← Назад
Решение #2886374 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1941-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
судья С.Ниязов
2025-жыл 9-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязов, даўагер
«***» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер "***" жуӯапкершилиги шекленген
жәмийетинен 3 170 400 сом тийкарғы қарыз, 409 999,44 сом пеня өндириў
ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлери менен бирге
әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығып, төмендегилерди
анықлады:
Даўагер “”***” акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер
"***" жуӯапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер
деп жүритиледи)нен 3 170 400 сом тийкарғы қарыз, 409 999,44 сом пеня
өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан
кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши бөлимине
муўапық егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў
муғдарының жигирма есесинен, жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата болса
базалық есаплаў муғдарының бес есесинен аспаса, даўа арзалар бойынша ислер
әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылады.
ЭПКниң
2034-статьясы
сегизинши
бөлимине
муўапық
суд
әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын
өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен
көрип шығады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Тәреплер орталарында 2024-жыл 5-июнь күни 162105-санлы электр
энергиясын жеткизип бериў ҳаққындағы шәртнама (буннан кейин текстте
Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген.
Шәртнаманың 1-бәнтине муўапық, даўагер жуўапкерге тутастырылған
тармақ арқалы электр энергиясын жеткерип бериў миннетлемесин алған,
жуўапкер болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў миннетлемесин алған.
Шәртнаманың 3.6-бәнтине муўапық, тутуныӯшыларға электр энергиясын
жеткерип бериӯ алдыннан ҳақы төлеӯ тийкарында әмелге асырылады.
Шәртнаманың 3.12-бәнтиниң төртинши хатбасына муўапық тутуныӯшыға
төлем мүддети өткен ҳәр бир күн ушын төлем мүддети өткен сумманың 0,1
пайызы муғдарында, лекин мүддети өткен төлем суммасының 50 пайызынан
аспаған муғдарда пеня есапланады.
ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.
Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берип, өзиниң
шәртнамадағы миннетлемесин орынлап келген, ал жуўапкер шәртнамаға
2
муўапық өз ўақтында тийисли төлемлерди әмелге асырмағанлығы ушын
пайдаланылған электр энергиясынан 3 170 400 сом қарызы пайда болған, өз
ўақтында төленбеген қарыз ушын 409 999,44 сом пеня есапланған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы керек.
ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәмийнаты шәртнамасына
муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл
қылынған энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ, шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
миннетлемесин алады.
Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 9-сентябрь күнги 0206/1593-санлы талапнамасы менен жуўапкер ескертилген болса да, төлемлер
әмелге асырылмаған.
Жуўапкердиң шәртнама миннетлемелери орынланбағанлығы истеги
ҳүжжетлер менен тастыйықланады.
Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 3 170 400 сом тийкарғы қарыз,
409 999,44 сом пеня өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды.
ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка
кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип
турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай
дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий
аҳўалы, сондай-ақ, кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек.
Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа
алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе.
Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007-жыл
15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым
дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы
пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы
Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң 326-статьясына муўапық суд
қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде
қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ, кредитордың мәпин
итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги
түсиндирилген.
Сонлықтан, суд пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тийгизиўин есапқа алып, пеня муғдарын 100 000
сомға кемейтириўди мақул табады.
Даўагердиң судқа усынған мағлыўматнамасына қарағанда жуўапкер 2025жыл 30-сентябрь күни 3 000 000 сом қарызын төлеген. Сонлықтан жуўапкерден
даўагерге 170 400 сом қарызын өндириўге жатады.
3
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши муўапық, суд қәрежетлери исте
қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес
түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 170 400 сом тийкарғы
қарызын, 100 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика
бюджетине жуўапкерден 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, даўаның
қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 2031–2035-статьяларын
басшылыққа алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
"***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан «***»
акционерлик жәмийети пайдасына 170 400 сом тийкарғы қарыз, 100 000 сом
пеня ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
"***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан республика
бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен кейин 10 (он) күн өтип нызамлы
күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўи (прокурор протест
келтириўи) мүмкин.
Судья
С.Ниязов