Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1393 Дата решения 09.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID cdcb85c1-66f4-4e24-91d4-56f9fb4a4359 Claim ID PDF Hash fcaca4beb030c1a3... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХ-санлы экономикалық ис судья З.Хасанова Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 09 октябрь Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, Фермерлер кеңеси ўәкили ХХХХХ (2025-жыл 10-февраль күнги 68-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, Қараөзек фермерлер кеңесиниң "ХХХХХ" фермер хожалығы мәпин гөзлеп жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 26 308 000 сом үстеме пулын өндириўди сораған даўа арзасы бойынша исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады: Қараөзек фермерлер кеңеси (буннан кейин текстте – фермерлер кеңеси деп жүритиледи) "ХХХХХ" фермер хожалығы (буннан кейин текстте - даўагер деп жүритиледи)ның мәпин гөзлеп жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте - жуўапкер деп жүритиледи)нен 26 308 000 сом үстеме пулын өндириўди сораған. Суд мәжлисинде қатнасқан фермерлер кеңеси ўәкили даўа талапларын қоллап-қуўатлап, даўа арзаны толық қанаатландырыўды сорады. Тийкарғы даўагер фермер хожалығы баслығы ҳәм жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Суд истеги ҳүжжетлерде тийкарғы даўагер ҳәм жуўапкердиң суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда – ЭПК)ниң 128, 170-статьялары талапларына муўапық жуўапкердиң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд исте қатнасқан фермерлер кеңеси ўәкилиниң тусиндирмесин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып төмендегилерге тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты: Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге асырылады. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда-ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Ис ҳүжжетлерине қарағанда, даўагер ҳәмде жуўапкер орталарында пахта шийки өнимин сатып алыў бойынша 2021 жыл 26 март күни 80-санлы пахта шийки затын сатып алыў бойынша фьючерс шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 1.1-бәндине муўапық даўагер 2021-жылдың бизнес режесине тийкар 27,1 гектар жер майданынан “Чимбай-5018” сортлы, 71,1 тонна 1 пахта шийки өнимин жуўапкерге жеткерип бериў, ал жуўапкер болса усы өнимди келисилген мүддетлерде қабыл қылып алыў ҳәм белгиленген баҳа бойынша ҳақын төлеў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 4.4-бәндинде туқымлық пахта ушын туқымлықтың өниўшеңлиги 90 пайыздан жоқары болғанда сатып алыў баҳасына төмендеги яғный Элита ҳәм супер элита шигит ушын 100 пайыз, 1-репродукциялы шигит ушын (R1) 75 пайыз, 2-репродукциялы шигит ушын (R2) 50 пайыз ҳәмде 3-репродукциялы шигит ушын (R3) 25 пайыз мугдарында үстеме ҳақ төлеўге келисилген. Шәртнаманың 4.5-бәндинде хожалыққа жеткерип берилген өним баҳасының 100 пайызы есабынан терим ушын өткерилген пуллар ҳәм басқа қәрежетлер шегирилгеннен қалған бөлеги 2021 жылдың 31 декабрь сәнесине шекем толық төлеп берилиўи белгиленген. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 2-январь күнги 2-санлы “Республика аймақларында пахта-тоқымашылық ислеп шығарыўлары ҳәм кластерлери мекемелерине берилген майданларда туқымлық пахта шийки өнимин жетистириўди қаржыландырыў тәртиби ҳаққындағы Режени тастыйықлаў ҳаққында” қарарынына тийкар ислеп шығарылған Режениң 3-бабы, 16-бәнди “б” киши бәнди биринши ҳәмде екинши хатбасында биринши басқышта тапсырылған туқымлық пахта шийки өними ушын есапланған үстемениң 50 пайызы муғдарында пахта-тоқымашылық ислеп шығарыўлары қурамына кириўши туқымшылық хожалықларына пахта шийки өнимин тапсырған ўақытта төлениўи ҳәмде екинши басқышта туқымлық шигит егилгеннен (сатылғаннан) кейин үстемениң қалған 50 пайыз бөлеги 100 пайыз деп есапланып, соннан 10 пайызы пахта тоқымашылық ислеп шығарыў ыхтиярында қалдырылады, 40 пайызы олардың қурамына кириўши туқымлық фермер хожалықлары ыхтиярында қалдырылыўы белгиленген. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Өзбекстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң 2007-жыл 02-октябрдеги 89-санлы қарары менен тастыйықланған “Туқымлық пахта шийки өними жетистириў муғдарын анықлаў ҳәм оған тийкар шәртнамалар дүзиў тәртиби ҳаққында”ғы Нызамның 6-бәнди “б” киши бәндине муўапық “екинши басқышта – тапсырылған туқымлық пахта шийки өниминен таярланған ҳәм сыпаты Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы “Ўздавуруғназоратмарказ” тәрепинен сертификатланған туқымлық шигит ушын туқымлық жетистириўши хожалықларға ҳәм нав оригинаторлары болған илмий шөлкемлерге ҳәм туқымлықты таярлаўда қатнасқан басқа субъектлерге есапланған үстемениң қалған бөлеги – 100 пайыз деп есапланып, 10 пайызы туқымшылықты шөлкемлестириўде қатнасқан пахта тазалаў кәрханалары ықтыярында қалдырылады, 40 пайызы туқымлық пахта шийки өнимин жетистириўши хожалықлардың есапбетине ҳәм қалған 50 пайызы Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Ғоза туқымшылығы республика орайының есапбетине өткериледи ...” деп көрсетилген. “Туқымшылықты раўажландырыў орайы” мәмлекетлик шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы басқармасының 2025 жыл 06 август күнги 13/01161-санлы мағлыўматнамасында даўагерге 2021 жылда 3 544 000 сом, 2022 2 жылда 19 053 000 сом, 2023 жылда 3 711 000 сом жетистирилген туқымлық пахта шийки заттың 2-баскыш ушын, жәми 26 308 000 сом үстеме есапланғанлығы көрсетилген. “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 2021, 2022, 2023-жыл пахта ҳасылынан таярланған туқымлық шигит ушын 26 308 000 сом үстеме пуллары даўагерге төлеп берилмеген. Сонлықтан, суд даўагердиң даўа талабын тийкарлы деп есаплап, оның талабын толық қанаатландырыўды лазым тапты. ЭПК 118-статьясы биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Суд исти көриў нәтийжеси менен даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 26 308 000 сом үстеме, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 526 160 сом мәмлекетлик бажы ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти: Даўа арза талабы қанаатландырылсын. Жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер "ХХХХХ" фермер хожалығының пайдасына 26 308 000 сом үстеме пулы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети ѳндирилсин. Жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 526 160 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья З.Хасанова 3