары менен арза бериўшиниң жоқарыдағы қарарлары
Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин
орынлаў ҳаққында»ғы Нызамы 40-статьясының 3-бәндине тийкар қарыздардың пул
қаржылары жоқлығы, мал-мүлки анықланбағанлығы ҳәм хатлаў имканияты
болмағанлығы себепли орынлаўсыз қайтарылған.
Нызамның 241-статьясына муўапық өз хызметин сапластырған қарыздар
жеке тәртиптеги исбилермен яки сапластырылып атырған юридикалық шахстың
баслығы жоқ ҳәм олардың жайласқан жерин (жасаў орнын) анықлаўдың имканияты
болмаған жағдайда, жоқ қарыздарды төлеўге қәбилийетсиз деп табыў ҳаққындағы
арза, кредиторлық қарызы муғдарына қарамастан, кредитор, ўәкилликли
мәмлекетлик орган, мәмлекетлик салық хызмети органы яки басқа ўәкилликли
орган тәрепинен берилиўи мүмкин.
Қарыздардың мал-мүлкиниң жоқлығы мәмлекетлик орынлаўшының
жоқарыдағы қарары менен тастыйықланады.
Қарыздардың мал-мүлкиниң жоқ екенлиги, қарызын төлеў мүддети
өткенлиги онда төлеўге қәбилийетсизлик белгилери бар деп есаплаўға, қарыздарды
Нызамның
241-статьясына
тийкар
төлеўге
қәбилийетсизликтиң
әпиўайыластырылған процедурасы бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўға
тийкар болады.
Сондай-ақ,
Ѳзбекстан
Республикасы
Президентиниң
2019-жыл
1-февральдағы «Банкротлық процедураларын еледе әпиўайыластырыў ҳәм суд
басқарыўшылары искерлигин түптен жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы
ПҚ-4146-санлы қарарының 3-бәнди «г» киши бәндине тийкар суд
басқарыўшыларын тайынлаў кредитор (кредиторлардың улыўма жыйналысы яки
комитети) яки банкротлық ислери бойынша ўәкилликли мәмлекетлик органы ямаса
Ассоциация ҳәм оның аймақлық дүзилмелери усынысы бойынша суд
басқарыўшылары искерлигин рейтинг баҳалаўды есапқа алған ҳалда суд тәрепинен
әмелге асырылады.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал
кодекси 118-статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте
қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық
түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Суд қарыздардан Республика бюджетине базалық есаплаў муғдарының
3 есеси муғдарында, яғный 1 236 000 сум мәмлекетлик бажы пул ҳәм арза бериўши
пайдасына ис бойынша төленген 41 200 сум почта қәрежетин, Ѳзбекстан
Республикасы Жоқарғы суды депозитине исти видеоконференцбайланыс
режиминде кѳриў менен байланыслы 103 000 сўм суд қәрежетин өндириўди
мақул тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып, Өзбекстан Республикасының «Төлеўге
қәбилийетсизлик ҳаққында»ғы Нызамы 241-статьясын ҳәм Өзбекстан
Республикасының
Экономикалық
процессуал
210-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
кодекси
118,
176-179,
TTИ:
1. Арза бериўшиниң талабы қанаатландырылсын.
2. Әмиўдәрья районында жайласқан “MANG’IT MATOR” жуӯапкершилиги
шекленген жәмийети төлеўге қәбилийетсизликтиң әпиўайыластырылған
процедурасы бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табылсын ҳәм сапластырыўға
байланыслы ис жүритиў баслансын.
3. “MANG’IT MATOR” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен
Әмиўдәрья районы салық инспекциясиниң пайдасына 41 200 сум почта қәрежети
өндирилсин.
4. “MANG’IT MATOR” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен
республика бюджетине 1 236 000 сум мәмлекетлик бажы пул өндирилсин.
5. “MANG’IT MATOR” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен
Ѳзбекстан
Республикасы
Жоқарғы
суды
депозитине
исти
видеоконференцбайланыс режиминде кѳриў менен байланыслы 103 000 сўм суд
қәрежети ѳндирилсин.
6. Орынлаў хатлар берилсин.
7. Шешиўши қарар дәрҳал орынлаўға қаратылсын.
8. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары
үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация
тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.С.Убайдуллаев