Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/1856 Дата решения 10.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID d2b1d4c0-1322-499f-987b-28b2b25b6c2f Claim ID PDF Hash 2b0fd15b68a18583... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1856-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 10-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер банк ўәкили *** (2025-жыл 10-июль күнги 11/25-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили *** (2025-жыл 30-сентябрь күнги 30-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (кейинги орынларда палата деп жүритиледи) даўагер Өзбекстан Республикасы акционерлик-коммерциялық “***” мәпин қорғап, жуўапкер Тахыятас районы “***” ЖШЖнен 975 000 000 сом тийкарғы кредит қарыз, мүддети өткен 184 213 717,39 сом қарыз, мүддети өткен 111 163 000 сом процент, төленген почта қәрежетин ондириў, ондириўди гиреў мүлкине қаратыў, дәслепки сатылыў баҳасын белгилеў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Палата даўагер Өзбекстан Республикасы акционерлик-коммерциялық “***” мәпинде жуўапкер “***” ЖШЖнен 975 000 000 сом тийкарғы кредит қарыз, мүддети өткен 184 213 717,39 сом қарыз, мүддети өткен 111 163 000 сом процент, төленген почта қәрежетин ондириўди, ондириўди гиреў мүлкине қаратыўды, дәслепки сатылыў баҳасын белгилеўди сораған. Суд мәжилисине палата ўәкили келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўаның талаплары тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде жәмийетке тийисли көшпес мүлклер сатыўға шығарылғанын, бирақ еле сатылмағанын билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Суд, ис материалларын үйренип шығып, тареплер ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талапларын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПК 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын процентлер төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм жуўапкер орталарында 2022жыл 11-август күни дүзилген 152-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк тәрепинен жуўапкерге 60-ай мүддетке, 14% ставкада 1 950 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Бул кредит мақсети қурылыс үскенесин сатып алыў болып белгиленген. Кредит қайтымын тәмийинлеў мақсетинде банк ҳәм жуўапкер орталарында 2022-жыл 15-август күни ипотека шәртнамасы дүзилген. Ипотека шәртнамасына муўапық, жуўапкерге тийисли***да жайласкан улыўма майданы 4238 кв.м., пайдалы майданы 882,91 кв.м., кадастр нөмери ***болған имараты барқулла пайдаланыў ҳуқықы менен гиреўге қойылған. Тәреплердиң келисиминде гиреў мүлки 2 437 500 000 сомға баҳаланған. ПК 279-статьясына көре, гиреўге алыўшының (кредитордың) талапларын қанаатландырыў ушын өндириўди қарыздар гиреў менен тәмийинленген мәжбүриятты өзи жуўапкер болған жағдайларда орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған тақдирде гиреўге қойылған мал-мүлкине қаратыў мүмкин. Кредит шәртнамасының 2.4, 2.6-бәнтлерине муўапық, жуўапкер кредит, процент төлемлерин белгиленген график бойынша төлеп барыў миннетлемесин алған болсада, шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған. Даўагер банк мағлыўматында жуўапкердиң 2025-жыл 22-август күнине 975 000 000 сом тийкарғы кредит қарыз, мүддети өткен 184 213 717,39 сом қарыз, мүддети өткен 111 163 000 сом процент қарызлары бар екенлиги көрсетилген. Бул қарызлар сөндирилмегени себепли оны өндириў тийкарлы табылады. Себеби қарызларды төлеў ҳаққындағы даўагер банктиң жуўапкерге жоллаған талапнамасы ҳәм ескертиў хаты жуўапсыз қалған. Солай етип, суд жуўапкерден даўагер банк пайдасына 975 000 000 сом тийкарғы кредит қарыз, мүддети өткен 184 213 717,39 сом қарыз, мүддети өткен 111 163 000 сом процент, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул табады. Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў туўрысында» ғы Нызамының 54-статьясы 4-бөлиминде, гиреўге қойылған мүлк пенен тәмийинленген миннетлемелерди орынлаўда, өндириў усы мүлкке қаратылған жағдайда, гиреўге қойылған мүлк суд тәрепинен мәжбүрий түрде баҳалаўдан өткериледи ҳәм бул аукцион саўдаларындағы басланғыш реализациялаў баҳасы суд қарары менен баҳалаў ҳаққындағы есабатта анықланған муғдарда белгиленеди. Тәреплердиң ортасында гиреўге қойылған мүлктин баҳасы бойынша даўа болмағанлықтан, суд ипотека шәртнамасында көрсетилген баҳалаў суммадан келип шығып, гиреў мүлктиң аукционда басланғыш сатылыў баҳасын 2 437 500 000 сом муғдарында белгилеўди мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан өндирилиўи лазым. Сонлықтан жуўапкерден мәмлекет бюджетине даўа суммасының 2% есабынан мәмлекетлик бажы өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талаплары қанаатландырылсын. Тахыятас районы “***” ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы акционерликкоммерциялық “***” пайдасына 975 000 000 сом тийкарғы кредит қарыз, мүддети өткен 184 213 717,39 сом қарыз, мүддети өткен 111 163 000 сом процент, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Өндириў “***” ЖШЖне тийисли ***-жайда жайласкан улыўма майданы 4238 кв.м., пайдалы майданы 882,91 кв.м., кадастр нөмери *** болған барқулла пайдаланыў ҳуқықы менен гиреўге қойылған имаратына қаратылсын. Гиреў мүлктиң аукционда басланғыш сатылыў баҳасы 2 437 500 000 сом муғдарында белгиленсин. “***” ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 25 407 534,34 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов