Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2502/1868 Дата решения 10.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 871c3c22-7d78-46cb-a051-4b7df8d3dbe0 Claim ID PDF Hash 3197fac6df569dd1... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2502/****-санлы экономикалық ис судья **** Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Беруний районы ****5-жыл 10-октябрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы **** басшылығында, судья жәрдемшиси ****ың хаткерлигинде, даўагер ўәкили **** (****-жыл 21-август күнги MR****-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер **** Республикасы Мәмлекетлик активлер басқармасының жуўапкер “**** **** ****” жуӯапкершилиги шекленген жәмийети менен ****-жыл 2-май күнги ****а-санлы шәртнаманы бийкар етиў ҳәм жуўапкерден **** сўм жәрийма өндириўд сорағандаўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалиқ истисуд имәратында видеоконференцалоқа режиминдеги ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: **** Республикасы Мәмлекетлик активлер басқармасы (кейинги текстлерде даўагер деп жүритиледи) Беруний районлар аралық экономикалық судына даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “**** **** ****” жуӯапкершилиги шекленген жәмийети (кейинги текстлерде жуўапкер деп жүритиледи) менен дүзилген ****жыл 2-май күнги ****а-санлы шәртнаманы бийкар етиў ҳәм жуўапкерден **** сўм жәрийма өндириўди сораған. Судтың уйғарыўы мененМәмлекетлик мүлк объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайының **** Республикасы **** басқармасы (кейинги орынлардаүшинши шахсдеп жүритиледи)даўа предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында тартылған. Суд мәжилисинде қатнасқан даӯагер ӯәкили даӯа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисине жуўапкер ҳәмүшинши шахсўәкиллери келмеди, ѳзлериниң жазба пикирлерин усынбады. Суд исти Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейинги текстлерде ЭПК деп жүритиледи) **** ҳәм ****-статьяларына муўапық жуӯапкер ҳәмүшинши шахсўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд даӯагер ӯәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды **** тапты. Өзбекстан Республикасы Конституцияси 55-статьясының биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ****. Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги текстлерде ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм ****-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери алды-сатды шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң ****-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПКниң ****-статьясына муўапық, алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп (сатыўшы) товарды басқа тәреп (сатып алыўшы)ке мүлк қылып тапсырыў миннетлемесин, сатып алыўшы болса бул товарды қабыл етиў ҳәм оның ушын белгиленген пул суммасы (баҳасы)н төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер, жуўапкер ҳәмбалансда ****ы Мәмлекетлик мүлк объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайының **** Республикасы **** басқармасы орталарында ****-жыл 2-май күнги ****а-санлы алды-сатды шәртнамасы дүзилген.Шәртнаманың 1.1-бәндине муӯапық, сатыўшы (даўагер) қарыйдарға (жуўапкер) **** Республикасы,Әмиўдәрьярайоны, Күйик-көпир АПЖ, 25а-жайда жайласқан “Шарўашылық комплекси имәрәты” сатып алыў баҳасында және инвестиция ҳәм социал миннетлемелер менен сатыў миннетлемесин алған. Шәртнаманың3.1-бәнтине муўапық объектти сатып алыў баҳасы **** сўмдықурайды. Жуўапкер **** сўм дәслепки сатып алыў төлемин ****-жыл 2-июнь күнине шекем, қалған **** сўмтѳлемлерди тѳлеў кестесине кѳре тѳлеў миннетлемесин алған. **** жуўапкер тәрепинен ****,**** қарызы бүгинги күнге дейин толық тѳленбеген. Сонлықтан даўагер судқасудқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер менен ****-жыл 2-май күнги ****а-санлы шәртнаманы бийкар етиӯ, жуўапкерден **** сўм жәрийма өндириўди сораған. ФКнинг ****-статьясына тийкарланып егер бул Кодексда, басқа нызамларда ямаса шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, шәртнама тәреплердиң келисимине муўапық өзгертилиўи ҳәм бийкар етилиўи мүмкин. Тәреплерден биреўиниң талабы менен шәртнама суд тәрепинен тек ғана төмендеги жағдайларда өзгертилиўи ямаса бийкар етилиўи мүмкин: 1) екинши тәреп шәртнаманы кескин түрде бузса; 2) бул Кодекс, басқа нызамлар ҳәм шәртнамада нәзерде тутылған өзге жағдайларда. Тәреплерден биреўиниң шәртнаманы бузыўы екинши тәрепке ол шәртнама дүзиўде үмитлениўге **** болған заттан көп дәрежеде маҳрум болатуғын етип зыян жеткизиўи шәртнаманы кескин бузыў есапланады. Бир тәреп шәртнаманы орынлаўдан