← Назад
Решение #2885343 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1965-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 10-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер
сапластырыў басқарыўшысы **, жуўапкер пуқара **, үшинши шахс банк
ўәкили ** (2025-жыл 11-июнь күнги 499-санлы исеним хат тийкарында)
қатнасыўында, даўагер төлеўге қабилетсиз табылған Нөкис қаласы “***”
ЖШЖниң сапластырыў басқарыўшысы ***тиң жуўапкер Нөкис қаласы «**»
жеке исбилермен есабынан 20 450 000 сом қәрежетин өндириў ҳаққындағы
даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Даўагер төлеўге қәбилетсиз деп табылған “***” ЖШЖниң сапластырыў
басқарыўшысы *** экономикалық судына мүрәжат етип, жуўапкер «**» жеке
исбилермен есабынан 20 450 000 сом қәрежетин өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 26-сентябрь күнги уйғарыўы менен “**” жеке
акционерлик банки үшинши шахс сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисинде сапластырыў басқарыўшысы даўаның талабы
тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисинде ҳәзирги дәўирде жеке исбилермен
сыпатында шуғылланыў ушын берилген гуўалықтың мүддети 2023-жыл 31июль күни питип кеткенин, “***” ЖШЖниң баслығы болғанын ҳәм финанс
жәрдем пулларын өзи яғный жеке исбилермен есабына 2022-жыл 24-январь,
18-июнь күнлери әмелге асырғанын, финанс жағдайы жақсы емеслигин,
Ташкент қаласында қол ушы талапларын қылып атырғанын билдирип,
нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Үшинши шахс ўәкили суд мәжилисинде еки төлем тапсырықнамалары
арқалы жәми 20 450 000 сомның “***” ЖШЖнен «**» жеке исбилермен
есабына өткерилгенин билдирип, иске тийисли банк ҳүжжетлерин усынды.
Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, исте қатнасыўшы
шахслар ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның
талабын қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, Нөкис қалалық салық инспекциясы
қарыздар “***” ЖШЖтин төлеўге қәбилетсиз деп табыўды сораған.
Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 15-июль
күнги 4-2301-2503/**-санлы шешиўши қарарында қарыздар “***” ЖШЖти
төлеўге қәбилетсиз деп табылған, сапластырыў өндириси ашылған ҳәм
сапластырыў басқарыўшысы етип *** тайынланған.
1
Сапластырыў өндириси барысында, даўагер тәрепинен 2022-жыл 16июнь күнги финанс жәрдемин көрсетиў ҳаққындағы 7-санлы ҳәм 2022-жыл
20-январь күнги финанс жәрдемин көрсетиў ҳаққындағы 1-санлы
шәртнамаларына тийкар жуўапкердиң банк есап бетине 6 700 000 сом,
13 750 000 сом жәми 20 450 000 сом финанслық жәрдем пулларының
өткерилгени анықланған.
Бирақ ис ҳүжжетлерине финанс жәрдемин көрсетиў ҳаққындағы
шәртнамалар қосылмаған.
Дебитор қарызларын өндириў мақсетинде сапластырыў басқарыўшысы
судқа мүрәжат еткен.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 8-статьясы екинши
бөлими 1-бәнтине муўапық, нызамда нәзерде тутылған шәртнамалар ҳәм басқа
питимлерден, сондай-ақ, нызамда нәзерде тутылмаған болмаса-да, бирақ оған
қайшы болмаған шәртнамалар ҳәм басқа питимлерден пуқаралық ҳуқық ҳәм
миннетлемелер жүзеге келеди.
Усы Кодекстиң 109-статьясына тийкар, питимниң әпиўайы жазба
формасына жуўап бермегени оның ҳақыйқый емеслигине алып келмейди,
бирақ даўа шыққанда тәреплердиң питимниң дүзилгенлигин, мазмунын яки
орынланғанын гуўалардың көрсетиўлери менен тастыйықлаў ҳуқықынан
айырылады.
Тәреплер питимниң дүзилгенлигин, мазмунын яки орынланғанлығын
жазба яки басқа дәлиллер менен тастыйықлаўға ҳақылы.
Нызамда яки тәреплердиң келисиминде туўрыдан-туўры көрсетилген
жағдайларда питимниң әпиўайы жазба формасына жуўап бермегени оның
ҳақыйқый емеслигине алып келеди.
Ис ҳүжжетлерине баҳа берилген ҳалда даўаның жәми 20 450 000 сом
өндириў талабы тийкарлы табылады. Себеби банк ҳүжжетлеринде пуллардың
жуўапкер банк есап бетине өткерилгени тастыйықланады.
«**» жеке исбилерменге (**) 2021-жыл 12-июль күни берилген 1426560санлы гуўалық ис материалларына косылған. Бирақ гуўалықтын мүддети
2023-жыл 31-июль күни питкен.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 25статьясы екинши бөлимине муўапық, жеке исбилермен статусын жойтқан
пуқаралар қатнасыўындағы даўаларға байланыслы ислер, егер тийисли
тәртипте талаплар олардың алдынғы исбилерменлик жумыс-искерлигинен
келип шықса, судқа тийисли болады.
Суд, даўаның талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер
пайдасына 20 450 000 сом, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул
тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан өндирилиўи лазым.
Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 25,
118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
2
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талабы қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы пуқара ** есабынан төлеўге қабилетсиз табылған Нөкис
қаласы “***” ЖШЖниң пайдасына 20 450 000 сом, 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин.
Нөкис қаласы пуқара ** есабынан мәмлекет бюджетине 412 000 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов
3