← Назад
Решение #2887520 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1823-санлы экономикалық ис
судья С.Ниязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 9-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, Нөкис
қаласы прокурорының жәрдемшиси А.Арзымуратов, даўагер ўәкили***
(2025-жыл 6-март күнги ЖЕ-02-06/395-10-санлы исеним хат тийкарында),
жуўапкер ўәкили *** (2025-жыл 2-октябрь күнги 01-03/1300-санлы исеним
хат тийкарында)тың қатнасыўында, даўагер «***» акционерлик
жәмийетиниң жуўапкер ***нан жәми 6 540 000 сом қарызын өндириў
ҳаққындағы даўа арзалары бойынша қозғатылған экономикалық исти суд
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а нықлады:
«***» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, *** (буннан
кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 5 340 000 сом қарызын
өндириўди сораған. (4-2301-2504/1823-санлы экономикалық ис)
«***» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, *** (буннан
кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 1 200 000 сом қарызын
өндириўди сораған. (4-2301-2504/1824-санлы экономикалық ис)
Судтың 2025-жыл 18-сентябрь, 19-сентябрь күнги уйғарыўлары менен
Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги,
Ғазнашылық хызмети басқармасы даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар
менен арыз етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған.
Судтың 2025-жыл 9-октябрь күнги уйғарыўы менен еки ис бир иске
бирлестирилген ҳәм 4-2301-2504/1823-санлы экономикалық ис номери
берилген.
Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талабын қоллапқуўатлап, жуўапкер тәрепинен электр есаплағышты “ҲЭТ БИЛЛИНГ”
дәстүрине жалғамастан электр энергиядан пайдаланып атырғанлығы
анықланғанлығын, сол себепли базаға есапланбай қалған еки ис бойынша
6 540 000 сом қарыздарлық киритилгенлигин, судқа даўа арза берерде ҳәм
ҳәзирги күнде де жуўапкердиң электр энергия ушын төлеминен артықша
төлеми бар екенлигин, лекин акт жазылғанлығы себепли бул төлемлер
есабынан қарыз жабылмаслығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды
сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер ўәкили даўаны тән алмастан, ҳәр дайым
артықша төлем төлеп киятырғанлығын, электр есаплағышты “ҲЭТ
БИЛЛИНГ” дәстүрине жалғаў даўагер қәнигелериниң ўазыйпасы екенлигин,
олардың айыбы менен есапқа алынбаған энергия болса да бул
2
нызамбузыўшылық тийкарында пайдаланған энергия есапланбаслығын, тек
пайдаланған энергия ҳақысы есапланатуғынлығын, ал пайдаланған электр
энергиясы ушын болса артықша төлеми бар екенлигин, қарызы жоқ
екенлигин билдирип, даўаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор даўаның тийкарсыз екенлиги
ҳәм қанаатландырыўсыз қалдырыў лазымлығы ҳаққында пикир билдирди.
Үшинши шахслар суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында
хабардар етилген болса да, суд мәжилисинде өз ўәкилиниң қатнасыўын
тәмийинлемеди.
Сонлықтан,
суд
Өзбекстан
Республикасы
Экономикалық
процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,
170-статьяларына
тийкар
исти
үшинши
шахслар
ўәкиллериниң
қатнасыўысыз көриўди мақул тапты.
Суд исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмелерин, прокурор
пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги
тийкарларға көре даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул
тапты.
Ис ҳүжжетлерине қарағанда, даўагер қәнигелери тәрепинен жуўапкерге
тийисли электр есаплағышта электр энергиясынан пайдаланыў жағдайы
үйренилгенде, жуўапкер тәрепинен электр есаплағышты “ҲЭТ БИЛЛИНГ”
дәстүрине жалғанбастан электр энергиядан пайдаланып атырғанлығы
анықланған.
Үйрениў жуўмағы бойынша 2024-жыл 26, 27-сентябрь күнлери акт
рәсмийлестирилген ҳәм жәми 6 540 000 сом пайдаланылған электр энергиясы
төлеми есапланған.
Бул қарызды төлеў бойынша жуўапкерге талапнама берилген, лекин
жуўапкер тәрепинен төлем әмелге асырылмаған.
Сонлықтан, даўагер жуўапкерден жәми 6 540 000 сом қарызын өндириў
ҳаққында судқа даўа арза берген.
Судқа усынылған даўагердиң ҳүжжетлерине қарағанда, жуўапкер
даўагер алдында қарыздарлыққа ийе болмаған, керисинше артықша төлемге
ийе болған.
Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден жәми 6 540 000 сом қарызын
өндириў талабын тийкарсыз деп есаплайды.
ЭПКниӊ 68-статьясы биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр
бир шахс өз талаплары ҳәм қарсылықларына тийкар етип келтирип атырған
жағдайларды дәлилеўи керек.
ЭПКниӊ 72-статьясына көре, нызамшылыққа муўапық арнаўлы
дәлиллер менен тастыйықланыўы керек болған ис ҳалатлары басқа дәлиллер
менен тастыйықланыўы мүмкин емес.
ЭПК 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары
муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
3
Өзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы
Нызамының 19-статьясына көре, бир түрдеги бир неше талапты бир ис
жүритиўге бирлестирилгенде даўаның улыўма суммасынан келип шыққан
ҳалда мәмлекетлик бажы өндириледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, даўагер тәрепинен төленген почта қәрежетин өз мойнында
қалдырыўды, даўагерден республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик
бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
қарар етти :
Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
«***» акционерлик жәмийетинен республика бюджетине 412 000 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен
баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов