← Назад
Решение #2887194 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
судья З.Х.Хасанова
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис
Шымбай районы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025 жыл 09 октябрь
Шымбай районлараралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың
басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хәткерлигинде, даўагер
ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 09 октябрьдаги исеним хат тийкарында)тың
қатнасыўында,
Өзбекстан
Саўда-санаат
палатасы
Қарақалпақстан
Республикасы басқармасының даўагер “ХХХХХ” жуўапкершилиги
шекленген
жәмийетиниӊ
мәпин
қорғап,
жуўапкер
"ХХХХХ"
жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 35 928 566,80 сом тийкарғы карыз,
17 964 283 сом пеня, жәми 53 892 849,80 сомды барлық банк есап бетин
хатлаған ҳалда өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти суд
имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди
а нықлады:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер “ХХХХХ”
жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер "ХХХХХ" жуўапкершилиги
шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен
35 928 566,80 сом тийкарғы карыз, 17 964 283 сом пеня, жәми 53 892 849,80
омды барлық банк есап бетин хатлаған ҳалда
өндириўди сорап
экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен.
Даўагер ўәкили суд мәжлисинде даўа арза талабын қоллап-қуўатлады.
Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында Палата, жуўапкер тийисли
тәртипте хабарландырылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди.
Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал
кодекси(буннан кейин текстте ЭПК-деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьялары
талапларына муўапық исти Палата, жуўапкер ўәкиллери қатнасыўысыз көриў
мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд, даўагер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди
үйренип шығып, даўа талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық,
Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге
асырылады.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте
- ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң
шәртнамасынан келип шыққан.
миннетлемелери
хызмет
көрсетиӯ
1
ПКниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 703-статьясының биринши бөлиминде ҳак есесине хызмет
көрсетиӯ шәртнамасы бойынша орынлаӯшы буюртпашының тапсырмасы
менен мүлкий түрде болмаған хызметти көрсетиӯ, буйыртпашы болса усы
хызмет ушын ҳақы төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
ПКниң 705-статьясының биринши бөлиминде буйыртпашы өзине
көрсетилген хызметлер ҳақысын ҳакы есесине хызмет көрсетиӯ
шәртнамасында көрсетилген мүддетлерде ҳәм тәртипте төлеӯи шәртлиги
белгиленген.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында
2024 жыл 10 январь күни 2023-жылғы пахта егиў мәўсимине таярлаў
мақсетинде келтирилген туқымлық шигитлерди дәрилендириў хызметин
көрсетиў ҳақкында 11-санлы шәртнама дүзилген.
Тәреплердиң ортасында 2024 жылы 30 апрельде тастыйықланған 9-санлы
есапбети фактураға муўапық даўагер жуўапкерге 35 928 566,80 сомлық
туқымлық шигитлерди дәрилендириў хызмети көрсетилген.
Бирақ, жуўапкер көрсетилген хизметлер ушын ҳақысын төлемеген.
Даўагер тәрепинен жуўапкерге миннетлемелер шәртнамада белгиленген
мүддетлерде толық орынланбағанлығы себепли талапнама менен мүрәжат
етилген.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен талапнамаға жуўап берилмеген ҳәм
қарыздарлық тɵленбеген.
Нәтийжеде, Палата судқа даўагер мәпинде мүрәжат етип, жуўапкерден
35 928 566,80 сом тийкарғы карыз, 17 964 283 сом пеня, жәми
53 892 849,80 омды өндириӯди сораған.
Даўагер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынланған, бул
истеги шәртнама, счёт-фактура ҳәм баскада хүжжетлер менен толық
тастыйыкланады.
Сонлықтан, суд даўаның тийкарғы қарызын өндириўди сораған талабын
толық қанаатландырыўды лазым деп есаплайды.
Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги 670-I-санлы
“Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый
базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири
шәртнама мәжбүриятларын орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған
жағдайда екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп
береди деп түсиник берилген.
Палата шәртнаманың 4.2-бәнтине муўапық жуўапкерден жеткерип
берген өним ҳақысын өз ўақтында төлемегенлик ушын кешиктирилген төлеў
суммасының 0,5 пайызы муғдарында (480 күнге 30.04.2024 жылдан баслап 25.08.2025
жылға шекем ) 17 964 283 сом муғдарында пеня өндириўди сораған.
2
ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда
миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын егер
Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса,
жуўап береди.
Бул жағдайда жуўапкер тәрепинен шәртнамасы бойынша алынған
миннетлемелер мүддетинде толық орынланбаған.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы
яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери
ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў
дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге
ҳақылы екенлиги көрсетилген.
Пеня талабы тийкарлы.
Даўагер қарызларын өз ўақтында нызамшылықта белгиленген тәртипте
өндириў шараларын көрмеген, бул жағдайда даўагердин айбы менен
неустойканын өсиўине жол қойылғанын ҳәмде талап қылынған пеня көлеми
толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин мүлкий аҳыўалына кери тәсирин
тигизиўин есапқа алып, суд 4 000 000 сом пеня өндириўди, пеняның қалған
бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул табады.
Суд, даўагердиң қарыздарлықты жуўапкердиң барлық банк есап бетин
хатлаған ҳалда өндириўди сораған талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды
лазым деп есаплайды, себеби бул мәселе суд қарарының орынланыўы
даўамында тийисли ўәкилиқли уйымлар тәрепинен әмелге асырылады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 118статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде
олардың мойнына жүклетиледи, алтыншы бѳлиминде егер даўагер тәрепинен
билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ
оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған
ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң
кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка
суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына
жүклетилиўи лазым.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 35 928 566,80 сом
тийкарғы қарыз, 4 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин, Республика
бюджетине 1 077 857 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, даӯаның қалған
бөлегин қанаатландырыӯсыз қалдырыды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа
алып, суд
қарар етти :
3
Даўа талабы қысман қанаатландырылсын.
"ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан “ХХХХХ”
жуўапкершилиги
шекленген
жәмийети
пайдасына
35 928 566,80 сом тийкарғы қарыз, 4 000 000 сом пеня, төленген 41 200 сом
почта қарежети өндирилсин. Даӯаның қалған бөлеги қанаатландырыӯсыз
қалдырылсын.
"ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан Республика
бюджетине 1 077 857 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хат(лар) берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке
кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
4