← Назад
Решение #2887491 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
09 октябрь 2025 жыл
Шымбай районы
Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың
басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хәткерлигинде, даўагер
ўәкили ХХХХХ (2024 жыл 22 ноябрьдаги 11-06/58-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер фермер хожалығы баслығы ХХХХХ қатнасыўында,
Өзбекстан Саўда санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасының даӯагер "ХХХХХ" акционерлик жәмийети мәпинде жуўапкер
“ХХХХХ”
фермер
хожалығынан
24 514 572 сом лизинг төлеминен тийкарғы қарызы, 5 728 394 сом пеня, жәми
30 242 966 сом өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай
районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде
видеоконференцбайланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди
а нықлады:
Өзбекстан Саўда санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер "ХХХХХ"
акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даӯагер деп жүритиледи)
мәпинде жуўапкер “ХХХХХ” фермер хожалығы (буннан кейин текстте
жуӯапкер деп жүритиледи)нан 24 514 572 сом лизинг төлеминен тийкарғы
қарызы, 5 728 394 сом пеня, жәми 30 242 966 сомды өндириўди сорап
экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен.
Судта қатнасқан даўәгер ўәқили даўа талабын қоллап-қуўатлады.
Суд мәжилисине қатнасқан жуўапкер даўа талабын тән алып, пеня
муғдарын кемейтиўди сорады.
Суд, тәреплер ӯәкиллериниң түсиндирмесин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қысман қанаатландырыўды
мақул тапты.
Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте
ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери лизинг шәртнамасынан келип
шыққан.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2024 жылы 18
апрель күни 24/01-4-894-санлы лизинг шартнамасы дузилген.
Шәртнамаға муӯапық даўагер жуўапкерге бир дана “ONSH-600”марқалы штангалы пуркагыш техникасын лизингге бериў, “Чимбой
Агросервис МТП” жуўапкершилиги шекленген жәмийети лизинг төлемлерин
төлеў мәжбуриятын алган.
Лизинг шәртнаманың 4.3-бәнтине көре, төлемлер шәртнаманың 1қосымшасында белгиленген тәртипте әмелге асырылыўы көрсетилген.
Бирақ, төлемлер лазым дәрежеде әмелге асырылмаған.
1
Иске қосылған даўагердиӊ мағлыўматнамаға тийкар, жуўапкердиң 2025
жыл 15 сентябрь халатына 24 514 572 сом лизинг төлеминен тийкарғы қарызы,
5 728 394 сом пеня, жәми 30 242 966 сом қарыздарлығы қурайтуғынлығы
көрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодексиниң (буннан кейин текстте
ПК деп жүритиледи) 587-статьясына муӯапық лизинг шәртнамасы бойынша
лизинг бериўши (ижарага бериўши) бир тәреп лизинг алыўшы (ижараға
алыўшы) екинши тәрептиң тапсырмасы бойынша сатыўшы үшинши тәреп
пенен оннан лизинг алыўшы ушын мүлк сатып алыў ҳаққында келисиў
миннетлемесин алады, лизинг алыўшы болса буның ушын лизинг бериўшиге
лизинг төлемлерин төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 597-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер лизинг
шәртнамасында басқаша тәртип белгиленбеген болса, лизинг алыўшы лизинг
төлемлерин өз ўақтында төлеўи, мүлктен оны жеткерип бериў шәртлерине
муўапық пайдаланыўы, оны саз ҳалда сақлаўы, өз есабынан гезектеги оңлаў
жумысларын орынлаўы, сақлаў бойынша басқа қәрежетлерди әмелге асырыўы
шәрт.
ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм
талаплар болмағанда-ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа
талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
Даўагер тәрепинен жуўапкерге миннетлемелер шәртнамада белгиленген
мүддетлерде орынланбағанлығы себепли талапнама менен мүрәжат етилген.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен талапнамаға жуўап берилмеген ҳәм
қарыздарлық тɵленбеген.
Нәтийжеде, Палата судқа даўагер мәпинде мүрәжат етип, жуўапкерден
24 514 572сом лизинг төлеминен тийкарғы қарызы, 5 728 394 сом пеня, жәми
30 242 966 сомды өндириӯди сораған.
Даўагердиң 2025 жыл 09-октябрь халатына берген 25-128- санлы
мағлыўматнамасында қарыздарлық төленбегенлиги көрсетилген.
Бул жағдайда, даўа талабының тийкаргы қарызды өндириў талабы
тийкарлы ҳәм қанаатландырылыўы лазым.
Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги 670-I-санлы
“Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый
базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири
шәртнама мәжбүриятларын орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған
жағдайда екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп
береди деп түсиник берилген.
Палата даӯа арзасында жуӯапкер тәрепинен лизинг шәртнамалардың
8.3-бәнтине
муӯапық
лизинг
төлемлерди
кешиктиргени
ушын
5 728 394 сом пеня өндириӯди сораған.
ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда
миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын егер
2
Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса,
жуўап береди.
Бул жағдайда жуўапкер тәрепинен шәртнамасы бойынша алынған
миннетлемелер мүддетинде толық орынланбаған.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы
яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери
ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў
дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге
ҳақылы екенлиги көрсетилген.
Пеня талабы тийкарлы. Бирақ, суд, пеня толық муғдарда өндирилиўи
жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсир ететуғынлығын, сондай-ақ, даӯагер
тәрепинен мүддетинде өндириӯ шаралары көрилмегенлигин итибарға алып,
пеня муғдарын кемейтиўди, пеня өндириў талабын 1 100 000 сомға
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясының биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде
олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген.
Жоқарыдағыларға тийкарланып, суд даўа талабын қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 24 514 572 сом лизинг
төлеминен тийкарғы қарызы, 1 100 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта
қәрежетин, республика бюджет пайдасына 604 859,32 сом мәмлекетлик бажы
өндириўди, даӯаның қалған бөлегин қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды мақул
тапты.
Өзбекстан Республикасы
ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
қарар
етти :
Даўа арза талабы қысман қанаатландырылсын.
“ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан Өзбекстан Республикасы
“Oz gr lizing”
акционерлик
жәмийетиниң
пайдасына
24 514 572 сом лизинг төлеминен тийкарғы қарызы, 1 100 000 сом пеня,
төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бɵлеги
қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
“ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан Республика бюджет пайдасына
604 859,32 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар)
берилсин.
3
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза
бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
4