Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1365 Дата решения 09.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 632e29e0-02f3-403c-b22b-ed98cfc1701b Claim ID PDF Hash bb0cd493b7704d84... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН Шымбай районы ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2025 жыл 09 октябрь Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, ХХХХ (2025 жыл 03 январь күнги 3-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасының даўагер акционерлик коммерциялық "ХХХХХ" мәпин қорғап, жуўапкер «ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 17 600 000 сом тийкарғы кредит қарызын, 2 054 432 сом пайыз, жәми 19 654 432 сом кредит қарызын ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде видеоконференцбайланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады : Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер акционерлик коммерциялық "ХХХХХ" (буннан кейин текстте даӯагер деп жүритиледи) мәпин қорғап, жуўапкер «ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нен 17 600 000 сом тийкарғы кредит қарызын, 2 054 432 сом пайыз, жәми 19 654 432 сом кредит қарызын ҳәм төленген почта қәрежетин өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Даўагер банк ўәкили суд мәжилисинде даўа арза талабын қоллапкуўатлады. Палата ҳәм жуўапкер тийисли тәртипте хабардар қылынған болсада, суд мәжлисине келмеди. Палата даўа арзасында исти өзиниң ўәкили қатнасыўсыз көриўди сораған. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170статьяларына тийкар исти Палата ўәқили ҳәм жуўапкердиң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмесин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа арза талабын қанаатландырыўды лазым тапты. Ис ҳүжжетлеринен анықланыўынша, тәреплер орталарында 2023 жыл 24 июль күни КД-Ю-01139-23-145-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға тийкар жуўапкерге қуяш панельлерин сатып алыӯға 36 ай мүддетке, Орайлық банктиң әмелдеги (процентлерди есаплаў дәўиринде) 1 қайта қаржыландырыў ставкасы + жыллық 7%. пайыз төлеў шәрти менен 33 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Шәртнаманың 2.9-бәнтинде мүддети өткен қарыздарлық бойынша әмелдеги ставка қайта қаржыландырыў ставкасын (мүддети өткен қарыздарлық ушын процентлерди есаплаў дәўиринде әмел ететуғын) есапқа алған ҳалда 1,5 есеге арттырылыўы белгиленген. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 744-статьясының биринши бөлимине тийкар бир тәреп-банк яки басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 736-статьясының 2-бөлиминде қарыз шәртнамасында қарызды бөлип қайтарыў нәзерде тутылған болса, қарыз алыўшы қарыздың нәўбеттеги бөлегин қайтарыў ушын белгиленген мүддетти бузған жағдайда, қарыз бериўши қарыздың барлық суммасын тийисли пайызлары менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап қылыўға ҳақылы. Кредит шәртнамасының 8.1-бәнти, “а”-кишик бәнтинде қарыз алыўшы кредит бойынша өз қарызларын төлеў мүддетлеринде қайтарыў уқыбын жоғалтқан ямаса төлемеген жағдайда, ҳәм бул жағдай төлеў мүддети бузылған ўақыттан баслап 60 күн даўамында даўам етсе, банк қарыз алыўшыдан кредит суммасы ҳәм басқа төленетуғын төлемлерди кешиктирмей, мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақықы бар екенлиги белгиленген. Жуўапкер тәрепинен кредит шәртнамасы бойынша белгиленген төлеў миннетлемеси орынланбаған. Нәтийжеде жуўапкердиң 2025 жыл 09 сентябрь халатына бес айга мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы 5 500 000 сом, мүддети өткен пайыз қарыздарлығы 1 327 520,55 сомды кўраған. Банктиң 2025 жыл 09 октябрьге берилген 1-9/2499-санлы мағлыўматнамасында жуўапкердиң мүддети өткен кредит қарыздарлығы пайыз қарыздарлығы менен қосып есаплағанда 8 861 383,56 сомды курайтуғынлығы көрсетилген. Бул жағдайда Палатаның жуўапкерден 17 600 000 сом тийкарғы кредит қарызын (соннан 11 000 000 сомды мүддетинен алдын), 2 054 432 сом пайыз қарызы (соннан мүддети өткен тийкарғы қарыздарлыққа есапланған пайыз 552 871,23 сом) өндириў талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырылыўы лазым. ЭПКныӊ 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген. 2 Исти көриў нәтийжеси менен, суд даўаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 17 600 000 сом тийкарғы (соннан 11 000 000 сом мүддетинен алдын) кредит қарызын, 2 054 432 сом пайыз (соннан мүддети өткен тийкарғы қарыздарлыққа есапланған пайыз 552 871,23 сом), жәми 19 654 432 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы, ис видеоконференцбайланыс режиминде көрилиўи менен байланыслы болған 103 000 сом суд қәрежетлерин Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суд депозит есабына өндириўди мақул тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза талабы қанаатландырылсын. «ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан акционерлик коммерциялық "ХХХХХ" пайдасына 17 600 000 сом кредиттен тийкарғы қарызы, 2 054 432 сом пайыз, жәми 19 654 432 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген 41 200 сом почта қарежети өндирилсин. «ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. «ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды депозит есабына 103 000 сом суд қәрежетлери өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 3