Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2502/1865 Дата решения 10.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID a0ceced6-5508-4646-b9f8-5911c4ecfdd7 Claim ID PDF Hash 5aaa45df8e17c898... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2502/****-санлы экономикалық ис судья **** Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАР Беруний районы ****-жыл 3-октябрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы **** басшылығында, судья жәрдемшиси ****ң хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили **** (****-жыл 18-апрель күнги ****-санлы исеним хатқа тийкар) қатнасыўында, арза бериўши **** Республикасысалық басқармасының қарыздар “MUROD GLOBAL OIL” жуўапкершилиги шекленген жәмийетин төлеўге қәбилийетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыў **** арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди НЫҚЛАДЫ: **** Республикасысалық басқармасы (кейинги орынларда арза бериўши) судқа арза менен мүрәжат қылып, “MUROD GLOBAL OIL” жуўапкершилиги шекленген жәмийетин (кейинги орынларда қарыздар) төлеўге қәбилийетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўды сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан арза бериўши ўәкили арза талабын қоллап-қуўатлап, қарыздардың ****-жыл 27-август ҳалатына салықлар ҳәм жыйымлардан қарызы ****,****ды қурайтуғынлығын билдирип, қарыздарды төлеўге қәбилийетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды сорады. Қарыздар суд мәжилисине өз ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди ҳәм өзиниң жазба пикирлерин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде қарыздар суд мәжилиси **** тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер бар екенлигин есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда – ЭПК) **** ҳәм ****-статьяларына муўапық қарыздар ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд исте қатнасыӯшы арза бериӯши ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып арзаны қанаатландырыўды, қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды **** тапты. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, қарыздар (СТИР: ****) Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен ****-жыл 13-апрелде юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткизилип, уставы тастыйықланған.Қарыздардың мәнзили: Берунийрайоны, Туран МФЙ, ****көшеси, 5-жай.БаслығыҲамроев Руслан Чориевич. Қарыздардың ****-жыл 27-август ҳалатына салықлар ҳәм жыйымлардан қарызы ****,****ды қурайды. Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилийетсизлик ****»ғы Нызамы (кейинги орынларда – Нызам) 45-статьясының екинши бѳлимине тийкар мәмлекетлик салық хызмети органының ҳәм басқа ўәкилликли органның қарыздарға қарата төлеўге қәбилийетсизлик **** ис қозғатыў **** арзасына нызамшылыққа муўапық салықлар ҳәмде жыйымлар бойынша қарызды қайтарып алыў менен байланыслы ис-иләжлар кѳрилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша қылыныўы керек. Қарыздардың қарызын мал-мүлкинен ѳндириў **** арза бериўшиниң қарары шығарылып, Мәжбүрий орынлаў бюросы Берунийрайоныбѳлимине орынлаў ушын жиберилген. Мәжбүрий орынлаў бюросы Берунийрайоныбөлими мәмлекетлик орынлаўшысының қарары менен арза бериўшиниң жоқарыдағы қарарлары Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ****»ғы Нызамы 40-статьясының 3-бәндине тийкар қарыздардың пул қаржылары жоқлығы, мал-мүлки анықланбағанлығы ҳәм хатлаў имканияты болмағанлығы себепли орынлаўсыз қайтарылған. Нызамның ****-статьясына муўапық өз хызметин сапластырған қарыздар жеке тәртиптеги исбилермен яки сапластырылып атырған юридикалық шахстың баслығы жоқ ҳәм олардың жайласқан жерин (жасаў орнын) анықлаўдың имканияты болмаған жағдайда, жоқ қарыздарды төлеўге қәбилийетсиз деп табыў **** арза, кредиторлық қарызы муғдарына қарамастан, кредитор, ўәкилликли мәмлекетлик орган, мәмлекетлик салық хызмети органы яки басқа ўәкилликли орган тәрепинен берилиўи мүмкин. Қарыздардың мал-мүлкиниң жоқлығы мәмлекетлик орынлаўшының жоқарыдағы қарары менен тастыйықланады. Қарыздардың мал-мүлкиниң жоқ екенлиги, қарызын төлеў мүддети өткенлиги онда төлеўге қәбилийетсизлик белгилери бар деп есаплаўға, қарыздарды Нызамның ****-статьясына тийкар төлеўге қәбилийетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўға тийкар болады. Сондай-****, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң ****-жыл 1-февральдағы «**** процедураларын еледе әпиўайыластырыў ҳәм суд басқарыўшылары искерлигин түптен жетилистириў ис-иләжлары ****»ғы ПҚ-****-санлы қарарының 3-бәнди «г» киши бәндине тийкар суд басқарыўшыларын тайынлаў кредитор (кредиторлардың улыўма жыйналысы яки комитети) яки **** ислери бойынша ўәкилликли мәмлекетлик органы ямаса Ассоциация ҳәм оның **** дүзилмелери усынысы бойынша суд басқарыўшылары искерлигин рейтинг баҳалаўды есапқа алған ҳалда суд тәрепинен әмелге асырылады. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси ****-статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Суд қарыздардан Республика бюджетине базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында, яғный **** сум мәмлекетлик **** пул ҳәм арза бериўши пайдасына ис бойынша төленген **** сум почта қәрежетин өндириўди **** тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып, Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилийетсизлик ****»ғы Нызамы ****-статьясын ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси ****, ****, ****-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР TTИ: 1.Арза бериўшиниң талабы қанаатландырылсын. 2.Беруний районында жайласқан “MUROD GLOBAL OIL” жуўапкершилиги шекленген жәмийети төлеўге қәбилийетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табылсын ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиў баслансын. 3. “MUROD GLOBAL OIL” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен **** Республикасысалық басқармасының пайдасына **** сум почта қәрежети өндирилсин. 4.“MUROD GLOBAL OIL” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине **** сум мәмлекетлик **** пул өндирилсин. 5.Орынлаў хатлар берилсин. 6.Шешиўши қарар дәрҳал орынлаўға қаратылсын. 7.Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы **** Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ****. Судья Б.С.Убайдуллаев