← Назад
Решение #2886451 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1946-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья С.Ниязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 9-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде,
даўагер ўәкили *** (2025-жыл 21-август күнги MR 01/01-12/2110-санлы
исеним хат тийкарында), үшинши шахс ўәкили *** (2025-жыл 3-январь
күнги 1/01-06-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер
***ның жуўапкер «***» ЖШЖнен 351 469 879,50 сом қарыз, оған есапланған
108 487 036,15 сом пеня, инвестиция киритиў миннетлемесин
орынламағанлығы ушын 550 000 000 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа
арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында, ашық суд
мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер *** (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «***» ЖШЖ
(буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 351 469 879,50 сом
қарыз, оған есапланған 108 487 036,15 сом пеня, инвестиция киритиў
миннетлемесин орынламағанлығы ушын 550 000 000 сом пеня өндириўди
сораған.
Судтың 2025-жыл 23-сентябрь күнги уйғарыўы менен Мәмлекетлик
мүлк объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайының Қарақалпақстан
Республикасы аймақлық басқармасы даўа предметине қарата ғәрезсиз
талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўа талабын қоллап-қуўатлап,
тәреплер орталарында дүзилген шәртнама бойынша жуўапкерге инвестиция
киритиў ҳәм бөлип-бөлип төлеў шәрти менен «Мазут сақлаўшы қоймахана»
сатылғанлығын, жуўапкер кесте бойынша төлемнен 351 469 879,50 сом қарыз
болғанлығын, оған 108 487 036,15 сом пеня есапланғанлығын, сондай-ақ,
жуўапкер инвестиция киритиў кестесине де әмел етпегенлиги ушын
550 000 000 сом пеня есапланғанлығын билдирип, даўаны қанаатландырыўды
сорады.
Суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған жуўапкер суд мәжилисине келмеди.
Сонлықтан, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,
170-статьяларына тийкар жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди лазым
тапты.
Суд мәжилисинде үшинши шахс Мәмлекетлик мүлк объектлеринен
нәтийжели пайдаланыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық
басқармасы ўәкили даўаны қанаатландырыўды сорады.
Суд
исте
қатнасыўшы
шахслар
ўәкиллериниң
берген
2
түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып,
төмендеги тийкарларға көре даўа арзаны қысман қанаатландырыўды
мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда –
ПК)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян
жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа
тийкарлардан келип шығады.
Бул
жағдайда
тәреплердиң
миннетлемелери
алды-сатты
шәртнамасынан келип шыққан.
ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер
ҳәм талаплар болмағанда ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа
талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 333-статьясы биринши бөлимине тийкар, қарыздар айыбы болған
жағдайда миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны
ушын, егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген
болса, жуўап береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлаў
ушын өзине байланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе,
ол айыпсыз деп табылады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 2февраль күни 745221/123-23-санлы алды-сатты шәртнамасы дүзилген.
Шәртнаманың 1.1-бәнтине тийкар, Әмиўдарья районы, Бердах АПЖ
аймағында жайласқан «Мазут сақлаў қоймаханасы» имаратын сатыўшыдаўагер тапсырыўға, ал сатып алыўшы-жуўапкер мәмлекет мүлкин алыўға
келискен.
Шәртнаманың 3.1-бәнтинде объект баҳасы 7 480 000 000 сомды
қураған ҳәмде усы сумманың дәслепки 35% яғный, 2 618 000 000 сомның
төлениўи 2024-жыл 2-март күнине шекем болып белгиленген. Сондай-ақ,
қалған 65% яғный, 4 862 000 000 сом белгиленген кесте бойынша төлениўи
нәзерде тутылған.
Шәртнаманың кестесиндеги төлемлер жуўапкер тәрепинен лазым
дәрежеде әмелге асырылмағаны себепли қарыздарлық келип шыққан.
Нәтийжеде даўагер қарыз ҳәм пеня өндириў талаплары менен судқа
мүрәжат еткен.
Шәртнаманың кестесиндеги төлемлер яғный, 13-18-төлемлери әмелге
асырылмаған. Сонлықтан 351 469 879,50 сом қарызды өндириў талабы
тийкарлы есапланады.
Қарыздарлықты ҳәм есапланған пеняларды төлеў ҳаққындағы 2025жыл 13-февраль күнги даўагердиң талапнамасы, 2025-жыл 17-февраль күнги
усынысы ҳәм 2025-жыл 7-август күнги хаты жуўапкерге берилген. Бирақ
төлемлер әмелге асырылмаған.
Шәртнаманың 7.3-бәнтинде төлемлер кешиктирилгенде ҳәр бир күнге
0.4% есабынан бирақ төленбеген сумманың 50% аспаған жағдайда пеня
төлеў белгиленген.
3
Сонлықтан, суд даўагердиң 108 487 036,15 сом пеня өндириў талабын
тийкарлы деп есаплайды.
ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған
неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги
көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар
миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып
атырған тәреплердиң мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери
итибарға алыныўы керек.
Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа
алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына
ийе.
Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки
лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым
мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң
326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң
орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий
аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын
кемейтиўге ҳақылы екенлиги түсиндирилген.
Сонлықтан, суд пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, пеня муғдарын
кемейтириўди ҳәм 15 200 000 сом пеня өндириўди мақул табады.
Сондай-ақ, даўа
арзада
жуўапкерден инвестиция
киритиў
миннетлемесин орынламағанлығы ушын 550 000 000 сом пеня өндириў
соралған.
Шәртнаманың 7.4-бәнтинде инвестиция киритиў миннетлемесин
орынлаў кешиктирилгенде ҳәр бир күнге 0.4% есабынан бирақ орынланбаған
миннетлеме суммасының 50% аспаған жағдайда пеня төлеў белгиленген.
Жуўапкер тәрепинен кесте бойынша инвестиция киритиў
миннетлемеси бузылған.
Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден инвестиция киритиў
миннетлемесин орынламағанлығы ушын 550 000 000 сом пеня өндириў
талабын тийкарлы деп есаплайды.
Бирақ, суд пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң мүлкий
аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, пеня муғдарын
кемейтириўди ҳәм жуўапкерден инвестиция киритиў миннетлемесин
орынламағанлығы ушын 77 000 000 сом пеня өндириўди мақул табады.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерге тийкар, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер пайдасына 351 469 879,50 сом қарыз, оған есапланған
15 200 000 сом ҳәм инвестиция киритиў миннетлемесин орынламағанлығы
4
ушын 77 000 000 сом жәми 92 200 000 сом пеня, 41 200 сом төленген почта
қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, республика бюджетине жуўапкерден 20 199 139 сом
мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ :
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер «***» ЖШЖнен *** пайдасына 351 469 879,50 сом қарыз,
жәми 92 200 000 сом пеня, 41 200 сом төленген почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер «***» ЖШЖнен республика бюджетине жуўапкерден 20 199
139 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине толғаннан соң орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест
келтириўге) бериўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов