Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/1864 Дата решения 09.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 1300590a-8a91-4be0-a101-e4a7ddec469e Claim ID PDF Hash 23b8f8ebc93230a4... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1864-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 09-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги жанындағы Мәмлекет мүлки объектлерден нәтийжели пайдаланыў орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының жуўапкер «***» ЖШЖнен 29 313 529.91 ом ижара төлемин, 3 218 935.98 сом пеня, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы ҚЛ А Д Ы: Даўагер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги жанындағы Мәмлекет мүлки объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судына мүрәжат етип, жуўапкер «***» ЖШЖнен 29 313 529.91 ом ижара төлемин, 3 218 935.98 сом пеня өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 17-сентябрь күнги уйғарыўы менен «***» АЖтин даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисине даўагер ўәкили келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд мәжилисинде даўаның талаплары тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сораған. Жуўапкер суд мәжилисине ўәкили келмеди. Үшинши шахс ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд мәжилисинде нызамлы шешим қабыл етиўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд палата ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты. Суд, ис ҳүжжетлерин үйренип, оларға ҳуқықый баҳа берип, тѳмендеги тийкарларғы кѳре даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул табады. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер 2 шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери ижара шәртнамасынан келип шыққан. ПК 535-статьясына муўапық, мүлк ижарасы шәртнамасы бойынша ижараға бериўши ижараға алыўшыға ҳақы есесине мал-мүлкти ўақтынша ийелик етиў ҳәм пайдаланыў яки пайдаланыў ушын тапсырыў миннетлемесин алады. ПК 544-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлерине муўапық, ижараға алыўшы мал-мүлктен пайдаланғанлық ушын ҳақыны өз ўақтында төлеп турыўы шәрт. Мал-мүлктен пайдаланғанлық ушын ҳақы төлеў тәртиби, шәртлери ҳәм мүддетлери мүлк ижарасы шәртнамасы менен белгиленеди. Ис материалларына қосылған ҳүжжетлерге қарағанда даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2025-жыл 04-июнь күни мәмлекет мүлкин ижәраға бериў ҳаққындағы 1050424/123-25-санлы шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға көре, истеги үшинши шахс-баланста сақлаўшыға тийисли имаратының 910,77 к.м. болған орны жуўапкерге ижәраға берилген. Тәреплер орталарында 2025-жыл 04-июнь күни мәмлекет мүлкин ижәраға бериў ҳаққындағы 1050449/123-25-санлы шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға көре, истеги үшинши шахс-баланста сақлаўшыға тийисли имаратының 1246,34 к.м. болған орны жуўапкерге ижәраға берилген. Тәреплер орталарында 2025-жыл 04-июнь күни мәмлекет мүлкин ижәраға бериў ҳаққындағы 1050448/123-25-санлы шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға көре, истеги үшинши шахс-баланста сақлаўшыға тийисли имаратының 61,85 к.м. болған орны жуўапкерге ижәраға берилген. Тәреплер ҳәм баланста сақлаўшы орталарында қосымша дүзилген келисимлерде ҳақы төлеў ҳәм мүддетлери шешилген. Даўагер тәрепинен шәртнама миннетлемелери орынланған, бирақ жуўапкер тәрепинен шәртнама миннетлемелери лазым дәреже орынламағанлығы нәтийжесинде ижара төлеминен қарыздарлығы жүзеге келген. Иске қосылған ҳүжжетлерде даўаның 29 313 529,91 сом қарыз өндириў талабы тийкарлы табылады. Бул жағдайлар истеги шәртнама, есабат ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Жуўапкер тәрепинен төлем әмелге асырылмағаны себепли қарыз өндириў талабы тийкарлы таьбылады. Себеби қарызды төлеў ҳаққындағы даўагер талапнамасы жуўапсыз қалған. ПК 539-статьясы екинши бөлимине көре, көшпес мүлк ижарасы шәртнамасы мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи лазым. ПК 112-статьясы биринши бөлимине көре, питимниң нотариал формасына яки оны мәмлекетлик дизимнен өткериў талабына әмел етпеў питимниң ҳақыйқый емеслигине себеп болады. Бундай питим өз-өзинен ҳақыйқый болмайды. 3 Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2011жыл 1-декабрь күнги «Мүлк ижарасы шәртнамасына байланыслы пуқаралық нызам ҳүжжетлери нормаларын экономикалық судлар тәрепинен қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 234-санлы Қарарының 10бәнтинде, ижара шәртнамасы ҳақыйқый емес деп табылғанда, Пуқаралық кодексиниң 114-статьясында нәзерде тутылған ақыбетлер қолланылады ҳәм тәреплердиң ҳәр бири басқасына шәртнама бойынша алған барлығын қайтарып бериўге мәжбүр. Ижарашының алған заты мүлктен пайдаланыўда көрсетилгенлиги ушын ол пайдаланыў қунын пул менен қайтарыўы шәрт. Бунда пайдаланыў баҳасы ижара шәртнамасында белгиленген ижара ҳақысының муғдарынан келип шығып анықланады, шәртнамада ижара ҳақысының муғдары нәзерде тутылмаған жағдайларда болса пайдаланыў баҳасы Пуқаралық кодексиниң 356-статьясына муўапық анықланады, деп түсиндирилген. Ис ҳүжжетиндеги Мәмлекетлик кадастрлары Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының 2025-жыл 07-октябрь күнги 01/10-8784-санлы хатында даўадағы ижара шәртнамалары мәмлекетлик дизимнен өтпегенлиги көрсетилген. Бундай жағдайда шәртнама өз-өзинен ҳақыйқый емес деп есапланады. Шәртнама өз-өзинен ҳақыйқый болмағанлығы себепли даўагердиң пеня өндириў талабы тийкарсыз есапланады. Солай етип, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 29313529,91 ом қарыз, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. ЭПК 118-статьясы үшинши бөлимине муўапық, даўагер төлеўден белгиленген тәртипте азат етилген мәмлекетлик бажы, егер жуўапкер бажы төлеўден азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес рәўиште жуўапкерден республика бюджети пайдасына өндириледи. Суд даўаның тийкарлы бөлегинен келип шығып (29 313 529,91 сом х 2%) республика бюджетине 586 270,60 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, даўаның тийкарсыз пеня бойынша даўагер мәмлекетлик бажыдан азат етилгенлиги себепли мәмлекетлик бажы өндирмеўди лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179 статьяларын қоллап, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. «***» ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги жанындағы Мәмлекет мүлки объектлерден нәтийжели пайдаланыў орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының 4 пайдасына 29 313 529.91 ом ижара төлеми, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. «***» ЖШЖнен республика бюджетине 586 270,60 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов