← Назад
Решение #2886756 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1850-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 09-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, жуўапкерден
баслық ** қатнасыўында, даўагер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик
активлерди басқарыў агентлиги жанындағы Мәмлекет мүлки объектлерден
нәтийжели пайдаланыў орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық
басқармасының жуўапкер Нөкис районы «**» шаңарақлық кәрханасы
орталарында дүзилген 704336/123-23-санлы, 704335/123-23-санлы, 704337/12323-санлы ҳәм 704338/123-23-санлы ижара шәртнамаларын бийкарлаў, бес күн
ишинде ижара объектин тасырыў миннетлемесин жүклеў ҳаққындағы даўа
арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў
агентлиги жанындағы Мәмлекет мүлки объектлерден нәтийжели пайдаланыў
орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы жуўапкер «**»
шаңарақлық
кәрханасы
орталарында
дүзилген
704336/123-23-санлы,
704335/123-23-санлы, 704337/123-23-санлы ҳәм 704338/123-23-санлы ижара
шәртнамаларын бийкарлаўды, бес күн ишинде ижара объектин тасырыў
миннетлемесин жүклеўди сораған.
Судтың 2025-жыл 09-сентябрь күнги уйғарыўы тийкарында «**» МПЖ
даўа предметине өз алдына ғарезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын
үшинши шахс сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисине даўагер ўәкили келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд
мәжилисинде даўаның талаплары тийкарлы болыўы себепли оны
қанаатландырыўды сораған.
Жуўапкер суд мәжилисинде нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Үшинши шахс ўәкили суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд палата
ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, жуўапкер ўәжин тыңлап,
даўаның талапларын қанаатландырмаўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК
деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан,
зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа
тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери ижара шәртнамасынан келип
шыққан.
Ис материалларына қосылған ҳүжжетлерге қарағанда даўагер ҳәм
жуўапкер орталарында 2023-жыл 13-июль күни мәмлекет мүлкин ижәраға
бериў ҳаққындағы 704336/123-23-санлы шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға
көре, ** имаратының 50,34 к.м. болған орны жуўапкерге ижәраға берилген.
Тәреплер орталарында 2023-жыл 21-июль күни мәмлекет мүлкин ижәраға
бериў ҳаққындағы 704335/123-23-санлы шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға
көре, ** имаратының 35,54 к.м. болған орны жуўапкерге ижәраға берилген.
Тәреплер орталарында даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2023-жыл 21июль күни мәмлекет мүлкин ижәраға бериў ҳаққындағы 704337/123-23-санлы
шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға көре, ** имаратының 20,27 к.м. болған
орны жуўапкерге ижәраға берилген.
Сондай-ақ, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2023-жыл 21-июль күни
мәмлекет мүлкин ижәраға бериў ҳаққындағы 704338/123-23-санлы шәртнамасы
дүзилген. Шәртнамаға көре, ** имаратының 11 к.м. болған орны жуўапкерге
ижәраға берилген.
Тәреплер ҳәм баланста сақлаўшы ** орталарында қосымша дүзилген
келисимлерде ҳақы төлеў ҳәм мүддетлери шешилген.
Төлемлер лазым дәрежеде әмелге асырылмағаны ушын даўагер
шәртнамаларды бийкарлаў ҳаққында жуўапкерге 2025-жыл 19-май күни 351/0106-санлы усыныс берген.
Усынысқа жуўап қайтарылғаны бойынша иске мағлыўмат қосылмаған.
Шәртнамалардың 2.3-бәнтине тийкар, бир жылдан кем болмаған
мүддетке дүзилген көшпес мүлк ижараға бериў шәртнамасы мәмлекетлик
дизимнен өткизилмегени оның ҳақыйқый емес деп есапланыўына себеп
болады.
ПК 111-статьясына тийкар жер участкалары ҳәм басқа көшпес мал-мүлк
пенен байланыслы питимлер (басқа шахсқа бериў, ипотека, узақ мүддетли
ижара, мийрасты қабыл етип алыў ҳәм басқалар) мәмлекетлик дизимнен
өткерилиўи керек.
ПК 112-статьясына тийкар питимниң нотариал формасына яки
мәмлекетлик дизимнен өткериў талабына әмел қылмаслық питимниң ҳақыйқый
емеслигин келтирип шығарады. Бундай питим өз-өзинен ҳақыйқый болмайды.
ПК 539-статьясы екинши бөлимине көре, көшпес мүлк ижарасы
шәртнамасы мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи лазым.
Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2011-жыл
1-декабрь күнги «Мүлк ижарасы шәртнамасына байланыслы пуқаралық нызам
ҳүжжетлери нормаларын экономикалық судлар тәрепинен қолланыўдың
айырым мәселелери ҳаққында»ғы 234-санлы Қарарының 10-бәнтинде, ижара
шәртнамасы ҳақыйқый емес деп табылғанда, Пуқаралық кодексиниң 114статьясында нәзерде тутылған ақыбетлер қолланылады ҳәм тәреплердиң ҳәр
бири басқасына шәртнама бойынша алған барлығын қайтарып бериўге мәжбүр.
Ижарашының алған заты мүлктен пайдаланыўда көрсетилгенлиги ушын ол
пайдаланыў қунын пул менен қайтарыўы шәрт. Бунда пайдаланыў баҳасы
ижара шәртнамасында белгиленген ижара ҳақысының муғдарынан келип
шығып анықланады, шәртнамада ижара ҳақысының муғдары нәзерде
тутылмаған жағдайларда болса пайдаланыў баҳасы Пуқаралық кодексиниң 356статьясына муўапық анықланады, деп түсиндирилген.
Ис ҳүжжетиндеги Мәмлекетлик кадастрлары Палатасы Қарақалпақстан
Республикасы басқармасының 2025-жыл 7-октябрь күнги 01/10-8784-санлы
хатында даўадағы ижара шәртнамасы мәмлекетлик дизимнен өтпегенлиги
көрсетилген.
Бундай жағдайда шәртнама өз-өзинен ҳақыйқый емес деп есапланады.
Сонлықтан даўаның шәртнамаларды бийкарлаў талаплары қанаатландырыўсыз
қалдырылыўға жатады.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының
9-статьясы биринши бөлиминиң 10-бәнтинде истеги даўагер мәмлекетлик бажы
төлеминен азат етилген. Сонлықтан мәмлекетлик бажы өндирилместен
қалдырылады.
Төленген почта қәрежети даўагер мойнында қалдырылыўы лазым.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўа арзаның шәртнамаларды бийкарлаў талаплары қанаатландырыўсыз
қалдырылсын.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза
бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов