Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2504/1388 Дата решения 13.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BEKMURATOV BAYRAMBEK TENGELBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID c589c296-5357-4515-a885-0d88f3bebdf8 Claim ID PDF Hash 5ab6185ff8abfe62... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2504/1388-санлы экономикалық ис судья Б.Т.Бекмуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025-жыл 13-октябрь Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Т.Бекмуратов, сол күни ХХХ район фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиныӊ даўагер «ХХХ» дийқан хожалығының мәпин қорғап, жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан 3 803 300 сом тийкарғы қарызын ҳәм 1 901 650 сом пеняны даўагер пайдасына өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти әпиўайыластырылған тәртип бойынша көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: ХХХ район фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси «ХХХ» дийқан хожалығы (буннан кейин текстте – даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығы (буннан кейин текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нан 3 803 300 сом тийкарғы қарызын ҳәм 1 901 650 сом пеняны даўагер пайдасына өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 2034-статьясы екинши ҳәм төртинши бөлимлерине муўапық жуўапкер даўа арза бойынша жазба пикирин даўа арзаны ис жүритиўге қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққында уйғарыў шығарылған күннен баслап он бес күнлик мүддетте судқа өзи тийкарланып атырған ҳүжжетлер ҳәм дәлийллерди қосымша қылған ҳалда усыныўға ҳақылы. Жазба пикирге оның көширме нусқасы даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша қылынады. Даўа арзасының судқа жиберилиўи ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынған жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша жазба пикир усынылмағанлығы даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби бойынша көрип шығыўға тосқынлық қылмайды. Суд, жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша ҳеш қандай қарсы пикир усынылмағанлығы себепли даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби бойынша көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда – ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери алды-сатты шәртнамасынан келип шыққан. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте – ПК деп жүритиледи)ниң 386-статьясына муўапық, алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп (сатыўшы) товарды екинши тәреп (сатып алыўшы)ке мүлк қылып тапсырыў миннетлемесин, сатып алыўшы болса бул товарды қабыл қылыў ҳәм оның ушын белгиленген пул соммасын (баҳасы) төлеў миннетлемесин алады. ПК 420-статьясының биринши бөлимине муўапық, алды-сатты шәртнамасында сатыўшы товарды тапсырмастан алдын сатып алыўшы оның ҳақын толық яки қысман төлеў (алдыннан ҳақ төлеў) миннетлемеси нәзерде тутылған ҳалларда, сатып алыўшы товар ҳақысын шәртнамада нәзерде тутылған мүддетте, егер шәртнамада бундай мүддет нәзерде тутылмаған болса, усы Кодекстиң 242-статьясына муўапық белгиленген мүддетте төлеўи лазым. ПКниң 236-статьясына тийкар, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 14-июнде 22-санлы шәртнама (буннан кейин текстте – шәртнама деп жүритиледи) дүзилген. Усы шәрнамаға муўапық сатыўшы өзине тийисли товарды сатып алыўшыға мүлк қылып тапсырыў, сатып алыўшы болса товарды қабыл қылып алыў ҳәм ҳақын төлеў миннетлемесин алған. Даўагер тәрепинен шәртнама миннетлемелери орынланып, жуўапкерге 3 803 300 сомлық өнимди жеткерип берген. Бирақ жуўапкер тәрепинен 3 803 300 сом төлем усы күнге шекем әмелге асырылмаған. Бул истеги шәртнама, салыстырма дәлалатнама, есап-бет фактура ҳәм басқада ҳүжжетлер менен толық тастыйықланады. Сонлықтан, суд даўаның тийкарғы қарыз өндириў талабын тийкарлы деп есаплап 3 803 300 сомға толық қанаатландырыўды лазым деп есаплайды. Сондай-ақ, суд даўагердиң жуўапкерден төленбеген сомманың 50 пайызынан аспаған муғдарда есапланған 1 901 650 сом пеня өндириў талабын да тийкарлы деп есаплайды. ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын егер Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Бул жағдайда жуўапкер тәрепинен өним жеткерип бериў шәртнамасы бойынша алынған миннетлемелер мүддетинде толық орынланбаған. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Суд, пеняның толық көлемде қанаатландырылыўы жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсир ететуғынлығын, сондай-ақ, даўагер тәрепинен мүддетинде өндириў шаралары көрилмегенлигин итибарға алып, пеняны 30 пайызға кемейтирип 570 495 сомға қанаатландырыўды, пеняның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши, екинши ҳәм алтыншы бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 02-июндеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтан баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети төленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы, даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының 1 Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179, 203 -2035-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан даўагер «ХХХ» дийқан хожалығы пайдасына 3 803 300 сом тийкарғы қарыз, 570 495 сом пеня ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин он күн ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Т.Бекмуратов