Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/1950 Дата решения 09.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID e71bdb9a-1ff2-415b-b36a-641f912c7340 Claim ID PDF Hash f5e2cc717b26fa15... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1950-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР судья С.Ниязов 2025-жыл 9-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер банк ўәкили *** (2025-жыл 3-март күнги 40-02/30-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, ***ның даўагер АК «***» мәпинде жуўапкер "***" ЖШЖнен даўагер пайдасына 91 792 220,58 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығын өндириў ҳаққындағы даўа арзасын суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: *** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер АК «***» (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен даўагер пайдасына 91 792 220,58 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығын өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўа арзаны қоллап-қуўатлап, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер, Палата суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылғанлығына қарамастан суд мәжилисине келмеди. Лекин, даўа арзасында Палата исти ўәкилиниң қатнасыссыз көрип шығыўды сораған. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар исти жуўапкер, Палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмелерин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты. Ис материалларына қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 11-октябрь күни 216-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Кредит шәртнамасына тийкар жуўапкерге 84 ай (соннан жеңилликли дәўир 24 ай) мүддетке, жыллық 17,5% төлеў шәрти менен 900 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте - ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. 2 Кредит шәртнамасының 2.3 ҳәм 4.2.1-бәнтине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер кредит қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы нәтийжесинде жуўапкердиң 2025-жыл 12-сентябрь жағдайына 91 792 220,58 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығы жүзеге келген. Бул жағдайда, даўагердиң жуўапкерден кредит бойынша 91 792 220,58 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығын өндириў талабы тийкарлы есапланады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ үшинши бөлимине муўапық даўагер төлеўден белгиленген тәртипте азат етилген мәмлекетлик бажы, егер жуўапкер бажыдан азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес рәўиште жуўапкерден республика бюджет пайдасына өндириледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер банк пайдасына 91 792 220,58 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығын, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, жуўапкерден республика бюджетине 1 835 845 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер "***" ЖШЖнен даўагер АК «***» пайдасына 91 792 220,58 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер "***" ЖШЖнен республика бюджетине 1 835 845 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов