← Назад
Решение #2886489 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 09 октябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова
басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, арза бериўши
ўәкили ХХХХХ (2025-жыл 09-октябрь күнги Р-06538-санлы исеним хат
тийкарында)тың қатнасыўында, арза бериўши Кегейли районы салық
инспекциясының қарыздар «ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин
әпиўайыластырылған тәртипте төлеўге қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы
арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
НЫҚЛАДЫ:
Арза бериўши Кегейли районы салық инспекция (буннан кейин текстте
арза бериўши деп жүритиледи) судқа арза менен мүрәжат етип, қарыздар
«ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин (буннан кейин текстте
қарыздар деп жүритиледи) әпиўайыластырылған процедура бойынша банкрот
деп табыўды сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан арза бериўши ўәкили арза талабын қоллапқуўатлап, қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге
қәбилетсиз – банкрот деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды сорады.
Қарыздар суд мәжилисине келмеди.
Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкердиң суд мәжилиси ҳаққында тийисли
тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин
есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси
(кейинги орынларда – ЭПК)ниң 128, 170-статьялары талапларына муўапық
жуўапкердиң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Суд исте қатнасқан шахстың түсиндирмесин тыңлап ҳәм ис бойынша
топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып
арзаны қанаатландырыўды, қарыздарды әпиўайыластырылған процедура
бойынша банкрот деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды мақул
тапты.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, қарыздар «ХХХХХ» ЖШЖти
(СТИР 311 423 836) 2024 жыл 26 июнь күни шѳлкемлестирилген болып, оның
баслығы Кдирбаев Назарбай Казахбай улы.
Қарыздардың 2025 жыл 16 сентябрь жағдайына салықлар ҳәм басқа да
мәжбүрий тѳлемлерден жәми қарызы 216 283 753,53 сомды қурайды.
Электрон базадан алынған мағлыўматларға қарағанда «ХХХХХ»
ЖШЖниң искерлик халаты - искерлик көрсетпей турған, ҳәрекетсиз кәрхана
екенлиги анықланды.
Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы
Нызамы (буннан кейин текстте Нызам деп жүритиледи) 45-статьясының екинши
бѳлимине тийкар мәмлекетлик салық хызмети органының ҳәм басқа ўәкилликли
органның қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў
1
ҳаққындағы арзасына нызамшылыққа муўапық салықлар ҳәмде жыйымлар
бойынша қарызды қайтарып алыў менен байланыслы ис-иләжлар кѳрилгенлигин
тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша қылыныўы керек.
Қарыздардың қарызын мал-мүлкинен ѳндириў ҳаққында арза бериўши
тәрепинен қарар(лар) шығарылып, мәжбүрий орынлаў бюросына орынлаў ушын
жиберилген.
Бирақ, мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен арза бериўшиниң
қарар(лар)ы Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар
ҳүжжетлерин
орынлаў
ҳаққында»ғы
Нызамы
40-статьясының
3-бәнтине тийкар қарыздардың мал-мүлки болмағанлығы себепли орынлаўсыз
қайтарылған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 1-февральдағы
«Банкротлық процедураларын еледе әпиўайыластырыў ҳәм суд басқарыўшылары
жумысларын түптен жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-4146-санлы
қарарының 1-бәнтине тийкар, салық хызмети органлары салықлар ҳәм жыйымлар
бойынша қарыздарлықты өндириў мүмкиншилиги болмағанлығы себепли
орынлаў ҳүжжетлери қайтарылған күннен баслап 30 күннен кешиктирместен
қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арза
менен судқа мүрәжат етиўи лазым.
Нызамның 241-статьясына муўапық өз хызметин сапластырған қарыздар
жеке тәртиптеги исбилермен яки сапластырылып атырған юридикалық шахстың
баслығы жоқ ҳәм олардың жайласқан жерин (жасаў орнын) анықлаўдың
имканияты болмаған жағдайда, жоқ қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп табыў
ҳаққындағы арза, кредиторлық қарызы муғдарына қарамастан, кредитор,
ўәкилликли мәмлекетлик орган, мәмлекетлик салық хызмети органы яки басқа
ўәкилликли орган тәрепинен берилиўи мүмкин.
Бул жағдайда қарыздардың мал-мүлкиниң жоқ екенлиги, қарызын төлеў
мүддети өткенлиги онда төлеўге қәбилетсизлик белгилери бар деп есаплаўға,
қарыздарды Нызамның 241-статьясына тийкар төлеўге қәбилетсизликтиң
әпиўайыластырылған процедурасы бойынша банкрот деп табыўға тийкар
болады.
Сол себепли, суд арза бериўшиниң талабын қанаатландырыўды,
қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилетсиз деп
табыўды ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаўды лазым тапты.
ЭПКниң 118-статьясының биринши бѳлимине муўапық, суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына
қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнти «в»
киши бәнтинде шѳлкемлер ҳәм пуқараларды банкрот деп табыў ҳаққындағы
арзалардан
базалық
есаплаў
муғдарының
3 есеси муғдарында мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы
суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында
барлық ислер бойынша даўа арза ҳәм арзалардан базалық есаплаў муғдарының
10 пайызы муғдарында почта қәрежети ѳндирилетуғынлығы белгиленген.
2
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025 жыл 2 июньдағы
«Ис ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы
ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025 жыл 1 августдан баслап базалық есаплаў
муғдары 412 000 сом етип белгиленгенлигин есапқа алып, суд қарыздардан
Республика бюджетине базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында, яғный
1 236 000 сом мәмлекетлик бажы пул ҳәм арза бериўши пайдасына ис бойынша
төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып, Өзбекстан Республикасы «Төлеўге
қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Нызамының 241-статьясын ҳәм Өзбекстан
Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179,
210-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
И:
Арза бериўшиниң талабы қанаатландырылсын.
Қарыздар
«ХХХХХ»
жуўапкершилиги
шекленген
жәмийети
әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилетсиз – банкрот деп
табылсын ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиў баслансын.
Қарыздар «ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан
Кегейли районы салық инспекция пайдасына 41200 сом почта қәрежети
өндирилсин.
Қарыздар «ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан
республика бюджетине 1 236 000 сом мәмлекетлик бажы пул өндирилсин.
Орынлаў хатлар берилсин.
Шешиўши қарар дәрҳал орынлаўға қаратылсын.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте
арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде
көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап
алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин.
Судья
З.Хасанова
3