толық ямаса толық емес бас тартып, нызам ямаса тәреплердиң келисиминде оған жол қойылса, шәртнама тийислигинше бийкар етилген ямаса өзгертирилген есапланады. Соның менен бирге, ФКнинг ****-статьясына тийкар шәртнама қандай формада дүзилген болса, оны өзгертиў ямаса быйкарлаў туўрысындағы шәртлесиў де сондай формада дүзиледи, егер нызамшылықтан, шәртнама ямаса жумыс мәмилеси әдетлеринен басқаша тәртип келип шықпаған болса. Бир тәреп шәртнаманы өзгертиў ямаса бийкарлаў **** усынысқа екинши тәрепден бийкарлаў жуўабы алғанынан кейин ғана ямаса усынысда көрсетилген яки нызамда ямаса шәртнамада белгиленген мүддетте, бундай мүддет болмағанында болса - отыз күнлик мүддетте жуўап алмағанынан кейин, шәртнаманы өзгертиў ямаса бийкарлаў **** талапты судқа усыныўы мүмкин. Даўагердиң шәртнаманы бийкарлаў туўрысындағы усынысы жуўапкер тәрепинен **** қалдырылғанлығы истеги ҳүжжетлер, даўагер ўәкилиниң суд мәжилисиндеги көрсетпелери менен өз тастыйығын табады. Жуўапкер тәрепинен даўагерге ****,**** тийкарғы қарыз төлеп берилмегенлиги, шәртнама миннетлемелери кескин бузылғанлығы истеги алды-сатды шәртнамасы, төлеў кестеси, Беруний районлар аралық экономикалық судының ****-санлы экономикалық ис бойынша ****-жыл 17-декабрь күнги шешиўши қарары, даўагер ўәкилиниң суд мәжлисиндеги көрсетпеси менен тастыйықланады. Сонлықтан даўагердиң шәртнаманы бийкарлаў даўа талабы тийкарлы есапланады ҳәм оны қанаатландырыў, тәреплер арасындағы алды-сатды шәртнамасын бийкар етиў лазым. Даўагер шәртнаманың 7.3-бәнтине тийкар сатып алыў **** сўм тѳлемлериниң 15 пайызы муғдарында жуўапкерден **** сўм жәрийма өндириўди сораған. Шәртнаманың 7.3-бәнтине тийкар шәртнама қарыйдар айыбы менен бийкар етилген тәғдирде усы шәртнама бойынша сатып алыў ушын тѳленген пул қаржылар сатыўшы тәрепинен қайтарылады.Бунда сатыўшы сатып алыў ушын әмелге асырылған тѳлемлердиң 15 пайызы муғдарында жәрийма қоллаўы белгиленген. ПК ****-статьясының екинши бѳлимине тийкар қарыздар миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламаған ҳалларда тѳлейтуғын ҳәм қағыйда сыпатында қатаң пул суммасында есапланатуғын неустойка жәрийма есапланады. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының ****-жыл 15-июнь күнги“Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ****”ғы ****-санлы қарарының 4бәнди бойынша ПКниң ****-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-**** кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге **** екенлиги көрсетилген. Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин, даўагер тәрепинен қарызды ѳндириў **** ѳз **** кѳрилместен пеня муғдарының ѳсиўине жол қойғанлығын итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтип, **** сўм жәрийма өндириўди, пеня талабының қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. ЭПКниң ****-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Сол себепли, суд даӯа арзаны қысман қанаатландырыўды, тәреплер ортасындағы ****-жыл 2-май күнги ****а-санлы шәртнаманы бийкар етиӯди,даўагер пайдасынажуўапкерден **** сўм жәрийма, **** сўм почта қәрежетин өндириўди, жуўапкерден республика бюджетине жәрийма өндириў талабы бойынша даўа талабының 2 пайызы муғдарында **** сўм, шәртнаманы бийкар етиӯ талабы бойынша **** сўм, жәми **** сўм мәмлекетлик ****, исти видеоконференцалоқа режиминде көриў менен байланыслы Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозитине **** сўм суд қәрежетлерин ѳндириўди, даўа талапларының қалған бѳлимин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси ****, ****-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАРЕТТИ: Даӯа арза қысман қанаатландырылсын. Даўагер **** Республикасы Мәмлекетлик активлер басқармасы, жуўапкер “**** **** ****” жуӯапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм Мәмлекетлик мүлк объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайының **** Республикасы **** басқармасы орталарында ****-жыл 2-май күнгидүзилген****а-санлы шәртнама бийкар етилсин. Жуўапкер “**** **** ****” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер **** Республикасы Мәмлекетлик активлер басқармасының пайдасына **** сўм жәрийма, **** сўм почта қәрежети өндирилсин. Даўа талапларының қалған бѳлими қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер “**** **** ****” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине **** сўм мәмлекетлик **** өндирилсин. Жуўапкер “**** **** ****” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине **** сўм суд қәрежетлери өндирилсин. Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы **** Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ****. Судья ****