← Назад
Решение #2886153 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1858-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 10-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер банк
ўәкили Р.Мухтаров (2025-жыл 10-июль күнги 11/25-санлы исеним хат
тийкарында) қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы (кейинги орынларда палата деп жүритиледи) даўагер
Өзбекстан Республикасы акционерлик-коммерциялық «***” мәпин қорғап,
жуўапкер Тахыятас районы «****” жеке меншик кәрханасынан 372 167 000 ом
тийкарғы кредит, мүддети өткен 6 253 560,13 сом кредит, мүддети өткен
14 494 607,37 сом процент, төленген почта қәрежетин өндириў, өндириўди
гиреўдеги мүлкине қаратыў, дәслепки сатылыў баҳасын белгилеў ҳаққындағы
даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Палата даўагер Өзбекстан Республикасы акционерлик-коммерциялық
«***” мәпинде жуўапкер «****” жеке меншик кәрханасынан 372 167 000 ом
тийкарғы кредит, мүддети өткен 6 253 560,13 сом кредит, мүддети өткен
14 494 607,37 сом процент, төленген почта қәрежетин өндириў, өндириўди
гиреўдеги мүлкине қаратыўды, дәслепки сатылыў баҳасын белгилеўди сораған.
Суд мәжилисине палата ўәкили келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўаның талаплары тийкарлы
болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
тийисли тәртипте жуўапкердиң еки мәнзилине судтың уйғарыўы жиберилген.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд палата
ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд, ис материалларын үйренип шығып, даўагер банк ўәкилиниң
түсинигин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талапларын қанаатландырыўды
мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп
жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки
басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын процентлер төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм жуўапкер орталарында
2023-жыл 29-март күни дүзилген 3-санлы кредит шәртнамасына тийкар,
банк тәрепинен жуўапкерге 84-ай мүддетке, жыллық 14% ставкада 406
000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған.
Кредит мақсети бир дана
rd
T8W-маркалы Экскаватор
техикасын сатып алыў болып белгиленген.
Кредит шәртнамасының 2.3-бәнтине муўапық, жуўапкер кредит,
процент төлемлерин белгиленген график бойынша төлеп барыў
миннетлемесин алған болсада, шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбаған.
Иске қосылған банктың 2025-жыл 22-август күнги 08-02/248-санлы
мағлыўматында, жуўапкердиң 372 167 000 сом кредит, мүддети өткен
33 833 000 сом кредит, мүддети өткен 25 521 000 сом процент қарызлары
көрсетилген.
Бирақ даўа арзада жуўапкерден 372 167 000 ом тийкарғы кредит,
мүддети өткен 6 253 560,13 сом кредит, мүддети өткен 14 494 607,37 сом
процент өндириў талап қылынған.
Кредит қайтымын тәмийинлеў мақсетинде банк ҳәм жуўапкер
орталарында 2023-жыл 12-сентябрь күни гиреў шәртнамасы дүзилген. Гиреў
шәртнамасына муўапық, жуўапкерге тийисли 2023-жыл ислеп шығарылған,
двигатель №21217832, шасси №VR41 , реңи тоқ сары, мәмлекетлик белгиси
95ЕА695, 102-ат күшине тең болған
RD85W-маркалы Экскаватор гиреўге
қойылған. Тәреплердиң келисиминде гиреў мүлки 406 000 000 сомға
баҳаланған.
ПК 279-статьясына көре, гиреўге алыўшының (кредитордың) талапларын
қанаатландырыў ушын өндириўди қарыздар гиреў менен тәмийинленген
мәжбүриятты өзи жуўапкер болған жағдайларда орынламаған яки лазым
дәрежеде орынламаған тақдирде гиреўге қойылған мал-мүлкине қаратыў
мүмкин.
Қарызлар сөндирилмегени себепли оны өндириў тийкарлы табылады.
Себеби қарызларды төлеў ҳаққындағы даўагер банктиң жуўапкерге жоллаған
талапнамасы ҳәм ескертиў хаты жуўапсыз қалған.
Солай етип, суд жуўапкерден даўагер банк пайдасына 372 167 000 ом
тийкарғы кредит, мүддети өткен 6 253 560,13 сом кредит, мүддети өткен
14 494 607,37 сом процент, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул
табады.
Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар
ҳүжжетлерин орынлаў туўрысында» ғы Нызамының 54-статьясы 4-бөлиминде,
гиреўге қойылған мүлк пенен тәмийинленген миннетлемелерди орынлаўда,
өндириў усы мүлкке қаратылған жағдайда, гиреўге қойылған мүлк суд
тәрепинен мәжбүрий түрде баҳалаўдан өткериледи ҳәм бул аукцион
саўдаларындағы басланғыш реализациялаў баҳасы суд қарары менен баҳалаў
ҳаққындағы есабатта анықланған муғдарда белгиленеди.
Тәреплердиң ортасында гиреўге қойылған мүлктин баҳасы бойынша даўа
болмағанлықтан, суд ипотека шәртнамасында көрсетилген баҳалаў суммадан
келип шығып, гиреў мүлктиң аукционда басланғыш сатылыў баҳасын
406 000 000 сом муғдарында белгилеўди мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан өндирилиўи лазым.
Сонлықтан жуўапкерден мәмлекет бюджетине даўа суммасының 2%
есабынан мәмлекетлик бажы өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талаплары қанаатландырылсын.
Тахыятас районы «****” жеке меншик кәрханасынан Өзбекстан
Республикасы акционерлик-коммерциялық «***” пайдасына 372 167 000 ом
тийкарғы кредит, мүддети өткен 6 253 560,13 сом кредит, мүддети өткен
14 494 607,37 сом процент, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Өндириў «****” жеке меншик кәрханасына тийисли ҳәм гиреўге
қойылған 2023-жыл ислеп шығарылған, двигатель №21217832, шасси №VR41 ,
реңи тоқ сары, мәмлекетлик белгиси 95ЕА695, 102-ат күшине тең болған
RD85W-маркалы Экскаваторына қаратылсын. Гиреў мүлктиң аукционда
басланғыш сатылыў баҳасы 406 000 000 сом муғдарында белгиленсин.
«****” жеке меншик кәрханасына мәмлекет бюджетине 7 858 303,35 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы
күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар
үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов