Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/1908 Дата решения 09.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 2ef99fa4-fb13-4d0c-b886-a49128c63b72 Claim ID PDF Hash 867a1f20ce1b811b... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1908-санлы экономикалық ис судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 9-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер банк ўәкили *** (2025-жыл 3-январь күнги 3-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, ***ның даўагер "***" АЖ мәпинде жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер пайдасына 17 590 000 сом тийкарғы кредит қарызын, 1 305 269 сом пайыз өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: *** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер "***" АЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен даўагер пайдасына 17 590 000 сом тийкарғы кредит қарызын, 1 305 269 сом пайыз өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили қарыздарлық қысман төленгенлигин билдирип, даўаны қысман қанаатландырыўды сорады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128-статьясына көре, егер суд экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы өзине жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасын алғанлығы яки усы Кодексте нәзерде тутылған басқа усылда хабардар етилгенлиги туўрысында суд мәжилиси басланғанына шекем мағлыўматларға ийе болса, усы қатнасыўшы тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады. Экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы төмендеги жағдайларда да суд тәрепинен тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады, егер: уйғарыў жолланған шахс уйғарыўдың көширме нусқасын алыўдан бас тартқан ҳәм усы бас тартыў ҳаққында жазыў бар болса; суд тәрепинен юридикалық шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан орны (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мәкемеси судты хабардар еткен болса; уйғарыўдың көширме нусқасы суд тәрепинен электрон почта арқалы яки хабардар етилгенлик фактин тастыйықлаўшы басқа байланыс қуралларынан пайдаланған ҳалда жиберилген күннен баслап үш күн өткен болса. Палата суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етилген болыўына қарамастан суд мәжилисине ўәкили келмеди. 2 Жуўапкердиң судқа мәлим болған ақырғы жайласқан орны (почта мәнзили) бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы жуўапкерге мәнзилде болмағанлығы себепли тапсырылмаған, бул ҳаққында почта мәкемеси судты хабардар еткен. Сонлықтан, суд ЭПКниң 128, 170-статьяларына тийкар исти Палата, жуўапкердиң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмесин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды лазым тапты. Ис материалларына қарағанда, тәреплер орталарында 2023-жыл 28-август күни КД-Ю-01139-23-163-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға тийкар жуўапкерге қуяш панелин орнатыў ушын 36 ай мүддетке, жыллық 7% төлеў шәрти менен 33 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. ПКниң 736-статьясының екинши бөлимине көре, қарыз шәртнамасында қарызды бөлип (бөлип-бөлип) қайтарыў нәзерде тутылған болса, қарыз алыўшы қарыздың нәўбеттеги бөлегин қайтарыў ушын белгиленген мүддетти бузған жағдайда, қарыз бериўши қарыздың барлық суммасын тийисли пайызлары менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы. Егер қарыз шәртнамасында қарыз бойынша пайызларды қарыздың өзин қайтарыў мүддетинен алдын төлеў нәзерде тутылған болса, бул миннетлеме бузылған жағдайда, қарыз бериўши қарыз алыўшыдан қарыз суммасын тийисли пайызлары менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап қылыўға ҳақылы. Кредит шәртнамасының 2.6 ҳәм 4.7-бәнтлерине муўапық, төлеў кестесине тийкар жуўапкер кредит қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған. Кредит шәртнамасының 8.1-а-киши бәнтине муўапық, қарыздар кредит бойынша төлеў миннетлемелерин 60 календарь күн даўамында орынламағанда, кредитор кредит қарыздарлықты мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған. Нәтийжеде, 2025-жыл 9-сентябрь жағдайына жуўапкердиң мүддетли қарызы 17 590 000 сом, соннан мүддети өткен тийкарғы қарызы 3 4 390 000 сом, есапланған пайызы 1 305 269 сом, соннан мүддети өткен пайыз қарызы 816 393,16 сом, солардан жәми қарыздарлықтан 4 ай даўамында төленбеген қарызы 5 505 406,85 сомды қураған. Ис ҳүжжетлерине қарағанда, жуўапкер тәрепинен кредит ҳәм оған есапланған пайызларды төлеў миннетлемеси бузылған. Сонлықтан, даўагердиң даўа талабы тийкарлы есапланады. Даўагер тәрепинен судқа усынылған мағлыўматнамаға қарағанда, 2025жыл 9-октябрь жағдайына жуўапкердиң тийкарғы кредит қарызы 15 390 000 сом, пайыздан қарызы 1 217 335,61 сомды қурайды. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 15 390 000 сом тийкарғы кредит қарызын, 1 217 335,61 сом пайыз қарызын, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер "***" АЖ пайдасына 15 390 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 1 217 335,61 сом пайыз қарызы, төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов