← Назад
Решение #2884890 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2302-2502/1857-санлы экономикалық ис
судья Б.С.Убайдуллаев
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Беруний районы
2025-жыл 13-октябрь
Беруний
районлар
аралық
экономикалық
судының
судьясы
Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси С.Н.Кучкаровтың
хаткерлигинде, даўагер ўәкили М.Мурзамбетов (2024-жыл 22-ноябрь күнги
11-06/58-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат
Палатасы
Қарақалпақстан
Республикасы
басқармасының
даўагер
“Ўзагролизинг” акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер
“ZARI BOY AYSULU” фермер хожалығынан, қосымша жуўапкерлер “Zumr d
As db k” фермер хожалығынан ҳәм “B gj n S idb k” фермер хожалығынан
солидар тәртипте 79 417 329 сўм лизинг төлемлеринен қарызы, 20 853 693 сўм
пеня өндириў ҳаққындағы даъво арзасын өз суд имәратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасының (кейинги орынларда Палата) “Ўзагролизинг” акционерлик
жәмийетиниң (кейинги орынларда даўагер) экономикалық судқа даўа арза менен
мүрәжат етип, “ZARI BOY AYSULU” фермер хожалығынан (кейинги
орынларда жуўапкер) қосымша жуўапкерлер “Zumr d As db k” фермер
хожалығынан ҳәм “B gj n S idb k” фермер хожалығынан солидар тәртипте
79 417 329 сўм лизинг төлемлеринен қарызы, 20 853 693 сўм пеня өндириўди
сораған.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкердиң 14 000 000 сўм қарызын
төлегенлигин билдирип, 65 417 329 сўм лизинг төлемлеринен қарызы,
20 853 693 сўм пеня өндириўди сорады.
Палата менен жуӯапкер, қосымша жуўапкерлер ўәкиллери суд
мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде Палата менен жуӯапкер, қосымша жуўапкерлер
суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын
тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан
Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейинги орынларда ЭПК)
128, 170-статьяларына муўапық олардың қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым
тапты.
Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге
ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны
қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК)
8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян
жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан
келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери лизинг шәртнама ынан келип
шыққан.
ПКниң 587-статьясына көре, лизинг шәртнамасы бойынша лизинг
бериўши (ижараға бериўши) бир тәреп лизинг алыўшы (ижараға алыўшы)
екинши тәрептиң тапсырыўына көре сатыўшы үшинши тәреп пенен оннан
лизинг алыўшы ушын мал-мүлк сатып алыў ҳаққында келисиў миннетлемесин
алады, лизинг алыўшы болса буның ушын лизинг бериўшиге лизинг төлемлерин
төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 292-статясына тийкар кепиллик шәртнамасы бойынша кепил басқа
шахс өз миннетлемесин толық ямаса толық емес орынлаўы ушын оның
кредиторы алдында жуўапкершиликти өз мойнына алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда жуўапкер ҳәм даўагер ортасында дүзилген
2021-жыл 25-март күнги 21/01-4-199-санлы лизинг шәртнамасына тийкар
1 (бир) дана “Т6070” маркалы трактор жеткерип берилген.
Жоқарыдағы шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған графикке тийкар
жуўапкер алынған лизинг объекти ушын лизинг тѳлемлерин төлеп барыў
миннетлемесин алған.
2021-жыл 25-март күнги кепиллик шәртнамасына тийкар қосымша
жуўапкерлер “Zumr d As db k” фермер хожалығы ҳәм “B gj n S idb k” фермер
хожалығы жуўапкер тәрепинен лизинг төлеўлери миннетлемелери белгиленген
мүддетлерде ҳәм орынланбаған бөлимин даўагерге төлеп бериў миннетлемесин
алған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынлардаПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам
ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп
көрсетилген.
Жуўапкер тәрепинен қарызын қысман есапласып, қалған 65 417 329 сўм
лизинг
төлемлеринен
қарызы
тѳленбегенлиги
истеги
шәртнама,
қабыллаў-тапсырыў акти, тѳлем графиги ҳәм мағлыўматнама, даўагер
ўәкилиниң суд мәжлисиндеги көрсетпеси менен толық тастыйықланады.
Сол себепли, суд даўагердиң 65 417 329 сўм лизинг төлемлеринен қарызын
өндириўди лазым тапты.
Сондай-ақ, ПКниң 263-статьясына муўапық неустойка төлеў тәреплердиң
келисиўинде нәзерде тутылған яки тутылмағанлығына қарамастан, кредитор
нызамда белгиленген неустойка (нызамлы неустойка)ны төлеўди талап қылыўға
ҳақылы.
Дүзилген лизинг шәртнаманың 8.3-бәнтинде лизинг тѳлемлери графикте
белгиленген муғдар ҳәм мүддетлерде әмелге асырылмаса, лизинг алыўшы тѳлем
мүддети ѳткерип жиберилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген тѳлем
суммасының 0,4 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген жәми тѳлем
суммасының 50 пайызынан аспаған муғдарда пеня тѳлейтуғынлығы
кѳрсетилген.
Бирақ жуўапкер тәрепинен лизинг төлемлерин тѳлеў мүддетлери бузылған
ҳәм сонлықтан жуўапкер тәрепинен төлемлер 2025-жыл 26-август күнине шекем
кешиктирилгенлиги ушын 20 853 693 сўм пеня есапланған.
ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки
лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери
ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд
қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде
қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин
итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген.
Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин,
даўагер тәрепинен қарызды ѳндириў илажлары ѳз ўақтында кѳрилместен пеня
муғдарының ѳсиўине жол қойғанлығын итибарға алып, неустойка муғдарын
кемейтип, 4 000 000 сўм пеня өндириўди, пеня талабының қалған бѳлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Сол себепли, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден
ҳәм қосымша жуўапкерлер “Zumr d As db k” фермер хожалығынан ҳәм “B gj n
S idb k” фермер хожалығынан солидар тәртипте даўагер пайдасына
65 417 329 сўм қарызы, 4 000 000 сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежети,
жуўапкерден республика бюджетине 2 005 420,44 сўм мәмлекетлик бажы
ѳндириўди, даўа талабының қалған бөлимин қанаатлантырмастан қалдырыўды
лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даӯа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер “ZARI BOY AYSULU” фермер хожалығы ҳәм қосымша
жуўапкерлер “Zumr d As db k” фермер хожалығынан ҳәм “B gj n S idb k”
фермер хожалығынан солидар тәртипте даўагер “Ўзагролизинг” акционерлик
жәмийетиниң пайдасына 65 417 329 сўм лизинг төлемлеринен қарызы,
4 000 000 сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Даўа талабының қалған бөлими қанаатлантырылмастан қалдырылсын.
Жуўапкер “ZARI BOY AYSULU” фермер хожалығынан республика
бюджетине 2 005 420,44 сўм мәмлекетлик бажы пул өндирилсин.
Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.С.Убайдуллаев